Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Мәмлекетимиз территориясында салықлардың пайда болыўы, ӛзине
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
2. Мәмлекетимиз территориясында салықлардың пайда болыўы, ӛзине
тән ӛзгешеликлери ҳәм раўажланыўы Мәмлекетимиз тарийхында милодтан алдынғы ҳәм милодтан кейинги дәўирлерде ҳүкимдарлық қылған мәмлекетлерде, мәмлекет баслықларының жоқары мақсетлери ӛз қазнасын тынбай толтырып барыў, кейинги әўладларына 2-3 есе артық байлық қалдырыў болған. Жыйылған қазнаның ең кӛп бӛлими ӛнимсиз илажларға тәртипсиз ҳәттеки ысырап болғанлығы белгили. Милодтан алдынғы биринши мың жыллықтың басларында ақ Орайлық Азия территорияларында кӛшпели шараятында, ӛзлери ушын қолай жер излеп жүрген кӛплеген урыў ҳәм қәўимлер, жер майданлары, суў, отлақ жерлерди ийелеў мақсетинде гүресип келген, айырым жағдайларда болса, ӛзлеринен күшлирек, ири қәўимлерге жер салығы, яғный ўлпан тӛлеп турған. Тарийхыий дереклер патша қазнасының дәслепки тийкарғы дереги саўға-салем болғанлығынан дерек береди. Лейкин Доро ҳүкимдарлығы дәўирине келгенде салықлар енгизиледи. Дороны ― Форслар саўдагер деўине себеп, ол биринши болып салықларды енгизгенлерден‖ деп жазған еди Геродот. Доро салық системасын тек ғана ӛз мәмлекетинде емес, бәлким зорлық пенен басып алған мәмлекетлерге де енгизди. Салық муғдары сатин пул бирлиги талант есабында анықланған. Аҳаманийлар ҳүкимдарлығы дәўиринде Орайлық Азияда жасаўшы қәўимлерден салықлар сәлкем еки әсир даўамында жыллық хирож ҳәм әскерий отрядлар жеткерип бериў формасында ӛндирилген. Бул дәўирде салық түрлери де ҳәр қыйлы болған. Мәселен, сак ҳәм касбийлер киби қәўимлер 250 талант (1 талант 25 кг. 248 гр. Сап алтынға тең болған), яғный 6312 кг. муғдарында, парфиялылар, хорезмийлер, сўғдлар ҳәм орийлар 300 талант, яғный 7575,4 кг. муғдарында хирож тӛлеген. Анық белгиленген хирожлардан тысқары ҳәр қыйлы себеплерди бәнелеп қосымша салықлар да енгизилип ҳәм олар суў жолын тосып қойыў яки басқа түрдеги зорлықлар киби қорқытыўлар арқалы ӛндирип алынатуғын еди. Ирандағы әййемги Персапол қаласынан табылған узақ әўладларымыз - бактриялылар, хорезмлилер, сўғдлар ҳәм саклар сәўлелендирилген сүўретлерде, саклар кийим-кеншек, бактриялылар түе ҳәм ыдыслар, хорезмлилер дудама ханжар, әскерий балта, билезик ҳәм атты шахқа алып баратырған кӛринис сызылған. Сўғд дереклерине қарағанда Орайлық Азияға атақлы атлар, алтын, феруза ҳәм қымбат баҳалы таслар алып келинген. Александр Македонский Орайлық Азияны басып алып, оны ӛз салтанаты қурамына киргизгеннен соң, бул жерде жасаўшылар салықларды юнонлар принципи бойынша тӛлей баслаған. Юнонистанда салыққа тартыў Орайлық Азиядағыдан парқ қылып, салықлар дәрамат салығы ҳәм қудай жолына тегинге бериўлерден ибарат болған. Дәрамат салығы дәраматтың оннан яки жигирмадан бири муғдарында ӛндирилген ҳәм жәмийет мәплерин қорғаў мақсетлери жолында ислетилген. Александр Македонский Орайлық Азияда тийкарынан Аҳаманийлар дүзген мәмлекет аппараты дүзилмесин сақлап, жергиликли бай әмелдарлар қурамынан сатраплар ҳәкимиятын дүзген. Арнаўлы салық хызметин енгизбеген, салық ӛндириў ўазыйпасы белгили киси жуўапкершилигине жүкленген. Олар болса салық тӛлеўшилерден қазна менен дүзилген шәртнамада белгиленгеннен кӛбирек салықлар жыйып, ӛз мәплери ушын да қосымша қаржылар топлап алған. Эрамыздан алдынғы 140 жылда Юнон-Македон мәмлекети ӛз хызметин тоқтатты. I әсирдиң ақырынан баслап ҳәзирги эрамыздың IV әсир орталарына шекем Орайлық Азияда Қушан патшалығы ҳүкимдарлық қылды. Бул дәўирде салықларды есаплаў ҳәм ӛндириў тартиби ҳаққында жетерли мағлыўмат болмасада, лейкин айырым археологиялық табылмалар, салықлар алтын менен есапланыўын, ондағы ҳүжжетлер салықларды қабыл қылыўшы қазнашы лаўазымы болғанлығынан дерек береди. Сурхандәрьяның Денов қаласына жақын Далверзинтепе аўылынан табылған Қушан мәмлекети дәўиринде қурылған сарайқалдықлары арасынан 40 кг нан артық алтын жайластырылған хум табылған. Ашхабат әтирапынан табылған битиклер, жазыўлар болса салық тӛлеў бойынша үлкен мәмлекетлик кеңес(канцелярия) болғанлығынан дерек береди. Бул ҳүжжетлерди анализ қылыўсоны кӛрсетеди, салық жыйнаў ҳәм ӛнимлерди сақлаўға кӛплеген әмелдарлар тартылған. IV-VI әсирлердеги түркий қәўимлер тарийхына тийисли әййемги дереклерде қәўимлер, урыўлар ортасында пайда болған тартысларда жеңилиске ушыраған тәреп халқы жаңа ҳүкимдарларына жер яки шарўа маллары ушын салықлар тӛлеп турғанлығы, дийханшылық яки шарўашылық пенен шуғулланыў имканы болмаған жерлерде болса салық орнына белгиленген муғдарда кәнлерден рудалар қазып бергенликлери ҳаққында мағлыўматларды ушыратыў мүмкин. Араблар ҳүкимдарлығына шекем Орайлық Азияда қәлиплескен салықлар системасының ӛзгешелиги соннан ибарат, бул дәўирде қуллық ҳәм феодал мәмлекет басқарыўдың ӛзине тән белгилари бирлесип кеткен, ҳәттеки айырым жағдайларда бай әмелдарлар әскер басыларға мийнет ҳақы тӛлемеген. Салықларды ӛндириўде жергиликли ақсақаллар менен бирге салық ӛндириўдиң ижара усылы да қолланылған. Салықлар кӛпшилик жағдайларда районлар бойынша белгиленип, тӛлеўшилердиң ӛзгешеликлери итибарға алынбаған. 651 жылдан баслап мәмлекетимиз территориясында араблар ҳүкимдарлығы орнатылды. Салыққа тартыў системасы бир қанша қурамаласты ҳәм салықлардың кӛплеген түрлери пайда болды. Мәселен, хайр-еҳсон мүтәжликлери ушын салық - закат (мал-мүлктен 2,5 процент муғдарында) социаллық кескинликти жумсартыў ушын мӛлшерленген, камбағаллар, жетимлер ҳәм жолаўшыларға хайр-еҳсон бериўде пайдаланылған. Буннан тысқары, тӛмендеги салықлар бар еди, ўазыйпа - ўлпан, жузя - жан салығы, хирож - жер салығы. Хирож тӛмендеги формаларда ӛндирилген: Мисаҳа - ислеў берилетуғын майдан бирлигинен турақлы ставкаларда; Муқота - турақлы белгиленген суммада; Муқосама - ҳасылдың белгили үлесинде (1/3 бӛлими). Хирож Наўрыз байрамы қарсаңында жыйып алынған. Жузяны мусулман болмаған пухаралар (азат еркеклер) тӛлеген. Қатын-қызлар, кекселер, камбағаллар ҳәм қуллар бул салықты тӛлеўден азат қылынған. Жузяны есаплаўда ӛзине тоқлық дәрежеси есапқа алынған ҳәм салық пул яки натура формасында ӛндирилген. Жоқарыдағы салықлардан тысқары шарўалардан, ӛнерментлерден ҳәм саўдагерлерден салықлар алынған. Араблар ҳүкимдарлық қылған дәўир салық сиясатында бир қанша табысларға ерисилген болсада, бирақ базы кемшиликлер де бар болған. Соннан, Ноиб Ашрас алып барған салық сиясатында, қысқа ўақыт ишинде еки қарама-қарсы жол тутылған. Дәслеп мусулманлар жузя ҳәм хирождан азат етилген. Бирақ кӛп ўақыт ӛтпей қазнаға түсимлердиң кескин қысқарып кетиўи бул пәрманды бийкар қылыўға мәжбүр еткен. Ақыбетинде Сўғд ҳәм Бухарада наразылық күшейип, ол қозғалаңға айланған. Ашрастың табыссыз салық сиясаты себепли арабларға қарсы күшли ҳәрекет ҳәўиж алып, Моварауннахрдың тез арада араблар ыхтыярынан шығыўы менен жуўмақланды. Еки әсирден кӛбирек ҳүкимдарлық қылған араблар салтанаты жуўмақланып, Сомонийлер (869-1005 жыллар) ҳүкимдарлығы орнатылғаннан соң, олар мәмлекетинде он девон шӛлкемлестирилди. Девонлардан үшеўи Девони муставфий (кирим-шығым ислерин басқарған) ҳәм Девони муҳтасиб (базарда тас-тәрези, баҳа ҳәм мусулманлар тәрепинен шариат тәртиплери орынланыўы үстинен қадағалаў жүргизген), Девони мушриф (мәмлекет ислери, соннан кирим-шығым ислерин жүриткен) салықларды да қадағалаған. Моварауннахрда IХ-Х әсирлерде жерлерди салыққа тартыў олар кимге тийисли екенлигине байланыслы еди. Жерлер үш тайпаға бӛлинген: Биринши тайпа жерлер - султанға тийисли болып (мулки султоний), бундай жер үстинен қадағалаў соңынан «Мулки девоний» деп аталған девон (маҳкама) әмелдарлары тәрепинен әмелге асырылып, усы тайпадағы жерлер ҳадден тыс кӛп еди. Бундай жерлерге тийкарынан дийханлар жерлери кирген. Екинши тайпа - жерлер шахсан ҳүкимдар сулоланың айырым ағзалары, әзелден дийхан бай әмелдарлар,бай дийханларға, саййидлар (Муҳаммад пайғамбар ханаданы әўладлары), айырым руҳанийлер, турк гвардиясының айырым басшылары, саўдагерлерге тийисли болған жеке мүлк жерлер. Үшинши тайпа жерлер - мусулман диний мекемелерине, яғный мешит, медресе, қонақжай мақбараларға ўақтынша яки ӛмирлик пайдаланыў ушын берилген вақф жерлер. Хирож үш тайпадағы жерлерден де алынған болып, олар «мулки хирож» деп аталған, лекин бунда жоқары мусулман руҳаныйларға, аўеле саййидларға тийисли жерлер салыққа тартыўдан толық яки бир бӛлиминен азат қылынған. Х әсир басларында Моварауннахрды Қарахонийлер ийеледи, яғный дарийзабон сулоласы орнын туркийзабон сулоласы ийелеў, орайластырылған мәмлекет орнына мәмлекетти басқарыўдың үлес системасы орнатылып, барлық жер хан мүлки есапланған, дийханшылық жер ийелиги институты сыпатында тарийх сахнасынан түсиўине себеп болды. Бул дәўирде ―иқтаъ‖ салық жыйнаўдың тийкарғы дерегине айланған. ―Иқтадорлар‖ ӛз нәўбетинде дийханлардың әпиўайы жәмәәтшиге айланыўына зәмин жаратты. Жерлер белгили мүддетке ―Иқтадорлар‖ пайдасына белгили дәраматты толық яки бир бӛлимин алыў ҳуқуқы менен саўға қылынған. ―Иқтаъ‖ сақыблары дийханлардан арнаўлы қарар менен белгиленген салықларды ғана алыўы мүмкин еди. ―Иқтаъ‖ға тек ғана жерден емес, бәлким салыққа тартыўдың басқа объектлеринен (дигирман, ҳаммом, базардағы дүканлар) алынатуғын салықлар ҳәм дәраматлар да берилиўи лазым еди. 1221 жылда Орта Азияда монголлар ҳәкимяты орнатылды. Бул территорияларда салық сиясатын алып барыў мақсетинде олар тәрепинен қуралтайда усынылған илажлар турмысқа енгизиле баслады ҳәм Маҳмуд Жалаңбас басшылығында үлкедеги халқлардан ҳәр қыйлы салықларды ӛндиретуғын еди. ―Калон‖ салығы дийханлардан жыйылатуғын тийкарғы салық болып, ол ҳасылдың оннан бир бӛлимин қураған. Шарўалардан ―кўпчур‖ салығы алынған болып, оның муғдары ҳәр жүз бас қарамалдан бирге тең еди. Буннан тысқары ―Ясо‖ нызамы бойынша халықтан мәмлекет пайдасына ―шулси‖ деп аталған салық ӛндирилген. Усы салық түриниң муғдары ҳәр бир отардан еки жасар қой ҳәм ҳәр мың аттан бир биени (қымыз ушын) қураған. Сондай ақ, мәмлекеттеги саўда жолларында жайласқан бәндирги – ―ѐм‖ (жем) лердиң қәрежетлери де ҳалықтың мойнына жүкленип, олардың муғдары сол дәрежеде кӛбейип кетер еди, базы ҳалларда ҳәр бир ―ѐм‖ ушын 20 ат-кӛлик, сойыў ушын қойлар, саўыў ушын саўыўшысы менен биелер, арбалар ҳәм басқа сарп-қәрежетлер ажыратылған. Монголлар ҳүкимдарлығы дәўиринде дийханлар ҳәм ӛнерментлердиң аҳўалы жыл сайин жаманласып барды, себеби жер салығын тӛлеўден тысқары дийханлар ҳәр қыйлы мәжбүриятлар ҳәм хызметлерди орынлайтуғын еди. Ӛнерментлер, әсиресе, қурал таярлап бериў киби мәжбүриятларды алған еди. Феодал ҳәм бай әмелдарларға ханзада ҳәм хан қатынлары жарлық ҳәмде пайзалар тарқатқан, бул лаўазымлар дийхан ҳәм ӛнерментлерден түрли хызмет ҳәмде мәжбүриятларды орынлаўды талап қылыў ҳуқуқын берген. Пайза кӛрсетилгенде жергиликли халық, мәселен саяхат қылыўшыны аўқатлантырыўы ҳәм оған хана, атына жем бериўи ҳәм басқа қолайлықлар жаратыўы шәрт еди. Жыл сайын халықтың жасаў шараяты аўырласып барыўы мәмлекеттиң кӛп жерлеринде қозғалаңлар кӛтерилиўине себеп болды. Бул қозғалаңлар тезлик пенен бастырылған болсада, лейкин монгол ҳүкимдары Муннехан Моварауннахрда салық тӛлеўшилер әмелге асырып атырған тәртипсизликлер ҳәм ӛз басымшалықларға тийисли пәрман шығарды. Оған кӛре бай адамлар 10 динар, камбағаллар болса 1 динар тӛлейтуғын болды. Шарўа салығы 100 туяқтан бир бас алыныўы белгиленди. Мусулман, христиан ҳәм бутпараслар руўханыйлары, сондай ақ, кексе ҳәм ислеўге жарамсыз адамлар салық тӛлемейтуғын болды. Салық жыйнаўға жуўапкер болған Маҳмуд Жалаңбас қозғалаңнан соң ӛз лаўазымынан босатылды ҳәм Моварауннахрдан қуўып жиберилди. Салық жыйнаўшы ҳәм ноиб етип оның улы Масъудбек тайынланып, ол бул лаўазымда 51 жыл хызмет қылды. Ол монголларға ўлпон ҳәм салықларды ӛз ўақтында тӛлеп турды. Нәтийжеде монголлар Моварауннахрды басқарыў исине араласпаған. Бундай ҳалат Әмир Темур ҳәкимяты орнатылғанша даўам етти. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling