қурылма.
Жоқарыда келтирилген тәрийплерге қарағанда, «механизм»
атамасы экономика илиминде анаў ямаса мынаў объектке тәсир ӛткериў
ушын ислетилиўи мүмкин болған қураллар, усыллар, рычаглар ҳәм
формалардың ишки ӛзара байланыслы жәмленген бир мақсетке
бағдарланыўы деп қараў мүмкин.
Салық механизмин жәмийет тәрепинен салық қатнасықларын
шӛлкемлестириў ушын қолланылатуғын усыллар жыйнағы деп атаў
мүмкин.
Лейкин
бул
тәрийплеў
салық
механизминиң
шӛлкемлестирилиў-ҳуқуқый
мазмуны
ҳәмде
мәнисин
ӛзинде
сәўлелендире алмайды.
Салық механизминиң түпкиликли мазмуны мәмлекет, жәмийет ҳәм
айырым субъектлердиң социаллық-экономикалық иләжларды әмелге
асырыў ушын пул қаржыларына болған зәрүрлигин қанаатландырыўға
мӛлшерленген
орайластырылған
ҳәм
орайластырылмаған
пул
қаржылары фондларын шӛлкемлестириў менен байланыслы объектив
пул қатнасықлары процесин сәўлелендиреди.
Салық механизми, экономикалық категория болған салықлардан
парқлы тәризде, адамлар аңлы хызметиниң нәтийжеси сыпатында
келип шығыўына тийисли болып, оны әмелге асырыў формасы
субъектив характерге ийе. Салық механизми ҳаққында кеңирек түсиник
топлаў ушын, салық ҳәм салыққа тартыў процесиниң қурамлық
элементлерин еслеп ӛтиў орынлы.
Салық объекти, салық субъекти, салық базасы, салық ставкасы,
салықты тӛлеў мүддетлери, салық бойынша жеңилликлер ҳәм
жәриймалар, салықларды есап-китап қылыў ҳәм бюджетке ӛткериў
тәртиби, салық тӛлеўшилердиң жуўапкершиликлери, салық мекемелери
Do'stlaringiz bilan baham: |