Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet18/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

2. Салық элементлериниң қурамы 
Салық элементлери бир нешше түсиниклерден ибарат болып, олардың 
анық шегарасы белгиленбеген. Салық элементлери: салық субъекти, салық 
объекти, салық предмети, салық дереги, салыққа тартыў бирлиги, салық 
ставкасы, салық жеңилликлери, салық нормаси, салықты тӛлеў мүддетлери, 
салық жүги, салық базасын есаплаў усыллары, салыққа тартыў усыллары


ҳәм басқа да сол тақлеттеги түсиниклерди қамтып алады. Тӛменде салық 
элементлериниң ҳәр бирине қысқаша түсиник беремиз. 
Салық субекти- болып салық қатнасықларын нызамлы түрде 
юридикалық күшке ийе болған норма ҳәм нормативлер тийкарында 
әмелге асырыўшы тәреплер яғный салық төлеў мәжбүрияты 
жүкленген юридикалық ҳәм физикалық тәреп болған салық 
төлеўшилер ҳәм салықты ӛндириў ўәкиллиги жүкленген 
мәмлекетлик 
салық 
хызмети 
шӛлкемлери 
яғный 
салық 
өндириўшилер есапланады.
Салық объекти – болып салық тӛлеўшиниң салық есапланатуғын ҳәм 
салыққа тартыў ушын тийкар бола алатуғын дәраматы, айланысы ҳәм мал-
мүлки түсиниледи. Салық объекти сыпатында пайда яки дәрамат, белгили 
товарлардың қуны, жер майданы, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 
мүлклери, табийий ресурслардан пайдаланыў муғдары ҳәм басқалар киреди. 
Салық объекти тийкарында жәмийеттеги бар болған материаллық ҳәм 
руўхый байлықлардың айырымларына нызам жолы менен олардан 
пайдаланыўшы, ийелик қылыўшы ҳәм қарамағына алыўшы салық 
субъектлериниң ҳуқуқларын салыққа тартыўды характерлайди. Сонлықтан, 
материаллық ямаса руўхый байлықлар салық объекти сыпатында әлбетте 
оған мүлкий ҳуқуққа ийе болғанда ғана жүзеге шығады. Мәселен, ийесиз 
имаратқа салық салынбайды, себеби ийесиз имаратқа болған салық субъекти 
анық емес, имарат болған менен салық объекти сыпатында имарат емес
бәлким усы имаратқа болған мүлкий ҳуқуққа салық салынады. Сол жағынан 
айтыў мүмкин, салық объекти тийкарынан юридикалық ҳәм физикалық 
шахслардың мүлкий ҳуқуқы ҳәм дәраматына белгиленеди.
Салық базасы - салық объекттиң салық ставкасы қолланылатуғын 
муғдары. Есапланатуғын салық муғдары тек ғана салық ставкаларының 
муғдарына емес, соның мененбирге салық ставкасы қолланылатуғын 
объекттиң муғдарына да байланыслы болады. Салық базасының муғдары 


нызамшылықта салыққа тартылыўы лазым болған салық объектинен рухсат 
етилетуғын шегирмелерге байланыслы рәўиште ӛзгерип турыўы мүмкин. 
Салық базасын салық тӛлеўшилердиң усы тайпасына қолланылатуғын салық 
жеңилликлерине муўапық рәўиште кемейттириўге рухсат етиледи.
Салық агенти – бул юридикалық ҳәм физикалық шахслардан салықты 
услап қалыў ҳәм мәмлекет бюджетине ӛткерип бериўши юридикалық 
шахслар. Бунда юридикалық шахслар, олар ӛз хызметинде тиккелей яки 
жанапай иске жаллағанлығы нәтийжесинде тӛленетуғын ис ҳақыдан, 
дивидендлерден, турақлы мекеме арқалы хызмет кӛрсетпейтуғын норезидент 
юридикалық ҳәм физикалық шахслардан усланыўы лазым болған салық 
суммаларын услап қалады ҳәм бюджетке ӛткерип береди, услап қалынбаған, 
кем услап қалынған ҳәм ӛз ўақтында ӛткерип берилмеген салық суммасы 
ушын жуўапкер болып қала береди, яғный усы келтирилгенлерден 
айтыўымыз мүмкин, ҳәр бир юридикалық шахс салық қатнасықларында 
салық субъекти болыўы менен биргеликте салық агенти сыпатында да 
қатнасады. Салық агенти әдебиятларда тийкарынан фискал агент сыпатында
тән алынады.

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   14   15   16   17   18   19   20   21   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling