Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети “Финанс” кафедрасы
- 1. Салық теориясы пәнин оқытыўдың зәрүрлиги, оның басқа пәнлер менен ӛз ара байланысы
ӚЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ БИЛИМ МИНИСТИРЛИГИ Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети “Финанс” кафедрасы “САЛЫҚ ТЕОРИЯСЫ” Пәнинен ОҚЫЎ-МЕТОДИКАЛЫҚ КОМПЛЕКС 5230600 ―Финанс‖ тәлим бағдары ушын Нӛкис–2020 Мазмуны 1.Оқыў материаллары ……………………………………………………… 3 2. Ӛз бетинше жумыс материаллары ……………………………………… 168 3.Глоссарий ………………………………………………………………….. 185 4.Қосымшалар: -Пән дәстүри ………….……………………………………………………….195 -Исши пән дәстүри ………………………………………………………208 -Тарқатпа материаллар ……………………………………………………….216 -Тестлер ………………………………………………………………………. 225 -Исши пән дәстүрине муўапық баҳалаў критьериялары ………………….. 233 -Пәнниң ӛзине тән ӛзгешелигине байланыслы үйрениў бойынша басқада материаллар Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик Университети “Финанс” кафедрасы «Салық теориясы» пәни бойынша Оқыў материаллары 1-тема. «Салық теориясы» пәниниң предмети, мазмуны ҳәм оны үйрениў усыллары Таяныш сӛзлер Пәнниң предмети; пәнниң ўазыйпалары; салық қатнасықлары; салық ҳәрекетлери; базар экономикасы; объект; теория; мәмлекетлик бюджет; ўазыйпа; базар экономикасы нызамлары 1. Салық теориясы пәнин оқытыўдың зәрүрлиги, оның басқа пәнлер менен ӛз ара байланысы Салық теориясы пәниниң басқа пәнлердегидей ӛзине тән предмет ҳәм ўазыйпалары бар. Бул пәнди оқытыўдың зәрүрлиги базар экономикасы қатнасықлары ишинде салық қатнасықларының әҳмийети артып баратырғанлығынан келип шығады. Салық теориясы пәни салық ҳәрекетлерин терең үйрениў тийкарында зәрүрий жуўмақлар шығарып. Оларды әмелиятқа енгизиў жолларын үйретеди. Салық теориясы салық әмелиятындағы ең туўры, ең жетилискен ҳәм ең прогрессив ҳәрекетлерин үйренип алып, әмелият ушын бир дәстүрий әмелдей кӛрсетип барады. Теория ҳәрекетлерди әмелияттан алады ҳәм ең туўры, мақул ҳәм алдынғы тәжирийбелер алынып, әмелиятқа жол кӛрсетиў ушын ўйрениледи. Демек, теория әмелият ушын керек ҳәм әмелият ушын компас, барометр, жол баслаўшы ўазыйпасын орынлайды. Теориясыз әмелият жолдан адасқандай. Теорияны терең билген әмелиятшы хар кандай ӛзгерислерде де ислеп кете алады ҳәм жолдан адаспайды. Салық теориясы пәнин оқытыўдың зәрүрлиги әмелиятта жолдан адаспаў саналады. Керексиз салықларды енгизиў бойынша ӛзгерттириўлерге жол қоймаў, әмелиятта узақ келешекке қәдем таслаў ушын ҳәм үлкен жетискенликлерге ерисиў ушын да зәрүр. Салық теориясы пәни экономикалық теория пәни менен шеңберли байланыслы, оның арнаўлы бӛлими, яғный тереңлестирилген ҳәм кеңейттирилген бӛлими. Себеби салық теориясы нызамлықлары улыўма экономикалық теория нызамлықларынан шетке шығып кете алмайды, оларға тийкарланады ҳәм раўажландырылады. Салық қатнасықлары финанс қатнасықларының қурамлық бӛлими болғанлығы себепли, салық теориясы пәни ҳәм финанс теориясы пәни менен шеңберли байланыста. Салық теориясы пәниниң ӛзине тән ӛзгешеликлери салық тӛлеўшилер менен мәмлекет ортасындағы мәжбүрий характерге ийе болған пул қатнасықларын үйретеди. Салық теориясы пәни мәмлекетлик бюджет пәни менен де ӛз ара тығыз байланыслы. Себеби салықлар бюджет дәраматларын қәлиплестиреди. Салықлар (дәраматлар) болмаса бюджет қатнасықларының ӛзи болмайды. Бул пән сырт еллер салықлары, бухгалтериялық есап, салық ҳуқуқы пәнлери менен де шеңберли байланыслы. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling