Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Октябрь революциясына шекем болған дәўирде салықлар ҳәм
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
4. Октябрь революциясына шекем болған дәўирде салықлар ҳәм салыққа тартыўдың раўажланыўы Темурий шахзадалардың ӛз ара тоқтаўсыз алып барған тахт таласыўлары ақыр ақыбетинде салтанаттың Шайбанийхан қолына ӛтиўине алып келди ҳәм XVI әсир басларынан Моварауннахрда жаңа шайбанийлер сулоласы қарар тапты. Олар дерлик жүз жыл ҳүкимдарлық қылып, темурий бай әмелдарлар ҳәм олар менен байланыслы жоқары руўханийлер ҳәм жер ийелери жоқ қылынды, олардың жерлери, мүлклери ҳәм басқа байлықлары байлар қолына ӛтти. Лейкин шайбанийлер мәмлекетиниң социаллық дүзими темурийлар мәмлекети ӛзгешеликлерин сақлап қалды. Әўелгидей белгили шахсларға дәслеп мәмлекет қазнасына түскен салықларды белгили ўақыт ӛз пайдасына ӛндириў ҳуқуқы берилди. Бухарада бундай шәртли саўға форсша «танҳо» атамасы менен атала баслады. Шайбанийлер мәмлекетинде салық, ўлпон ҳәм мәжбүриятлар системасы бир қанша қурамалы болған. Рәсмий 90 ға жақын салық ҳәм ўлпонлар ӛндирилген. Тийкарғы салық хирож болып, ол суўғарылатуғын жерлердиң 30-40 процентине салынған; мәмлекет аппараты, әмелдарлар ҳәм хан сарайын бағыў ушын ихрожот алынған; бағлар, палызлар, бедезарлар да салыққа тартылған. Егер мәмлекет аппараты пулға жүдә мүтәж болса, ўақты – ўақты алынатуғын салықлар енгизилген. Салық ҳәм ўлпонлардан тысқары мәжбүрий ислеп бериў мәжбүрияты болып, олар ишинде ең аўыры ясоқ болған, яғный халық каналлар, қәндеклер қазыў, жоллар қурыў, отын, сабан, шӛп жыйнаўға тартылған ҳәм тегин ислеп берген. Жоқарыдағылардан тысқары шайбанийлер дәўиринде тоғор, улуфа, қўналға, мададилашкар, бож, тансуқот, туҳфа ҳәм басқа салықлар әмел қылған. XVII әсир ҳәм XVIII әсирдиң биринши ярымында Орайлық Азияда орайласқан мәмлекет үш ғәрезсиз мәмлекетке: Бухара әмирлиги, Хийўа ҳәм Қоқан ханлықларына бӛлинип кетти. Олардың ҳәр бири ӛз шегарасы, мәмлекетлик дүзими ҳәм қазнасы, ӛзиниң ғәрезсиз финансына ийе еди. XVI әсирде ақ дүзилген Хийўа ханлығы крезисти басынан кеширер еди. Салық жүгиниң аўырлығы дийханлар, қалалылар ҳәм кӛшпели – түркмен қәўимлери мойнына түсер еди. Түркменлер жер-мүлк салығы - ҳасылдың оннан бир бӛлимин ҳәм онлаған мың бас қойды «хан қазаны» ушын салық сыпатында тӛлер еди. Адоқли-хизр қәўими ханға нӛкерлер яки гвардия жеткерип берер еди. Ўлпон тек хан ушын емес, бәлким хан сулоласының айырым ўәкиллери ушын да ӛндирилетуғын еди. Туркмен қәўимлери тез-тез қозғалаңлар кӛтерип, ўақты-ўақты менен белгили ғәрезсизликке ерискен. Хийўа ханлары қазнасы XVII әсирде айырым қазнашылар қолында еди. Тӛменги административлик аппарат арбаблар (Аўыл ақсақаллары) дан ибарат еди. Аўылларда жер ийелери жуўапкершилигине оларға бойсыныўшы халық есабынан жолдан ӛтип барыўшы елшилерди азық-аўқат пенен тәмийнлеў мәжбүрияты жүкленген еди. Хийўа ханлығында усы ўақытта хан қазнасына дәраматтың тийкарғы бӛлими отырықшы ҳәм ярым кӛшпели халық ислеў беретуғын сүрилетуғын жерлерден түсер еди. Қазнаға қараслы яки мәмлекет жерлеринде жасайтуғын дийханлар форсша «даҳяк» яки арабша «ушр» сӛзи менен аталатуғын хирожды, шығырлар жәрдеминде суўғарылатуғын жерлерден ҳасылдың бестен бир бӛлими муғдарында тӛлеген. Жеке мүлк қылып берилген жерлерден хирож олар қандай тайпаға байланыслылығына қарап алынған. Хан жарлығы бойынша белгили мүлк қылып берилген жеке мүлк жерлери де азелден жеке мулкти қураған әдеттеги жеке мүлк жерлер салығы деп аталыўшы, пул менен тӛленетуғын жер салығына тартылған. Адай мүлк (әпиўайы халық тилинде атай мүлк) жерлерден жер салығы емес, бәлким қура салығы ӛндирилген, бул салықты тӛлеўшилер ӛз мүлкий аҳўалларына қарай киритилетуғын тайпаға муўапық есап-китап қылынған ҳәм сол себепли дәрамат салығы ӛзгешеликлерине ийе болған. Салықты қазнаға ҳәм «даҳяк»ты ӛз вақф мекемеси пайдасына киритиўге мәжбүр болған вақф жериниң ижарашылары ең аўыр аҳўалға түсип қалған еди. Саййидлар, хожалар, шайхлар ҳәм хызметкер шахслардың жерлери арнаўлы хан жарлықлары менен хирож тӛлеўден азат қылынған. Бундай шахслар түркше-форсша сӛз бенен «ѐрлиқдор» деп аталған. Нӛкерлерге тийисли жерлер де хирождан азат қылынған. Товар питимлер ушын салықлар - закат ҳәм тәрези жыйымлары белгиленген. Ханлық саўда орайлары (Ургенч, Хонқа, Хийўа, Гурлен ҳәм басқа қалалар) саўдагерлери буннан тысқары ҳәр жылы ханға бай пулы салығын тӛлеген. Оның кӛлеми ханның арнаўлы пәрманы менен саўда қалаларына жиберилип, ҳәр бир саўдагерди хан қазнасына гўѐ қайтарыў шәрти менен белгили сумманы тӛлеўге мәжбүр қылынған, бирақ әдетте бул сумма ҳеш қашан қайтарилмаган. Усындай ӛзине тән тәриздеги қарзлар бир жылда еки-үш мәртебе алынған. Кӛшпели ҳәм шарўалардан хан қазнасына шарўаның улыўма мал туяғының қырқтан бири муғдарында закат алынған. Буннан тысқары Әмиўдарьяның оң жағасындағы шарўа ийелеринен алынатуғын «тарчўб» жыйымы да болып, пада жағадағы тоғайлар арасынан ӛткенинде шақа ҳәм шӛплерди жегенлиги ушын усы салық алынған. Тоғайдан ӛткен ҳәр бир пададан бир қой алынған. Хийўа ханлығында ўлпон жыйнаў ушын ҳәкимлер (округ ҳүкимдарлары), олардың жәрдемшилери яки қазылар жуўап берген. Олар алдында божманлар (бож жыйнаўшылар) ҳәм закат жыйнаўшылар, егер аймақта мәмлекет жерлери де болса, мушрифлар (натура формасында тӛленетуғын ўлпонларды жыйнаўшылар) де хызмет қылған. Аўылларда административлик-миршаблық қурамындағы барлық ислер менен ақсақаллар шуғылланып, олар халықтан ўлпонлар да жыйнаған. Ханлықтың административлик ҳәм финанс-салық аппараты пул менен тәмийнленбегенлиги себепли, ўлпонларды, әсиресе, даҳякты жыйнаўда әмелдарлар ӛз мәплерин гӛзлеўге жол қойған. XVIII – XIX әсирлерде ханлықта түрли социаллық-экономикалық Факторлар тәсиринде айырым салықлардың аты, мазмуны ӛзгерип турды, жаңа салықлар ҳәм жыйымлар енгизилди. Мәселен, Хийўа ханлығында солғит, солғит-кесма, чўп пулы, чангалак киби салықлар әмел қылған. Ханлықта 25 ке шамалас жергиликли салықлар ӛндирилген. Олар арасында лаўазымларды сатыўдан кӛрилетуғын дәраматлар айырым ажыралып туратуғын еди. Натура формасында ўлпонлар басқа ханлықларға қарағанда аўырлаў болған. Мәселен, қазыў – үлкен ҳәм киши сайларда жыйылып қалған ылайлардан тазалаў, 15-25 кун даўам еткен Кӛшиў - суў тасқынына қарсы қурылмаларды қурыў 15 - 25 кун, гӛне кӛпирлерди ремонтлаў, хан ҳәм оның әмелдарлары ушын сарайлар қурыў 12 кун ҳәм оннан артық даўам еткен. Тарийхый дереклер Хийўа ханлығында тӛмендеги салықлардың әмел қылғанлығынан дерек береди: гӛне жап-салмаларды қазыў (6 күнлик мәжбүрий мийнет ҳәм суў бӛлистириўши тармақларды тазалаў); қашы (зәрүр дамбаларды қурыў жумысларына тартыў); олғут (бир мәрте алынатуғын жыйымлар, солғут буған кирмейди); солғут (жер салығы); мылтық салығы (ләшкерлерге қурал-жарақ сатып алыў ушын алынатуғын пул салығы); арба алыў (арбалардан мәмлекет зәрүрлиги ушын пайдаланыў); улоқ тутув (түе ҳәм атларды, халықты жумысқа пайдаланыў); қўнолға (дийханлар тәрепинен әмелдарларға түнде түнеў ушын жай бериў); сўйсин (үй ийесиниң қонақта қалған кисини қой яки баспақ сойып мийман қылыўы); чопар пулы (салық жыйнаў хабарын жеткергенлик ушын тӛленетуғын ҳақы); тарези ҳақы (салық тӛлеў процесинде тәрезиманға берилетуғын пул); миробона (мироб пайдасына берилетуғын пул); дарвозабон пулы (жүк пенен қалаға киргенде қала дәрўазаманына берилетуғын пул); отланув (халқ ләшкери ҳәм хан қатнасатуғын аўда мәжбүрий қатнасыў); ипак моли (халық жипекшилик дәраматының 1/40 бӛлимин алыў); мир тумон ҳақи (жергиликли ҳәким ҳақы); шиғовул пулы; (пул салығы тӛлеў пайытында қазнашыға тӛленетуғын салық); қўрувбон пулы (тереклер қараўылы яки жайлаўды қадағалап турыўшы шахсқа тӛленетуғын ҳақы; мушрифона (ҳасылды тексеретуғын ҳәм муғдарын белгилейтуғын адамға берилетуғын пул); афанак пулы; шыбық пулы; ғалабалық ислер ӛткериў дәўиринде руўханийлер пайдасы ушын жыйылатуғын пул ҳәм басқалар. 9 Бухара әмирлиги финанс системасы негизинде араблар басқыншылығы дәўиринде пүтин мусулман халқы ӛзлестирген салық - хирож турған. Хирож жерден алынатуғын ҳасылдың бестен бир яки үштен бир бӛлими сыпатында алынған, ушр салығы болса оннан бир бӛлимди қураған. Ӛнерментлер ӛз қәбилети, дийдине сай рәўиште байрамларда ханға ӛз буйымларын усынған. Зәрүр жағдайларда олар ҳәр бир дүканнан жыйым тӛлеген. Бухара әмирлигинде ўлпон жыйнаў менен дийўанбеги - финанс ўәзири шуғулланған. Олар дәптерлер - ўлпон дизимлерин дүзген. Финанс әмелдарлары дийўанбеги басшылығында кадастрлар, әмир сарайының финанслық есабаты ҳәм материаллық бӛлими менен шуғулланған. Натура мәжбүриятлары үстинен қадағалаўды мәмлекетлик хызметкер (арбоб) алып барған. XIX әсирдиң биринши ярымында жеке мүлк жер салықлары Бухара әмири қазнасына ең кӛп дәрамат келтирген. Олар ишинде ең әҳмийетлиси еле хирож еди. Хирож жерлери (замини хирожий) әмирликтеги дийхан халыққа тийисли участкалардың үлкен бӛлимин қураған. Хирож белгили жер участкасынан белгиленген суммада пул ҳәм белгили муғдарда дән менен 9 Saburova S. «Xiva xonligida soliq (Qo‗ng‘irotlar davri)». «Soliq to‗lovchining jurnali» 2001 yil 12-son. ӛндирилген (хирожи ўазыйпа) яки ҳасылдың бестен, алтыдан, сегизден бир бӛлими муғдарында ҳасылдың сәйкес бӛлимин тӛлеўде (хирожи муқассама) аңлатылған. Жүзимгершилик, Жоңышқашылық, мийўели бағлардан - танобона алынған. 1807 жылы әмир Ҳайдардың бир жарлығында ҳәр танап жерден бир тилладан танобона алыныўы зәрүрлиги кӛрсетилген. Егер дийханшылық ийеси танобона тӛлеўден бас тартса, ҳасылдың үштен бир бӛлими мол (хирож) сыпатында алынған. Базыда хирож ҳасылдың ярымын қураған. Шоҳмурод заманында ҳәр бир жер егиўшиден қўшпулы алынған. XV-XVII әсирлерде закат жетим-жесирлер, мүсәпирлер пайдасына алынған болса, XVIII әсирден баслап қазна пайдасына алынатуғын болды. Закат тӛлеўден бас тартқан қәўимлер үстине омон пулы (моли омоний) алынған. Каналлар, имарат, қала, кӛпирлер, жоллар ремонты кӛмек жолы менен әмелге асырылған. Баста кӛмекшилер азық-аўқат пенен тәмийнленген. XVIII әсирден баслап кӛмекке келиўшилер азық-аўқаты, жумыс әсбаплары, ат- арбасы менен келиўи лазым болған. Дереклерде кӛрсетилиўинше XVIII әсирге шекем әййемги заманлардан алымлар, қазылар, ләшкербасылар ҳәм нӛкерлер хирож ҳәмде танобона тӛлеўден азат етилген. XIX әсирдиң 50-жыллары ақырында аўыл дийхан халқының кӛпшилиги нызам менен белгиленген жер салығы – хирож яки амлокдан тысқары, палыз яки бақ пенен бәнт болған ҳәр бир танап жер (таноб пули) ҳәм жоңышқазар ушын (алаф пули) айырым-айырым салықлар тӛлеген. Бул еки салық кӛбинесе таноба яки танап пулы деп аталған. Зарафшан алабында жасаўшы бир нешше дийханлар әмир Насруллаға муражат етип, олардың үйинен алыста жайласқан палызларға салынатуғын танобаны кемейттириўди илтимас қылады. Әмир илтимасты қанаатландырғаннан соң, палызлардан айырым салық – қўш пулы алына басланған. Закат ең әҳмийетли салық болып, оны тӛлеў ҳәр бир мусулман ушын бес парыздың бири есапланып келинген. Бул мал-мүлк салығын ӛндириў ушын әмелдарлар таярланған ҳәм закат алыў объектлери анықланған. Кӛшпели ҳәм шарўалардан закат шарўадан пул яки натура формасында (бес түеден бир, қырқ қойдан бир) ӛндирилген. Исши маллардан алынатуғын айырым жыйым да бар болып, оны яксара деп атаған. Ол бир жуп ат яки ӛгизден бир батпан бийдай кӛлеминде алынған. Бир исши малға ийе болғанлар бул муғдардың ярымын тӛлеген, ол нимсара деп аталған. Суў дигирманлары ҳәм жуўазлардан пул яки натурада жыйым ӛндирилген, оның кӛлеми кәрхананың қандай дүзилгени ҳәм дәрамат келтириўине ҳәмде аўыл хожалық тәрепинен қандай әҳмийетке ийелигине қарап ӛзгерип турған. Тарийхтан белгили болғанындай, XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап, Россия Орта Азияны басып ала баслады. Бухараның белгили бӛлимин басып алған соң, Әмир жүдә аўыр шәртнаманы қабыл қылады. Россия менен урыс пайытында әмир Музаффар аминона (садық пухаралық) деп аталған арнаўлы салықты енгизди ҳәм ол турақлы салыққа айланып, әмирлик тамамланғанша (1920) әмел қылды. Закат ҳәм аминонадан тысқары саўда жыйымларына (даллоли), бир үлкеден басқасына алып ӛтилип атырған товарлар ҳәм улыўма жүклерден алынатуғын арнаўлы бажылар да кирген. Закат пенен бирге товар дәслеп алып шығылған жерден узақласыўына қарап оның баҳасы бир қанша кӛбейген. Товарларды дәрьядан алып ӛткенлиги ушын суў пулы, базардағы орын ушын пул тахтажай киби салықлар да бар болған. Бухара әмирлигинде финанс, тийкарынан мал-мүлк салығы менен қусбеги паян шуғулланған. Ол киши жаптың жағасында жасағаны, кабинети сол жерде болғаны ушын тӛменги қусбеги деп аталған. Мәмлекеттеги барлық закат жыйнаўшылардың баслығы бар болып оны да закатшы калон (жоқары закат жыйнаўшы) деп атаған. XIX әсирдиң биринши ярымында Қоқан ханлығының салық системасы Бухара әмирлиги менен уқсас болған. Бул жерде де ғәллезарлардан хирож жыйымы жүзимзарлар, палызлар, бақлар ҳәм техникалық егинлери менен бәнт болған жерлерден танобона ӛндирилген. Товарлар, мал-мүлк ҳәм шарўадан закат алынған. Орта Азияның Россия тәрепинен басып алыныўы бул жерде әсирлер даўамында қарар тапқан система - аўыл хожалығы салығының ӛзгериўине себеп болды. Әўели Россия ҳүкимети дийханлардан салық алыўды кемейтти, лейкин жерлерди салыққа тартыўдың хирож ҳәм танап системасын сақлап қалды. Салықларды абсолют пул менен тӛлеў тартиби енгизилди, мәмлекет пайдасына натура түриндеги мәжбүриятлар бийкар қылынды. Салық ӛндириў ислери сайлап қойылатуғын аўыл басшыларына тапсыырылды. 1886 жылда Туркистан үлкесин басқарыў ҳаққында жаңа нызам енгизилди. Онда жерге тийисли қатнасықларда бир қатар илажлар ӛткериў кӛзде тутылған еди: барлық жерлердиң қазнаға тийислилиги жәрияланды ҳәм илгери ким жерлерге ислеў берген болса, жер соған пайдаланыў ушын берилди ҳәм барлық жерлер салыққа тартылды. Россия ҳүкимети 1867 жылда кӛшпели халық ушын отаў жыйымын енгизди, оған қарай ҳар бир отаўдан салық ӛндириле басланды. Россияның тийкарғы мақсети ханлықларды ярым колониялыдан ҳақыйқый колонияға айлантырыў еди. Усы мунәсибет пенен XIX әсирдиң екинши ярымында Туркистан Генерал губернаторлығы шӛлкемлестирилди. Басып алынған Бухара әмирлиги, Хийўа ҳәм Қоқан ханлықларының бир қанша бӛлими Россия ушын тек шийки зат ҳәм табиий ресурслар дереги ғана емес, бәлким бюджеттиң дәрамат дереги сыпатында әҳмийетли сиясый ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе болды. Хийўа ханлығында 1898 жылдан 1902 жылға шекем болған дәўирде 250- 300 пуд мыс тенгелер болған. Хийўа ханы бундай теңгелер түсиминен саўдагерлерге мәжбүрий тәризде қарзлар берер, буның ушын кредит суммасының 15 процентин тӛлеўди талап қылған. Усы қаржылар есабынан оннан артық пахта тазалаў заводы қурылды, пахтаның дерлик ҳәммеси Россияға жӛнелтилер еди. Бул территорияларда Туркистан Генерал губернаторлығы финансын шӛлкемлестириўде тӛмендеги ўазыйпалар белгиленди: А) Ханлықлардың бойсындырылған территорияларында ӛз валюталары орнына рус валюталарын енгизиў; Б) Мәмлекет финансын басқарыўда бюджет-смета режимин енгизиў; В) Салық системасын Россия салық системасы тийкарына сәйкеслеп түптен ӛзгертиў. Россия қойылған ўазыйпалардың дерлик ҳәммесине еристи. Бул территорияларда дәстүрге айланған закат орнына ӛнерментшилик салығы, хирож орнына болса - оклад системасы енгизилди. Булардан тысқары акциз салықлары, пахтаға ҳәм басқа шийки затларға салынатуғын салықлар туўрыдан-туўры Россия бюджетине барып түсер еди. 1914 жыл 12 ноябрь нызамына қарай, темир жол ҳәм ӛткеллерде ҳәр пуд пахтадан айырым «муваққат» салық алыў белгиленди. 1915 жыл январынан баслап жергиликли халық әскерий мәжбүриятларды орынлаў орнына, әскерий салыққа тартылды. Бул салық жәми туўры салық түрлериниң 21 % и муғдарында алынған. Бирақ 1914 жылда басланған биринши дүнья жүзлик урыс қазна қәрежетлериниң кескин артып кетиўине себеп болды. Қәрежетлерди қаплаў мақсетинде халықтан жыйылатуғын салықлар муғдары тоқтаўсыз кӛбейип барды. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling