ортадағы қатнасықты терең үйрениў, оларды дурыс шӛлкемлестириўди
тәмийнлеў болып табылады.Дурыс шӛлкемлестириў дегенде салық
қатнасығында қатнасыўшы тәреплердиң экономикалық мәпин итибарға алыў,
теңсалмақлылықты
сақлаў
киби
қатнасықларды
шӛлкемлестириў
түсиниледи. Бул теңсалмақлылықты сақлаўда тәреплер әдалатлылық ҳәм
инсаплылық принциплерине әмел қылыўы зәрүр.
Кеңирек қылып айтқанда, бюджетке салықларды алыўда салық
тӛлеўшилер мойнына артықша аўырлық жүклемеў, оларды ӛз ӛндирисинен
мәпдарлығын сӛндирмеў, олардың дәстүрлери ҳәм
режелерин тез-тез
ӛзгерттириўмеў ҳәм басқаларға итибар бериў кӛзде тутылады.
Бул жерде
тәреплердиң дослық мүнәсибетте болыўы, базар
экономикасы талапларына
сай экономикалық қатнасықлар болыўын үйретеди. Пәнниң предметин терең
үйрениў соны кӛрсетеди, қатнасықларда бир тәреплеме зорлық қатнасығы
болғандай болса, екинши тәреп оған жуўап ретинде ӛз дәраматларын, басқа
салық объектлерин ҳәр қыйлы жоллар менен жасырады. Бундай ҳалларда ҳәр
кандай ҳуқуқый ҳүжжетлердиң де күши жетпей қалыўы мүмкин.
Дәраматларды, салық объектлерин жасырыў ҳалаты ҳәм қатнасықларды
бузады.
Демек, салық теориясы пәнин терең үйрениў арқалы әмелиятта салық
түсимлери режелерин табыслы орынлаў ўазыйпасына да ерисиў мумкин.
Do'stlaringiz bilan baham: