Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet3/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Пәнниң ўазыйпасы студентлерди, ғарезсиз үйрениўшилерди салық қәнигеси ҳәм 
басқа салық мекемелери хызметкерлерин теориялық жақтан қуралландырыў 
ҳамде әмелиятта адаспаў ушын жол жобалар кӛрсетиўден ибарат.
Демек, пәнниң тийкарғы ўазыйпасы жоқары маманлы салық 
қәнийгелерин таярлаўда оларды теориялық жақтан билимлерин асырыў. 
3. Мәмлекет ҳәм базар экономикасы - салық теориясы пәниниң тийкары. 
 


Салықлардың пайда болыўы мәмлекеттиң пайда болыўы менен 
байланыслы болғанлығы ушын ҳәмде ҳәзирги Ӛзбекстанда социаллық 
қорғалған 
базар 
экономикасы 
шәраятында 
мәмлекет 
оның 
шӛлкемлестириўшиси екенлигинен салық теориясы пәни мәмлекеттиң жүдә 
зәрүр болған ҳәр қыйлы ўазыйпалары менен тығыз байланыслы ҳәм оларға 
тийкарланады. 
Мәмлекет - мәмлекетте жаратылған социаллық ӛним ҳәм оны 
бӛлистириўдиң нызам қағыйдаларын ислеп шығады. Бул бӛлистириўдеги 
қатнасықлар базар экономикасы шәраятында пул арқалы әмелге 
асырылғанлығынан мәмлекет оны бӛлистириўди ҳәм пул қатнасықлары 
арқалы, яғный салық, пул ҳәм кредит арқалы әмелге асырады. Мәмлекеттиң 
бундай хызметин үйрениў - салық теориясы пәниниң дыққат орайында 
турады. 
Базар экономикасы талап ҳәм усыныс, бәсеки, қун ҳәм басқа нызамлар 
арқалы әмелге асырылады. Базар экономикасы -еркин экономика, пуллы 
қатнасықлар экономикасы болып есапланады. Салықлар да пул 
қатнасықлары болып аңлатылғанлығы ушын базар экономикасы қурамына 
киреди ҳәм оның ажралмас бӛлими. 
Базар экономикасы нызамлары- салық теориясы пәниниң тийкарын 
қурайды. Бул нызамларды терең аңламастан турып, салықларды түсинип 
болмайды. 
Базар экономикасы нызамларын үйренип шығып, мәмлекет ишки 
жалпы ӛним қунын салықлар арқалы бӛлистириў ўазыйпасын ӛз 
жуўапкершилигине алады. Солай екен, мәмлекет ҳаққындағы тәлиймат 
мәмлекет экономикасын басқарыўда бас роль ойнаўы, салық теориясы 
пәниниң тийкары болып хызмет қылады. Мәмлекет базар экономикасын 
басқарыўда жетекшилик, басқарыўшылық ролин атқарады. Мәмлекет 
салықлардың экономикалық мазмуны ҳәм ўазыйпаларын үйренип шығып, 
оны әмелиятқа енгизиўди ӛз жуўапкершилигине алады. 



Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling