Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


 Салыққа тартыў принциплерине тийисли экономист алымлардың кӛз


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet14/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

 
2. Салыққа тартыў принциплерине тийисли экономист алымлардың кӛз 
қараслары 
Салыққа тартыў системасының тӛмендеги принциплерин тәрийплеп 
ӛтиўимиз мүмкин: 
1. Жетерлилик принципи. Усы принципке муўапық салыққа тартыў 
дәрежеси сондай болыўы керек, ол мәмлекет талпынып атырған халқ 
хожалығы нәтийжелилигине ерисиўге кепиллик берсин. Салыққа тартыў 
системасы экономика, социаллық қорғаў, қорғаныў қәбилети ҳәм басқа 
тараўлардағы мәмлекет сиясатын әмелге асырыў ушын зәрүр болған финанс 
ресурслары топланыўын тәмийнлесин. Соны да айтып ӛтиў керек, салық 
ставкалары салық жүги кӛрсеткиши есапланбайды, себеби салық тӛлеўши 
салық тӛлер екен, мәмлекет тәрепинен пулсыз хызметлерден қанаатланған 
ҳалда ӛзиниң базы қәрежетлерин қысқартады. Мәселен, мәмлекет улыўма 
пайдаланыў жолларының ҳалаты жақсы сақланыўын тәмийнлеў менен салық 
тӛлеўшиниң транспорт қәрежетлерин кемейтеди, пулсыз билимлендириў, ден 
саўлықты сақлаўды тәмийнлеўи менен ӛз қәрежетлерин қысқартады, демек, 


ис ҳақы қәрежетлерин де кемейттирген болады. Солай етип, тӛлеген 
салықлардың тек ғана хызметлер кӛринисиндеги талап етилмеген бир 
бӛлими ғана салық жүги кӛрсеткиши есапланады. Жуўмақ қылып айтыў 
мүмкин, жетерлилик принципи салық сиясатын белгилеп атырғанда оны 
мәмлекеттиң қабыл қылынған социаллық-экономикалық сиясаты менен 
турақлы рәўиште уйғынластырыўды талап етеди. 
2. Исбилерменлик ҳәм инвестицияларды хошаметлеў. Салық системасы 
хожалық жүритиўши субъектлерди, соннан, шет ел субъектлерин, ӛндиристи 
раўажландырыў, үскенелер ҳәм заманагӛй технологиялар сатып алыў ушын 
қаржы сарплаўды, яғный капитал жамғарыў ҳәм усы жол менен 
технологияларды жетилистириў, бәсекиге шыдамлы ӛнимлер ӛндириўди 
хошаметлеўи лазым. 
Салық системасы ресурслардың нәтийжели бӛлистирилиўине тосқынлық 
қылмаўы ҳәмде хожалықты ғәрезсиз жүргизиў факторларын шеклеп қоймаўы 
лазым. Егер салықлар кӛп болғаны ушын исбилерменлердиң ӛндиристи 
кеңейтиўден, 
басқа 
түрдеги 
экономикалық 
хызмет 
кӛрсетиўден 
мәпдарлығына зыян жеткизсе, мәмлекет экономикасы пәске қарап кетиўи 
қәўпи туўылады. Салықлар муғдары ҳәдден тысқары үлкен қылып 
белгиленсе, ӛндирис кӛлеми кемейип кетеди, бул процес резервлер
банклардағы пул қаржыларының нәтийжели болмаўына, илгери топланған 
қаржылардың қунсызланып кетиўине алып келеди. 
Салыққа тартыў, егер ол, бириншиден, исши күшин ӛндириў ушын талап 
қылынатуғын дәрежеде сақлап турыўға зәрүр болған тутыныўдың минимал 
кӛлемине унамсыз тәсир етсе, екиншиден, мийнетке салыстырғанда 
экономикалық ҳәм материаллық хошаметлердиң ҳәрекет шеңберин тарайтып 
қойса, үшиншиден, жамғарма муғдарын кемейттирсе ҳәм қаржының 
топланыў процесин пәсейтсе, ӛндирис имканиятларын кемейтип жибериўи 
мүмкин. 
Салыққа тартыўдың кейинги еки унамсыз факторын терең кӛрип 
шығайық. 
Материаллық 
хошаметлеўлерге 
салыстырғанда 
салыққа 


тартыўдың унамсыз тәсир етиўи ис ҳақы системасында унамсыз белгилер 
пайда болыўында кӛзге тасланады. 
Жоқары 
дәрежеде 
дифференциялланған 
салық 
ставкаларының 
қолланылыўы нәтийжесинде ислеўши тәрепинен усы материаллық 
хошаметти қабыл қылыўдағы әпиўайылық ҳәм унамлылық кӛлеми тарайып 
қалады. 
Салыққа тартыў базасы ҳәм оның кӛлемлерин натуўры белгилеў 
ислеўшилердиң қәнийгелигин жоқарылатыўға, рационализаторлық ҳәм ойлап 
табыўшылық хызмети менен шуғулланыўға ҳәм басқа тараўларға болған 
умтылыўына унамсыз тәсир етеди, себеби - мийнетке тӛленетуғын ҳақы 
муғдары, ҳақыйқый мийнет қәрежетлериниң қурамалылығы ҳәм ӛзгешелиги 
парқсыз болып қалады. 
Салыққа тартыўдың экономикалық факторларға тәсири еки түрли 
кӛринисте болады салыстырмалы ақыбет ҳәм дәрамат ақыбети формасында 
аңлатылады. Салыстырмалы ақыбет мийнет нәтийжелери, жамғарыў, 
инвестициялаў, жаңа идеяларды енгизиў ҳәм ӛндирис хызметиниң басқа 
түрли кӛринислери менен шуғулланыў ушын салыстырмалы кемирек 
дәрежеде хошаметлеўде кӛринеди. Әсиресе, прогрессив (артып барыўшы) 
салыққа тартыўда бундай ақыбеттиң хошаметлеўге кери тәсири анық 
аңлатылады. 
Дүньядағы бир қатар мәмлекетлерде капиталдан келген дәрамат ҳәм 
тутыныўға қарап салыққа тартыўды кӛзде тутқан салық реформасы 
ӛткерилмекте. Салыққа тартыўдың унамсыз тәсирин тегислеў мақсетинде 
исши күшин усыныс етиў тараўында ис ҳақы кӛринисиндеги дәраматлардан 
алынатуғын салықлардың ең жоқары қылып белгиленген ставкалары 
пәсейттирилмекте. Жамғарыў ҳәм инвестициялаўға салықлардың тәсир етиўи 
бойынша да белгили табысларға ерисилди. 
Салықлардың тәсири инвестициялар қурамында да анық сезиледи. Түрли 
кӛринистеги активлер ушын енгизилген ҳәр қыйлы салық тәртиплери 
инвестиция имканиятлары ҳәм инвесторлардың портфели қурамында 


сезилип қалады. Салық системасындағы кемшилик ҳәм жетиспеўшиликлер 
экономикалық ӛсиў пәтлериниң пәсейип кетиўине алып келиўи мүмкин, бул 
жағдай ақыр соңында мәмлекет бюджети дәраматларының ӛзгериўине де 
тәсир етпей қалмайды. 
Егер 
жабық 
экономика 
шәраятында 
салық 
системасы 
үй 
хожалықларындағы жамғармалар дәрежесиниң пәсейип кетиўине алып 
келген болса, ол ҳалда бир тегис процент ставкасы асқан, бул болса 
инвестиция капиталына талаптың кемейиўи тәсир кӛрсеткен болады. Ашық 
экономикада болса, жамғармалардан алынатуғын дәрамат салықлары 
инвестицияларға шекленген дәрежеде тәсир қылады, себеби бунда шет елден 
капиталдың кӛбирек ағып келиў имканияты бар, себеби, шет елли инвестор 
дүнья базарында жоқары есапланған ставканы гӛзлейди. Бирақ бундай 
ҳалатта капиталға болған меншиклик ҳәрекетке келеди. Буған мысал 
сыпатында Япониядан капиталдың АҚШқа ағып ӛткенлигин кӛрсетиў 
мүмкин, АҚШта капиталдан пайдаланғанлық ушын процент ставкасы пәс 
болған. Усы ўақытта АҚШта резидентлер жамғармаларын салыққа тартыў 
ставкасы Япониядағыға қарағанда жоқары еди. 
3. Салыққа тартыўдың әдалатлылық принципи. Әдалатлылық 
принциплерине муўапық, салықлар жәмийет тәрепинен ақылға муўыпық ҳәм 
әдалатлы деп тән алынған улыўма объектив қағыйдаларға қарай белгилениўи 
лазым. Әдалатлылық принципи бир қанша тийкарғы топардағы салыққа 
тартыў принциплерине бӛлинеди. Буларды еки топарға бӛлген ҳалда үйрениў 
мақсетке муўапық. Бунда горизонтал ҳәм вертикал әдалатты бир-биринен 
парқлаў лазым. Горизонтал әдалат принципи дәрамат алыўдың түрли 
шәраятларында салық тӛлеўшилерге салыстырғанда салыққа тартыўдың 
шама менен тең шәртлерин қолланыўды кӛзде тутады. 
Вертикал әдалат дегенде, хожалық жүргизиўдиң бир қанша аўыр 
шәраятларында ислеп атырған субъектлер ушын салыққа тартыўдың бираз 
жумсартылған шәртлерин, жеңил дәрамат алыў имканиятына ийе болған 
субъектлер ушын болса аўырлаў шәртлерди қолланыў түсиниледи. 


Салықлардың хошаметлеў функциясын орынлаў шеңберинде екинши 
принцип бузылыўы мүмкин. Мәселен, халқ тутыныў товарларын ӛндириўди 
хошаметлеў мақсетинде оларды ӛндириў бойынша салыққа тартыўда бираз 
жеңилликли шәртлер яки буның керисинше вино-арақ ҳәм темеки ӛнимлерин 
тутыныўды шеклеў ушын олардан алынатуғын жанапай салықлардың 
жоқары ставкалары белгиленген ҳаллар да болады. 
Социаллық әдалат принципин әмелге асырыўға түрлише қараў мүмкин. 
Егер салықларды топланған салықлар есабынан әмелге асырылатуғын 
мәмлекет дәстүрлеринен соңан ала пайда кӛретуғын шахслар тӛлесе, ол 
жағдайда әдалатлы деп есапланады. Айтайық, транспорт қуралларына 
салықлардан түсетуғын қаржыны мәмлекет үлкен жолларды ремонтлаўға яки 
қурыўға сарпласа, буннан салық тӛлеўшилердиң ӛзлери - автомобил ийелери 
мәп кӛреди. Бирақ бундай кӛз қарасты кең кӛлемде әмелге асырыўдың иләжы 
болмайды. Ҳуқуқ қорғаўды беккемлеў, билимлендириўди раўажландырыў, 
қоршаған орталықты қорғаўдан анық рәўиште ким кӛбирек пайда кӛриўин 
қандай қылып есаплап шығыў мүмкин? Ҳәттеки пулсыз ден саўлықты сақлаў 
дәстүрлеринен тийкарынан кӛп балалы шаңарақлар, кексе ҳәм бийтап 
пухаралар пайдаланыўлары анықлап шығылған жағдайда да усы мақсетлер 
ушын арнаўлы салықларды тап солардың ӛзинен ӛндириўди талап қылыў 
әдалаттан болама? 
Әмелиятта басқаша кӛз қараслар бир қанша кеңирек қолланылады, оған 
кӛре тӛлеў қәбилети принципи тийкар қылып алынады: салық тӛлеўшиниң 
дәраматы қаншама жоқары болса, оннан сонша кӛп муғдарда салық 
ӛндириледи. Буның мәниси, бардамлы 
адамлар 
пулсыз мектеп 
ағартыўшылық, миллий қорғаныў, ден саўлықты сақлаў ҳәм басқа тараўлар 
ушын бир қанша жоқары экономикалық жуўапкершиликти сезиўлери лазым, 
себеби олар камбағалларға салыстырғанда кӛбирек тӛлеўге имканиятлы. Бай 
адамлар пулсыз мәмлекет дәстүрлеринен пайдаланама, егер пайдаланса, қай 
дәрежеде - буның әҳмийети жоқ. Тийкарын алғанда, ӛзине тоқ адамлар тәлим 
бериў ҳәм хызмет кӛрсетиў жақсырақ жолға қойылған мектеп ҳәм 


емлеўханаларды таңлайды. Бундай тӛлеў қәбилети концепциясы АҚШ салық 
сиясатында кең тарқалған. 
Бирақ әмелиѐтда салыққа тартыўдың усы концепциясы тез-тез үлкен 
қыйыншылықларға дус келип турады. Жылына 100 мың доллар дәрамат 
алатуғын киси жылына 10 мың доллар дәрамат алатуғын кисиге қарағанда 
кӛбирек салық тӛлеўге ылайық, деген пикирге қосылыў мүмкин. Бирақ бунда 
биринши киси екиншисине қарағанда неше есе кӛп салық тӛлеў имканиятына 
ийе, деген мәселе анық емес. Бардамлы адам ӛзиниң дәраматынан сол есени 
ҳәм абсолют үлкен сумманы тӛлейме яки салық сыпатында улыўма кӛбирек 
есени тӛлейме? Әттең, анық бир адамның салық тӛлеў имканиятларын ӛлшеў 
ушын илимий тийкарланған қандай да бир усыллар жоқ. Әмелиятта буған 
жуўап, усыныслар ҳәм шамалар эмпирик жол менен яки ҳүкиметтиң 
дәраматларға болған гезектеги мүтәжликлери, сиясый кӛз қараслар 
тийкарында пайда болады. 
Салыққа 
тартыўдағы 
әдалатлылық 
принципи 
базы 
ҳалларда 
бӛлистириўдеги социаллық әдалат принципи кӛринисинде пайда болады. Бул 
принципти дәраматлардың тең рәўиште бӛлистириў, теңлестириў деп 
түсинбеў керек. Нызам алдында теңликке бойсынылыўы, социаллық 
сайланыўларға, раса ҳәм динге мүнәсипликке тийкарланған жеңилликлердиң 
бийкар етилиўи, инсан тийкарғы ҳуқуқларға бирдей ийе болыўы киби теңлик 
принциплери болып, олар Ӛзбекстан Республикасы Конституциясында 
беккемлеп қойылған ҳәм бул принциплерге қәдирятлардың социаллық 
системасында турақлы әмел қылыў лазым. Материаллық теңлик, яғный 
дәраматлар, мүлк, тутыныў тараўындағы теңлик ҳаққында гәп болса айтыў керек, 
бундай теңликке ерисип болмайды. Мәмлекет ҳәм жәмийет барлық пухаралар 
жақсы турмыс кешириўлери ушын зәрүр шәр-шәраят жаратып бериўи керек, 
әлбетте, салыққа тартыў системасы болса келешекке мӛлшерленген режеде 
халықтың пәраўанлығын улыўма тәризде әмелге асырыў арқалы жәмийеттиң 
тӛменги қатламларының аҳўалы үзликсиз рәўиште жақсыланып барыўына тәсир 
етиўи зәрүр. 


4. Апиўайылық ҳәм бийтәреплик. Бул принцип салыққа тартыў базасын 
анықлаўда, салықларды есаплап шығыўда әпиўайылық болыўын, 
тапсырылатуғын есабатлардың мазмунын әпиўайыластырыўды, сондай ақ 
салықлардың ең әҳмийетли түрлери бойынша бирден-бир ставкалар 
белгилеўди, берилетуғын жеңилликлерди иләжы барынша кемейтиўди кӛзде 
тутады. Бул орында нәзерде тутылатуғын нәрсе, салықлардың хошаметлеў 
функциясы шеңберинде берилетуғын жеңилликлер жеке тәртиптеги 
ӛзгешеликке ийе болмаўы, бәлким белгили хызмет түрлерин хошаметлеўге, 
салық тӛлеўшилердиң меншиклик формасы ҳәм қайсы тараўға 
тийислилигине қарамастан, белгили түрдеги ӛнимлерди ӛндириўди 
кӛбейтиўге қаратылыўы лазым. Базы тараўларда пайда болатуғын мәмлекет 
тәрепинен қоллап-қуўатлаўға зәрүрликти қанаатландырыўды бюджет-кредит 
сиясаты арқалы әмелге асырыў мақсетке муўапық. Буның себеби сонда, 
салық 
жеңилликлериниң 
ҳәдден 
тысқары 
кӛплиги 
нызамларды 
қурамаластырып жибереди, түсиниўди қыйынластырады ҳәмде түрлише 
анализ қылыныўына алып келеди, бундай ҳал ақырғы нәтийжеде салық 
тӛлеўшилердиң салықларға қатнасықларына унамсыз тәсир қылады. Соның 
менен бирге анық қылып белгиленген жеңилликлер салық жүгин басқа салық 
тӛлеўшилер жуўапкершилигине ӛткерип, социаллық әдалатсызлық жүз 
бериўине алып келеди. 
5. Басқарыўға қолайлылық. Нәтийжели салық системасына қойылатуғын 
әҳмийетли талаплардан бири басқарыўға қолай болыўы. Салықларды 
ӛндирип алыўда нәтийжелиликке ерисиў кӛп ҳалларда салықлардың салық 
тӛлеўшилерге жақсы түсиникли болыўына байланыслы. 
Айырым мәмлекетлерде салыққа тартыўдың жүдә қурамалы тәртиби 
әмел қылады, айтайық, шкала ҳәм ставкалар түри, салықлар қурамы, оларды 
тӛлеў қағыйдалары ҳәм тәртиплери ҳәдден тыс кӛп. Буның үстине олар салық 
түсимлериниң кӛбейиўине ҳеш қандай жәрдем бермейди ҳәмде салықлардың 
хошаметлеўши функциясының орынланыўында рол ойнамайды. 


6. Салықларды жыйнаў процесин имканы барынша арзанластырыў. Усы 
принцип мәмлекет ҳәм салық тӛлеўшилер тәрепинен салықларды жыйнаў 
ушын кететуғын қәрежетлерди мүмкин болғанынша кемейтиўди кӛзде 
тутады. Буның ушын республикамызда салыққа тартыў тәртибин 
жетилистириў менен бир қатарда салықларды алтернативлестириў, компютер 
технологиялары, салық хабарларының дурыслығын тиккелей қадағалаў
усылларын қолланыў арқалы салық тӛлеўшилердиң қәрежетлерин кемейтиў 
мақсетинде мәмлекет есабынан сақланатуғын сервис-орайлар, салыққа 
тартыў мәселелери ҳаққында салық шӛлкемлери тәрепинен пулсыз 
мәсләҳатханалар шӛлкемлестирилген. 
7. 
Салық 
ставкаларын 
салыстырыў. 
Салық 
ставкалары 
басқа 
мәмлекетлердеги усындай салықлардың ставкалары менен салыстырылыўы, 
яғный регионның ӛзине тән ӛзгешеликлери есапқа алынған ҳалда басқа 
мәмлекетлер менен тең болған хожалық хызмети шәр-шәраятлары жүзеге 
келтирилиўи лазым. Егер аўыр шәртлар белгилеп қойылғандай болса, бул ҳал 
республика экономикасына инвестицияларды тартыўды қыйынластырып 
жибереди, керисинше, жеңил шәраят жаратылса, мәмлекет бюджетине унамсыз 
тәсир қылады. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   10   11   12   13   14   15   16   17   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling