Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet5/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Раият
Мулки девоний. 
Суюрғол.
 
Тархонлық. 
 Хирож. 
 Ихрожот. 
 Танҳо. 
 Солғит. 
 Дийўанбеги. 
 Оклад. 
 Молу сардарахт 
 Шилон пулы
 
1.Салықлардың пайда болыўы, биринши кӛринислери ҳәм раўажланыў 
басқышлары 
 
Салықлардың пайда болыўы ҳәм раўажланыўы мәмлекетлик финанстың
қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы процесинде салық тӛлеўшилер мал-мүлкиниң 
бир бӛлиминиң мәжбүрий түрде мәмлекет қазнасына ӛзлестирилиўи 
сыпатында ӛндириў узақ дәўирлерге барып тақалады. Салықлардың қашан 
пайда болғанлығы ҳаққында ҳеш қандай анық мағлыўмат тарийхый 
китапларда ушырамасада, лейкин салықлардың биринши кӛриниси 
сыпатында қурбанлық қылынган мал-мүлклер айтылады. Буның ӛзгешелиги 
соннан ибарат, ол мәжбүрий болмай ыхтиярлы тәризде әмелге асырылған. 
Қылынған қурбанлықлар болса, камбағалларға, жетимлерге, мүтәжлерге
үлестирип берилген. 
Соңын ала енгизилген салықлар болса, тиккелей қәўим ҳәмде урыўлар 
ортасында даўам етип турған урыс-жәнжеллерге байланыслы болған. Бундай 
салықлар натура түринде болып, бир қәўимди басып алыў ямаса ӛзин қорғаў 
ушын сарпланған.
Салықлар тарийхта инсанят цивилизациясы менен бирге раўажланып, 
оның ажралмас бӛлими есапланады. Салықлардың экономикалық 
қатнасықларда тийкарғы орынға шығыўына дәслеп мәмлекеттиң 
қәлиплесиўи, жәмааттың классларға бӛлиниўи, бурынғы социаллық 


дүзимниң пайда болыўы, ҳәмде олардың белгили бир финанслық дерекке 
зәрүрлик сезиўлери себеп болған. 
Инглиз экономисти С. Паркинсон сӛзи менен айтқанда: ―Салықлар дым 
ески – тап дүньядай, оның пайда болыўында қашанлардур бир жергиликли 
әскербасы ӛз территориясында жайласқан дәрья ямаса таўдан саўдагер ҳәмде 
саяхатшы ӛтсе, олардан ҳақы алыўы себеп болған‖
1

Салықлар пайда болыўы ҳәм раўажланыўы процесинде олардың 
формалары да ӛзгерип келмекте. Егерде бүгинги күнге келип салықлар 
тийкарынан пул формасында ӛндирилип атырған болса, олар әййемги 
заманларда бир қанша кӛринислерде, соннан, мийнет формасында, натура 
формасында ӛндирилген. Соның менен бирге жәмиеттиң экономикалық 
раўажланыўының жетилисип барыўына сай рәўиште салықлардың пуллы 
формада ӛндирилиўи де барған сайын раўажланып барды. 
В.Пушкарѐва салықлардың раўажланыў тарийхын 3 басқышқа ажыратып 
кӛрсетеди
2
. Олардың ҳәр бири анаў ямаса мынаў ӛзгешеликлери ҳәмде 
абзаллықлары менен ажыралып турады. 
Биринши басқышта салықлардың раўажланыўы әййемги ҳәм орта 
әсирлердеги аўыл хожалығы системасына тән болып, тәртипсиз ҳәмде 
тийкарсызлығы менен ажыралып турады. Әйне усы дәўирде салық 
механизми ӛндирилиўи енгизилди. 
Салықлардың енгизилиўи мәмлекеттиң пайда болыўы менен 
байланыслы болып, олардың әмел қылыўына мәмлекет аппаратының 
қәлиплесиўи, армия, суд ҳәм оларды финанслық дереклер менен тәмийнлеў 
зәрүрияты, товар ӛндириўди жолға қойыўға уқсаған факторлар себеп болған. 
Биринши салықлар системасыз тӛлемлер кӛринисинде болып, олар 
натура формасына ийе болған. Халық салықларды егинлер ӛниминен, саўда-
сатықтан ҳәмде аўлаған ҳайўанларынан тӛлеген. Урыс ўақтында болса, 
1
Parkinson S. Zakon i doxodi. - M.: PКК "Interkontakt", 1992. - 
S.14-15. 
2
Pushkareva V. Istoriya finansovoy mo„sli i politiki nalogov. 
Uchebnoe posobie. - M.: Infra-M, 1996. - S.17. 


қосымша азық-аўқат, кийим-кеншек, қурал-сайманлар жеткериў, сондай ақ 
әскер сыпатында қосымша тартылған. Рим империясы ҳәмде Афинада 
тыныш-татыў пайытларда салық алынбаған. Салықларды енгизиў ҳәм 
ӛндириў тек ғана урыс дәўирлерине туўры келген. 
Товар-пул 
қатнасықларының 
раўажланыўы 
ҳәм 
беккемлениўи 
салықлардың ҳәзиргидей пул кӛринисине келиўине алып келди. Бурын 
салықлар, тийкарынан, шегара ҳәм армия мүтәжликлерине, қала әтирапын 
беккемлеўге, жол ҳәм мешит қурылысларына жыйылған болса, ўақыт ӛтиўи 
менен салықлар мәмлекет қазнасы дәраматының биринши гезектеги дереги 
болып қалды. 
Ҳәзирги дәўир салық системасына мазмуны бойынша уқсас биринши
салық системасы әййемги Римде қәлиплескен. Бул салықлар тек ғана урыс 
қәрежетлерин финансластырыў ушын зәрүр болған. Рим халқы ӛзиниң мал-
мүлки, турмыс дәрежеси ҳәмде семьялық жағдайынан келип шыққан ҳалда, 
салық тӛлеген. Салық суммалары арнаўлы шахслар тәрепинен есап-китап 
қылынған. 
Римде мәмлекетлик шӛлкемлердиң раўажланыўы тиккелей император 
Октавиан Августин тәрепинен салық реформасын әмелге асырыўға, 
нәтийжеде болса, биринши пул салықларының енгизилиўине алып келди. 
Салықларды енгизиў ҳәм оның қадағалаўы менен шуғулланыўшы финанслық 
мекеме қәлиплести. Жер салығы мәмлекет салықларының тийкарғы үлесин 
қураған. Сол қатары кӛшпес мүлктен, балықлардан, шарўа ҳәм басқа 
маллардан салықлар ӛндирилген. Туўры салықлардан тысқары жанапай 
салықлар да болған. Мәселен, айланыс салығы 1 %, қуллар саўдасынан 
айланыс салығы 4 % ҳәм басқалар. Бул дәўирге келип салықлар фискал ғана 
емес, бәлким анаў ямаса мынаў экономикалық тармақлар бойынша тәртипке 
салыўшылық ўазыйпасын да орынлай баслаған. Бирақ XVII әсирге шекем 
европада салықлар тәртипсиз ӛндирилгенлиги ушын бирден бир системаға 
ийе болмаған. Олардың тәғдири урыс нәтийжелерине байланыслы болып, 
биресе кемейип, биресе кӛбейип кеткен, нәтийжеде халықтың димарын 


қурытар еди. Тек ғана XVII әсирдиң ақыры XVIII әсирдиң басларына келип 
салықлар раўажланыўының екинши басқышы басланады. 
Екинши басқыштың ӛзине тән ӛзгешелиги соннан ибарат, онда салықлар 
мәмлекет бюджетин қәлиплестириўдиң тийкарғы дереги сыпатында 
кӛрилген. Салық объектлерин анықлаў ҳәм салыққа тартыў нызам 
қағыйдаларын тәртипке салыўшы биринши салық системасы пайда болған. 
Туўры ҳәм жанапай салықлар биринши мәрте ажыратылып, бул салықлардың 
әҳмийетли тәреплери ашып берилген. Салықлар ишинде тийкарғы орынды 
акцизлер ийелеген. Булар нызамлы рәўиште қала дәрўазаларынан мәмлекетке 
киритилиўши яки оннан шығарылыўшы товарлардан ӛндирилип, барлық 
дәраматлар ҳәм түсимлер салыққа тартылған. 
Европа мәмлекетлеринде демократияның раўажланыўы нәтийжесинде 
салықларды есаплаў ҳәм ӛндириў бойынша халықтың ҳақ-ҳуқуқларын қорғаў 
мәселелери ортаға тасланды. Нәтийжеде 1689 жылы Англияда «Билл 
ҳуқуқлары» китабында шешиўши тәризде халық ўәкиллери шӛлкемлерине 
мәмлекет дәраматлары ҳәмде қәрежетлери ҳаққында мағлыўмат бериўи 
белгиленди.
Францияда тек ғана 1791 жылы «Уллы Француз револютсиясы» нан 
кейин мәмлекет бюджети ҳәм салықлары ҳаққында мағлыўмат бериле 
басланды. 
Салыққа тартыў системасы раўажланыўы менен бир қатарда салыққа 
тартыў теориясы да әсте-ақырын жетилисип барды. Салыққа тартыў 
теориясының биринши тийкарын салыўшысы шотландиялы экономист Адам 
Смит (1723-1790) есапланады. Ол ӛзиниң ―Халықлар байлығының себеплери 
ҳәм тәбиятлары‖ атлы китабында (1776) биринши мәрте салық принциплерин 
тийкарлап берди, Салықлардың мәмлекет финансы системасындағы 
әҳмийетин салық тӛлеўшилерге түсиндирип, оларды мәмлекетке тӛлеў 
қуллық емес, бәлким еркинлик белгиси екенлигин тийкарлап берди.
Үшинши басқыштың ӛзине тән ӛзгешелиги соннан ибарат, онда 
салықлардың кемейиўи ҳәмде салықларды орнатыў ҳәм ӛндириўге тийисли


нызам-ҳүжжетлердиң күшейиўи анық кӛзге тасланады. Жәмийетте финанс 
илиминиң раўажланыўы менен салыққа тартыў машқалалары ҳәм 
усылларына бағышланған жаңа илимий-теориялық кӛз қараслар пайда 
болды. Бирақ ҳеч қандай экономикалық мектеп салықлардың фискал 
функциясынан әҳмийетлирек мәнини илгери сүре алмады. ХIХ әсирдиң 
екинши ярымында кӛплеген мәмлекетлер жаңа илимий теорияларды 
турмысқа енгизиўге урынған, бирақ тек ғана биринши дүнья жүзлик урыстан 
соң жаңа илимий қараслардың нәтийжесинде салық принциплери ҳәзирги 
жетилискен кӛриниске ийе болған. Сол ўақыттан баслап заманагӛй салық 
системасының тырнағы қурыла баслады, туўры салықлардың әҳмийети 
илимий жақтан тийкарлап берилди ҳәмде бюджет дәраматлары үлесиниң 
үлкен бӛлимин толтырыўшы физикалық шахслардың дәраматына 
салынатуғын салықлардың прогрессив ставкалары енгизилди. Соның менен 
бирге тән алыў керек, усы ўақытқа шекем бирде-бир мәмлекетте толық 
жетилискен салық системасы әмел қылмады, жылдан-жылға жетилисип 
барады ҳәм шексиз. Ҳәзирге шекем экономика илими салыққа тийисли 
кӛплеген саўалларға жуўап таппады. бирақ раўажланған мәмлекетлерде 
бәрҳама әмелге асырылатуғын реформалар соннан дерек береди, барлық 
ҳәрекетлер салықлардың әдалатлы, тең бӛлистирилген ҳәмде халықты 
социаллық қорғаўға уқсаған элементлердин раўажланыўына үлкен әҳмийет 
берилген. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling