Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet17/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

5-тема. Салық элементлери
 
Таяныш сӛзлер 
 
Салық элементлери. 
Салық субъекти. 
Салық объекти. 
Салық агенти. 
Салық предмети. 
Салық базасы. 
Салыққа тартыў бирлиги. 
Салық ставкасы. 
 
Пропорционал салық ставкасы. 
 Прогрессив салық ставкасы. 
 Регрессив салық ставкасы 
 Салық жеңилликлери. 
 Салық жүги. 
 Салықты ӛндириў усыллары. 
 Салық механизми. 
 
1. Салық элементлериниң мазмуны ҳәм әҳмийети 
Салық элементлери ҳаққында гәп болғанда кӛбинесе әдебиятларда 
салыққа тартыў системасы ҳаққында сӛз жүритиледи. Сол орында салыққа 
тартыў системасы ҳаққында тоқталып ӛтетуғын болсақ, салыққа тартыў 
системасы салық системасына салыстырғанда тар түсиник болып, 
тийкарында салық системасына киреди. Салық системасы салыққа тийисли 
барлық қатнасықларды қамтып алса, салыққа тартыў системасы болса, усы 
қатнасықларды салықларды ӛндириў бойынша экономикалық-ҳуқуқый 
қатнасықларды ӛз ишине алады. Сол тәрепинен қарағанда салыққа тартыў 
системасы нызам шығарыўшы ҳәкимят тәрепинен нызам жолы менен 
белгиленген 
ҳәмде 
орынлаўшы 
ҳәкимят 
тәрепинен 
салықларды 
шӛлкемлестириў усыллары, элементлери ҳәм принциплери комплексинен 
ибарат. Салыққа тартыў системасының мазмуны ӛзгермейтуғындай болып 
кӛринседе, оның форма-принципи ҳәм бағдары мәмлекеттиң социаллық-
экономикалық сиясатына, қалаберсе салық сиясатының мазмунына 
байланыслы болады. Себеби, салыққа тартыў системасы ӛз ишине қурамлық 
жағынан салық элементлери, салықларды шӛлкемлестириў принциплери ҳәм 
усылларын алады, бул элементлердиң қай дәрежеде түсиндирилиўи болса, 
тиккелей мәмлекет сиясатына байланыслы болады. Мәселен, салық 
элементлерине кириўши салық ставкасының қайсы түрлериниң кӛбирек әмел 
қылыўы, салық жеңилликлериниң қай дәрежеде белгилениўи, салықларды 


ӛндириўде қайсы усыллардан кӛбирек пайдаланыў тийкарынан орынлаўшы
ҳәкимят хызметиниң мазмунына байланыслы. Соның ушын да салыққа 
тартыў системасы ҳәр бир мәмлекетте ӛзине тән тәризде әмел қылыўы ҳәм 
шӛлкемлестирилиўи мүмкин. 
Демек, жоқарыдағылардан келип шығып айтыўымыз мүмкин, мәмлекет 
нызамшылығы менен белгиленген ҳәм оның арнаўлы мекемелери тәрепинен 
ӛндирилетуғын салықларды шӛлкемлестириў усыллары, элементлери ҳәм 
принциплери комплексине салыққа тартыў системасы деп аталады. 
Салыққа тартыў системасының тийкарғы буўыны есапланған салық 
элементлери салыққа тартыўда аңлатылатуғын түсиниклер болып, олар 
салық тӛлеўшилер ҳәм салықты ӛндириўши ортасындағы экономикалық-
ҳуқуқый қатнасықларда кӛринеди.
Салық теориясында салыққа тийисли қатнасықларды толық ҳәм 
тереңирек аңлаў ушын экономикалық категориялардың ҳәр бир киши 
топарлары белгили атамадағы ибаралар менен түсиндириледи. Салық 
элементлери де тап сондай салыққа тийисли экономикалық ҳәдийселерди 
түсиндириўге хызмет қылыўшы ӛз ишине салыққа байланыслы бир нешше 
терминди қамтыўшы бир пүтин түсиник. Салық элементлери түсиниги 
салыққа тартыў системасының әҳмийетли қурам бӛлеги болып, оның ӛзи де 
киши системаны қурайды, яғный жуўмақлап айтқанда салық элементлери де 
бир нешше экономикалық категориялардың пүтин ҳалдағы ҳәрекетин 
билдиреди. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   13   14   15   16   17   18   19   20   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling