Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Салық системасының бир пүтинлиги принципи


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet16/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Салық системасының бир пүтинлиги принципи 


Салық системасы Ӛзбекстан Республикасының пүткил аймағында 
барлық салық тӛлеўшилерге бирдей. 
Ӛзбекстан Республикасының бажыхана аймағы шеңберинде товарлардың 
(жумыслардың, хызметлердиң) яки финанслық қарпжылардың еркин 
айланыста болыўын тиккелей яки жанапай тәризде шеклеп қоятуғын 
салықлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер белгилениўине жол қойылмайды. 
Салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлериниң әшкәралығы
принципи 
Салық салыў мәселелерин тәртипке салыўшы норматив-ҳуқуқый 
ҳүжжетлер расмий баспаларда жәрия қылыныўы шәрт. Ҳәммениң итибары 
ушын расмий жәрияланбаған норматив-ҳуқуқый ҳүжжетлер күшке 
киритилмеген ҳүжжет сыпатында ҳуқуқый ақыбетлерди келтирип 
шығармайды ҳәм салық тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўға, 
олардағы кӛрсетпелер орынланбағаны ушын ҳәр қандай санкцияны қоллаўға 
тийкар болып хызмет қылыўы мүмкин емес. 
Салық тӛлеўшиниң ҳақлығы презумпциясы принципи 
Салық ҳаққындағы нызам ҳүжжетлердеги сапластырып болмайтуғын 
барлық қарама-қарсылықлар ҳәм анық емесликлер салық тӛлеўшиниң 
пайдасына шешиледи. 
Салыққа тартыў принциплери ҳәм салық нызамшылығы принциплери 
белгили уқсаслықларға ийе ҳәм оларды толық турмысқа енгизиў 
экономиканы раўажландырыўдың әҳмийетли ўазыйпаларынан бири 
саналады.
20
 
 
Қадағалаў ушын сораўлар 
 
1.Салыққа тартыў принциплери қандай тәртипте группаланады? 
2.Салыққа тартыўдың экономикалық, шӛлкемлестирилиў ҳәм ҳуқуқый 
принциплери мазмунын түсиндирип бериң? 
3.А.Смиттиң салыққа тартыў принциплерин түсиндирип бериң? 
4.Ӛзбекстан Республикасы Салық Кодексинде қандай салыққа тартыў 
принциплери аңлатылған? 
20
Yahyoev Q. «Soliqqa tortish nazariyasi va amaliyoti». T. «§afur §ulom» 2003 y.



Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   12   13   14   15   16   17   18   19   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling