Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet2/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

2.Пәнниң предмети ҳәм ўазыйпалары. 
Ҳәр кандай пән ӛзиниң предметине, яғный иззертлеў объектине ийе 
болады. Мәселен, технология пәниниң предмети болып, химиялық 
элементлердиң қурамын үйрениў есапланса, машинасазлық пәни ушын 
машиналар механизмин характеристикасы болса, салық теориясы пәниниң 
предмети салық қатнасықларын (ҳәрекетин) үйрениў есапланады. Салықка 
тартыў пәнинде болса салықлар механизмин ҳәр тәреплеме үйрениўден 
ибарат. 
Пәнниң предмети салық қатнасықларын, ҳәрекетин үйрениўден 
ибарат. Бул қатнасықлар салық тӛлеўшилер (юридикалық ҳәм физикалық 
шахслар) менен салықты ӛз мүлкине айландырыўшы (салық алыўшы) 
мәмлекет ортасындағы қатнасықлар есапланады. Пәнниң мазмуны усы 


ортадағы қатнасықты терең үйрениў, оларды дурыс шӛлкемлестириўди 
тәмийнлеў болып табылады.Дурыс шӛлкемлестириў дегенде салық 
қатнасығында қатнасыўшы тәреплердиң экономикалық мәпин итибарға алыў, 
теңсалмақлылықты 
сақлаў 
киби 
қатнасықларды 
шӛлкемлестириў 
түсиниледи. Бул теңсалмақлылықты сақлаўда тәреплер әдалатлылық ҳәм 
инсаплылық принциплерине әмел қылыўы зәрүр. 
Кеңирек қылып айтқанда, бюджетке салықларды алыўда салық 
тӛлеўшилер мойнына артықша аўырлық жүклемеў, оларды ӛз ӛндирисинен 
мәпдарлығын сӛндирмеў, олардың дәстүрлери ҳәм режелерин тез-тез 
ӛзгерттириўмеў ҳәм басқаларға итибар бериў кӛзде тутылады. Бул жерде 
тәреплердиң дослық мүнәсибетте болыўы, базар экономикасы талапларына 
сай экономикалық қатнасықлар болыўын үйретеди. Пәнниң предметин терең 
үйрениў соны кӛрсетеди, қатнасықларда бир тәреплеме зорлық қатнасығы 
болғандай болса, екинши тәреп оған жуўап ретинде ӛз дәраматларын, басқа 
салық объектлерин ҳәр қыйлы жоллар менен жасырады. Бундай ҳалларда ҳәр 
кандай ҳуқуқый ҳүжжетлердиң де күши жетпей қалыўы мүмкин. 
Дәраматларды, салық объектлерин жасырыў ҳалаты ҳәм қатнасықларды 
бузады. 
Демек, салық теориясы пәнин терең үйрениў арқалы әмелиятта салық 
түсимлери режелерин табыслы орынлаў ўазыйпасына да ерисиў мумкин. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling