Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Әмир Темур ҳәм темурийлар дәўиринде салықлар ҳәм салыққа


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet7/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

3. Әмир Темур ҳәм темурийлар дәўиринде салықлар ҳәм салыққа 
тартыўдың ӛзгешеликлери 
 
Әмир Темур инсаният тарийхында ири мәмлекетлик хызметкер (арбаб) 
ҳәм орта әсирдиң жеңилмес, тәкирарланбас әскербасысы сыпатында 
Орайлық Азия территориясында ири салтанат дүзип, ӛз салтанаты қурамына 
ҳәзирги 27 мәмлекетти бирлестирди. Ол ҳәмийше ӛз мәмлекет системасын 
жетилистирип барыўды ойлаған, монголлардан парқлы рәўиште, басқа 
үлкелерди басып алыў ғана емес, бәлким керисинше, ол жерлерди 
бирлестириў ҳаққында да қайғырар еди. 
Соның менен биргеликте мәмлекетти әдалатлы басқарыўда салық 
сиясатының орны шексиз екенлигин жақсы түсинер еди. Әмир Тимурдың 
салықлар мәселеси менен әдалатлы шуғылланғанлығын сыпатлайтуғын бир 
қатар дәлийллер бар.
Әмир Темур салық сиясатының тийкарғы бағдарлары оның 
перзентлерине сиясый ўәсияты болған ―Темур тузуклери‖ нде аңлатылған: 
―Амр еттим, халықтан мол-хирож жыйнаўда оларды аўыр аҳўалға салып 
қойыўдан яки мәмлекетти жарлылыққа түсирип қойыўдан сақланыў керек. 
Неге 
дегенде, 
халықты 
тоз-тоз 
қылыў 
мәмлекет 
қазнасының 
кәмбағалласыўына алып келеди. Қазнаның кемейип қалыўы болса армияның 
тарқалып кетиўине себеп болады. Армияның тарқалыўы, ӛз нәўбетинде, 
салтанаттың күшсизлениўине алып келеди‖
3

Салықларды есаплаў тәртиплери де ислеп шығылған: ―Және әмр 
қылдым, хирожды егиннен алынған ҳасылға ҳәм жердиң ӛнимдарлығына 
қарап жыйсын. Соннан, дайым үзликсиз рәўиште дым пәстен ағатуғын суў
(кориз), булақ ҳәм дәрья суўы менен суўғарылатуғын егин жерлерин есапқа 
алсын ҳәм ондай жерлерден алынатуғын ҳасылдан еки үлесин армия ушын, 
бир үлесин жоқары ҳакимят (салтанат қазнасы) ушын алсын. Лалми
жерлерди болса, жарибларга бӛлсин, есапқа алынған бул жерлерден (салық 
3
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 98 bet. 


алыўда) үштен бир ҳәм тӛрттен бир тәртибине әмел қылсын
4
. Усылардан 
кӛриўимиз мүмкин, салық жердиң лалмикар ҳәм суўғарылатуғын 
бӛлимлеринен айырым-айырым тәртипте ӛндирилген. Буннан тысқары жаңа 
жерлер ӛзлестириўди хошаметлеў мақсетинде салық жеңилликлери де 
белгиленген: ―Және әмр еттимки, кимде ким ҳәр қандай саҳраны абат қылса, 
яки шығыр (кориз) қурса, ямаса бир бағ кӛгертсе яки қараўсыз жатқан жерди 
абат қылса, Биринши жылы оннан ҳеш нәрсе алынбасын, екинши жылы ӛз 
разылығы менен бергенин алсын, үшинши жылы болса салық нызам-
қағыйдасына муўапық хирож жыйылсын‖
5
.
Ӛним түриндеги салықты салық пулы менен алмастырып турыў мүмкин 
болған: ―Егер тӛлеўши дизимге алынған жерлерден берилетуғын салықты 
нақ ақша менен тӛлеўге разы болса, нақ ақша муғдарын саркордың үлеси 
есапланған ғәллениң усы дәўирдеги баҳасына муўапық белгиленсин‖
6
. Әмир 
Темур алып барған салық сиясатының әҳмийетли ӛзгешеликлери сыпатында 
соны да айтып ӛтиўимиз керек, ол тәрепинен басып алынған үлкелерге
айырым салық сиясаты жүргизилген. ―Егер сол жерли пухара әзелден берип 
келген хирож муғдарына разы болса, олардың разылығы менен ис кӛрсин, 
кери ҳалда (хирожды) тузукке муўапық жыйсын‖
7

Әмир Темур пәрманы менен салық ӛндириў ислери реҳм-шавқатқа 
тийкарланған болыўы лазым: ―Амр қылдымки, ҳасыл писип жетилместен 
бурын халықтан малу жиҳат алынбасын. Ҳасыл жетилгенсоң, ҳасылды үш 
бӛлип алсын. Егер халық салық тӛлеўши жиберместен, салықты ӛзи әкелип 
берсе. Ол жағдайда ол жерге салық топлаўшы жиберилмесин. Егерде салық 
алыўшыны жибериўге мәжбүр болса, олар салықларды буйрық бериў ҳәм 
жақсы сӛз бенен алсын, исти урыў-сӛгиўге шекем алып бармасын. Және 
айтар едим, хирожды халықтан урыў ҳәм сабаў жолы менен емес, бәлким 
ескертиў, қорқытыў ҳәм түсинтириў жолы менен ӛндирсин.‖
8

4
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 99 bet. 
5
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 99 bet. 
6
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 98 bet. 
7
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 98 bet. 
8
«Temur tuzuklari». Toshkent «Cho‗lpon», 1991 y. 72 bet. 


Әмир Темур дәўирине шекем салық тӛлеўшилердиң ис ҳақысы салық 
тӛлеўшилер есабынан болып, олар нызамда кӛзде тутылмаған салықларды 
ӛндириўге де ҳәрекет қылар еди. Әмир Темур салық ӛндириўшилерге 
халықтың үстине жүк болмаўы ушын оларға мийнет ҳақы тайинлады.
Әмир Темур дәўиринде мәмлекет экономикасында аўыл хожалығы 
әҳмийетли есапланған. Аўыл хожалығы ӛндирисин тийкарынан жер ийелери 
болған дийханлар ҳәм жерге ислеў бериўши ижарашылар әмелге асырған. 
Бул дәўирде тийкарынан дийханшылық пенен байланыслы болған хирож ҳәм 
ушр салықлары әмел қылған. Буннан тысқары мәмлекетте бағшылық ҳәм 
шарўашылық раўажланыўы ушын мол терекли, мол отлақ, мол суўлы, 
миробона салықлары да әмел қылған. Жер салығы жетистирилген ҳасылға 
ҳәм жердиң сапасына қарап ҳасылдың 1/10 ден (ушр), 1/3 бӛлимине шекем 
муғдарында алынған. Саўдагерлер ҳәм ӛнерментлер тамға яки закат тӛлеген, 
шегарадан ӛткен затлар есабынан да бажы алынған. Бул салықлар мәмлекет 
қазнасының тийкарғы дереги есапланған.
Жоқарыдағы салықлардан тысқары ўақты – ўақты алынатуғын салықлар 
да әмел қылған болып, оларға: малужиҳот - жер салығының бир түри; тағор - 
азық-аўқатларды тексериўде қолланылтуғын натура салығы; ихрожот - 
сарайларға қараў ушын арнаўлы жыйым; бож - саўдагерлерден шегараны 
кесип ӛтиўде ӛндирилетуғын бажыхана салығы; сармушар - жан салығы; 
хонамушар - ҳәр бир шаңарақтан алынатуғын жыйым; қўналға - елши, 
әмелдарлар, шабарманларды пулсыз қабыл қылыў ҳәм мийман қылыў 
жыйымы; шилон пули – жәрдемшилердиң зияпат қылыў жыйымы; пешкаш - 
жоқары мәнсаптағы әмелдарларға саўға бериў ушын жыйымларды киритиў 
мүмкин. 
Әмир Тимурдың ӛзбек мәмлекетшилиги системасын жетилистириўге 
қаратылған үлкен хызметлеринен бири мәмлекет басқарыў системасының 
таңламалы үлгилерин қайта тиклеў менен шегараланбастан, заман 
талапларын кӛзде тутып, жаңа усылларды енгизиўи есапланады. Оның 
стратегиясында инсанпәрўарлыққа тийкарланған жетилискен жәмийет қурыў 


идеясы орайлық орын тутады. Оған шекем қазнаны шӛлкемлестириў тек ғана
дәргай принципине тийкарланған болса, ол дәргай ҳәм ўәзирлик 
принциплерин қосып алып барды. Қазна дәраматлары салықлы ҳәм салықсыз 
дәраматларға ажыратылды. Қазна қәрежетлери қурамынан абаданластырыў, 
социаллық-мәдений, соннан, илим, мәденият, социаллық тәмийнат 
қәрежетлериниң үлеси артып барды. Булардың ҳәммеси мәмлекеттиң 
экономикалық ҳәм мәдений жақтан беккемлениўи, оның халықаралық 
абыройын асырыўда актив тәсир етти. 
Әмир Темур Орайлық Азия экономикасын раўажландырыўға, илим ҳәм 
мәдениятты қаншама кӛтериўге урынған болмасын, аяўсыз толқынлар ол 
қураған уллы салтанаттың ыдыраўына, тарқалыўына алып келди. Оның 
ӛлиминен соң әўладлары ортасында тахт ушын гүрес узақ даўам етип, 
шаҳзадалар ортасында алып барылған гүрес үлкениң финанс-салық 
системасына тәсир кӛрсетпей қалмады. Әскерий қәрежетлердиң кӛбейип 
барғаны сайын оның дереги есапланған салық системасы изден шықты. 
XV әсир даўамында Моварауннахр ҳәм Хорасанда әўелгидей жер 
меншиклигиниң тийкарынан тӛрт формадағы: мулки девоний - мәмлекет 
жерлери, мүлк - хусусий жерлер, мулки вақф - медресе ҳәм мешитлер 
ийелигиндеги жерлер ҳәм соңында жәмәат жерлери болған.
Дийханшылық жерлериниң ең үлкен бӛлими мәмлекет мулки 
есапланған. Бу жерлерге, әўелгидей, мәмлекет ҳүкимдары султан яки 
әмирлер ийелик қылған. Темурийлар дәўиринде мәмлекет жерлерин суюрғол 
тәризинде инам қылыў да кең тарқалған. Суюрғол жерлер кӛлеми, шәрти 
ҳәмде жер ҳәм жарлыққа ийе шахслар келип шығыў қатламлары бойынша 
ҳәр қыйлы болған. Әдетте, қала яки үлкелерден айырым аўылларға шекем
суюрғол формасында инәм етилген. Пүтин бир қала яки үлке кӛбинесе 
ҳүкимдар сулола ўәкиллери яки ири әскерий ҳәм мәмлекет ҳәмелдарларына
берилген. Әмир Темур дәўиринде болғанындай темурийлар дәўиринде де 
суюрғолларды үлесиў әмелияты кең тарқалди. Орайлық ҳәкимят ўәкиллери - 


Шоҳрух, Улуғбек, Абу Саид, Султан Ҳусайн яки улысларды басқарған 
шаҳзадалар жерлерге мийрас тәризинде ийелик қылыў ушын үлескен.
Суюрғол ийесине ӛз суюрғолы шеңберинде әмелдарлар тайынлаў, 
салықлар ҳәм түрли тӛлемлерди топлаў ҳәмде айыпкерлерди жазалаў ҳуқуқы 
берилген. Абдураззақ Самарқандийдиң жазыўынша, Шоҳрух дәўиринде 
Хорезм - Шоҳ Малик; Фарғона – Мирзо Аҳмад; Тус, Машҳад, Обивард, 
Нисони ӛз ишине алған Хорасан - Бойсунғур; Қобул, Ғазна ҳәм Қандаҳор 
үлкелери Мирзо Қайду баҳадырдың суюрғолы еди. Суюрғол жарлығына ийе 
болған үлке ҳүкимдарлары орайлық ҳәкимиятқа Тек атына ғана ғәрезли 
болып, әдетте, олар дерлик ғәрезсиз еди. Суюрғол ийелери ғәрезлилигин
күшейтиў мақсетинде орайлық ҳәкимят базыда олар ийелигиндеги жер 
майданларын қысқартып ямаса олардың административлик ҳәм ҳуқуқый 
жақтан ҳақ-ҳуқуқларын шеклеп қоятуғын еди. Суюрғол ийеси орайлық 
ҳүкиметке бойсынбаған жағдайда суюрғол ҳуқуқынан жуда болар ҳәм ҳәким 
оның үлкесин басқа шахсқа берер еди. 
Темурийлар дәўиринде дийханшылық майданларының екинши үлкен 
бӛлими хусусий жерлерден ибарат болып, ири мүлкдарлардың үлкен жер 
майданлары да, мийнеткеш халықтың майда жерлери де хусусий мүлк 
қатарына кирген. Мүлк жерлериниң үлкен бӛлими административлик, 
әскерий ҳәм диний әрбаблардың ийелигинде болған. Бас ҳүкимдар тәрепинен 
ири мүлк ийелерине ҳәр қандай бир хызмети ушын тархонлық жарлығын
бериў кең тарқалған. Тархонлық жарлығын алған мүлкдарлар, тийкарынан 
барлық салық, тӛлеў ҳәм мәжбүриятлардан азат қылынған. Тархонлық 
жарлығы, әдетте әмирлер, беклер, сарай әмелдарлары, саййидлар ҳәм басқа 
жоқары табақа ўәкиллерине берилген. Бундай жарлықты алған мүлкдар 
атына тархон сӛзи қосып айтылған.
Улуғбек дәўиринде Самарқанд және гүллеп раўажлана баслады. Бул
дәўирде коркем ӛнер ҳәм илим-пәнниң раўажланыўы ушын сондай үлкен
ислер қылынды, бул дәўирди ―Самарқандтың алтын дәўири‖ деп атай 
баслады. Ол салық сиясатында дийханлардан алынатуғын салықларды 


кемейтти ҳәм дийханлар турмысының пәраўанлығын жоқарылатыўға 
имканият жаратты. Түсимлер қысқарыўының орнын болса тамға - ӛнермент 
ҳәм саўдагерлерден алынатуғын жыйымды кӛбейтиў есабына толтырды. 
Темурийлар дәўириндеги салықларды үйрениўде айырым фактлерди 
келтирип ӛтиў орынлы. Мәселен, темурийлардан Ҳусайн Байқаро 
мәмлекеттеги қозғалаңлар себепли қәрежетлер кӛбейгенин есапқа алып, 
Ҳирот ҳәкими Муборизиддин Валибекке нышан жиберип, жаңа қәрежетлер 
ушын Ҳирот ҳәм оның дӛгерек әтирапындағы районлардан 100 мың динар 
кепакий топлап жӛнетиўди буйырады. Ҳирот ҳәкими районлардан тек
ярымын, қалғанын болса халықтан сармушар, яғный жан салығы сыпатында 
ӛндириўге қарар қылады. Бундай мийнеткеш халыққа жүдә қыйын болған 
бир шәраятта Алишер Навоий Ҳирот халқы жуўапкершилигине түскен 50 
мың динарды ӛз жамғармасы есабынан тӛледи.
Жоқарыдағылардан жуўмақ қылып айтыў мүмкин, Әмир Темур ҳәм 
темурийлар дәўиринде бир қатар тәртипли салық системасы әмел қылған.

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling