Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet33/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

3. Туўры ҳәм жанапай салықлар 
Салықлардың туўры ҳәм жанапай салықларға группаланыўы салыққа 
тартыў объектине, тӛлеўши менен мәмлекеттиң ӛзара қатнасықларына 
байланыслы болады. Туўры салықлар туўрыдан-туўры дәраматқа ҳәм мал-
мүлкке қаратылады. Товардың баҳасында тӛленетуғын яки тарифке 
киритилетуғын товарлар ҳәм хызметлерден алынатуғын салықлар жанапай 
салықларға киреди. Товар ҳәм хызметлердиң ийеси оларды сатыўда салық 
суммаларын алып, оларды мәмлекетке ӛткереди. 
Дәраматлар алатуғын (мал-мүлкке ҳәм басқа баҳалылықларға ийелик 
қылатуғын) хожалық жүритиўши субъектлер туўры салықлардың ақырғы 
тӛлеўшиси есапланады, баҳаларға үстемелер арқалы салық жүги жүклеп 
қойылатуғын товардың тутыныўшысы болса, жанапай салықлардың ақырғы 
тӛлеўшиси есапланады. 
Әмелиятта тек ғана жанапай салықлар емес, соның менен бирге туўры 
салықларды да тутыныўшылар жуўапкершилигине ӛткериў имканияты бар. 


Мәселен, кәрханалар тӛлейтуғын салықлар жүги инфляция дәўиринде 
кӛбинесе 
баҳаны 
асырып 
жибериў 
арқалы 
тутыныўшылар 
жуўапкершилигине жүклеп барылады. 
Туўры салықларға тартыўда қаржылардың бағдарланыўы жаңа қунды 
бӛлистириў пайытында басланады. Мәмлекет дәрамат алынған ўақтында ақ
оның бир бӛлимине ӛз ҳуқуқларын жәрия қылады. 
Салық тӛлеўшиниң дәраматы (ис ҳақы, пайда, процентлер ҳәм басқа) 
ҳәм оның мал-мүлкиниң (жер, үйлер, баҳалы қәғазлар ҳәм т.б.) қуны туўры 
салықлар объекти болады. Салыққа тартыўдың бул формасы жанапай 
салықларға қарағанда бир қанша прогрессив саналады, себеби ол салық 
тӛлеўшиниң дәраматлылығын, семьялық аҳўалын есапқа алады, салық 
дәраматты алыў басқышында ӛндириледи. Буннан тысқары, туўры 
салықларға тартыўда салық тӛлеўши ӛз салығының суммасын анық биледи. 
Тарийхый жақтан алғанда туўры салықлар XVIII әсирде ҳәм XIX 
әсирдиң биринши ярымында қәлиплескен, олар тек ХХ әсирде кең ен жайған. 
Туўры салықлар реал ҳәм жеке салықларға бӛлинеди. 
Реал салықлар салық тӛлеўши мал-мүлкиниң айырым түрлеринен (жер, 
үйлерден) кадастр тийкарында ӛндириледи, тӛлеўшиниң ҳақыйқый 
дәраматлылығын емес, бәлким орташа дәраматлылығын есапқа алады. 
Салыққа тартыў объектине қарап тӛмендегилер реал салықларға киреди: 
жерге тийисли, үй-жайларға тийисли, кәсип-ӛнерге тийисли, баҳалы 
қәғазлардан алынатуғын салықлар. Реал салықлар сыртқы белгилерине 
тийкарланады, 
салыққа 
тартыў 
мал-мүлктиң 
кадастр 
бойынша 
анықланатуғын орташа дәраматлылығы бойынша әмелге асырылады. Ӛз 
мазмунына қарай бундай салықлар регрессив түске ийе. 
Ӛндирис күшлериниң раўажланыўы, мәмлекет хызметиниң кеңейиўи 
жеке салықларға ӛтиўди талап етти, себеби реал салықлар фискал жақтан 
да, социаллық-экономикалық жақтан да пайдалы болмай қалды. Реал салыққа 
тартыўдың айырым элементлери, әдетте, жергиликли салықлар системасында 
тийкарынан санааты раўажланған мәмлекетлерде сақланып қалған. Жеке 


салықлар кӛбеймекте, булар дәраматлар дерегинде ямаса декларация 
бойынша ӛндирилетуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң 
дәраматлары ҳәм мал-мүлкинен алынатуғын салықлар есапланады. Реал 
салықтан парқлы рәўиште жеке салыққа тартыўда объект (дәрамат, мал-
мүлк) ҳәр бир тӛлеўши ушын жеке тәртипте есаплап шығылады, оның 
финанслық аҳўалы (шаңарақ ағзалары саны, қарыздарлық ҳәм басқа) 
итибарға алынады. Раўажланған мәмлекетлерде салыққа тартыў объектине 
қарап жеке салықлардың тӛмендеги түрлери парқланады: дәрамат салығы, 
пуллы қаржылардан тусетуғын дәраматлардан алынатуғын салық, 
капиталдың ӛсиўинен алынатуғын салық, корпорацияның пайдасынан 
алынатуғын салық, мийрастан ҳәм саўға қылыўдан алынатуғын салық, мал-
мүлктен алынатуғын салық, жан басына алынатуғын салық ҳәм басқалар. 
Жанапай салықлар баҳаға ямаса тарифке устеме сыпатында 
белгиленетуғын товарлар ҳәм хызметлерден алынатуғын салықлар 
есапланады. Жанапай салықларға тартыўда мәмлекет товар яки 
хызметлердиң сатылыўы пайытында усы қунның бир бӛлимине ӛз 
ҳуқуқларын енгизиў тийкарында жаңа қунның бӛлистирилиўиниң 
қатнасыўшысы болып қалады. Жанапай салықлар туўры салықлардан 
парқлы рәўиште тӛлеўшиниң дәраматы яки мал-мүлки менен тиккелей 
байланыслы болмайды. Товарлар, әдетте, жеке тутыныў товарлары, сондай 
ақ хызмет кӛрсетиў тараўының (шаштәрезханалар, моншалар, химиялық 
тазалаў хызметлери) пулы айланысы, тамаша кӛрсететуғын ҳәм транспорт 
кәрханаларының билетлери ҳәм басқада усыған усағанлар салыққа тартыў 
объекти болады. Жанапай салықларға тартылатуғын товарлар ҳәм хизметлер 
саны үзликсиз кеңейип бармақта. 
Қарыйдар-тутыныўшы жанапай салықлардың тӛлеўшиси болады. 
Товардың ийеси яки хызметлер кӛрсететуғын шахс тийкарынан салықты 
жыйнаўшы есапланады. Жанапай салықлардың бир қанша бӛлими мүлкдар 
тәрепинен товардың яки хызметлердиң баҳасына қосылады. Мәмлекетлик 
кәрханалар ҳәм монополиялар салықтың пүтин суммасына баҳаларды 


асырыў бойынша жүдә үлкен имканиятларға ийе. Тараў ишиндеги бәсеки 
жоқары болғанында ҳәм талап турақлы болмаған ҳалда салықтың белгили 
үлеси товардың ӛндириўшиси ҳәм сатыўшы тәрепинен тӛленеди. Жанапай 
салықлардың тийкарғы тӛлеўшиси ақыр-ақыбетинде тутыныўшылар болады. 
Жанапай салықлар дәраматлылықты, семьялық жағдайды есапқа 
алмайды. Барлық пухаралар ӛз дәраматларының муғдарына қарамастан, 
бундай салықларды тӛлейди, себеби жанапай салықларға тартылатуғын 
турмыс ушын зәрүр болған товарларды тутынады ҳәм хызметлерден 
пайдаланады. 
Жанапай салықлардың ставкалары турақлы (товар ӛлшеминиң 
бирлигине) ҳәм процентли (товардың баҳасына белгили үлесте) болады. 
Процентли ставкалар мәмлекет ушын кӛбирек пайдалы, себеби баҳалар 
артқанында салық түсимлери де кӛбейеди. Салық ставкаларының 
асырылыўы олардың товарлардың баҳасындағы үлесиниң артыўына алып 
келеди. 
Жанапай салықлар акцизлерди, мәмлекеттиң фискал монополияларын 
ҳәм бажыхана бажыларын ӛз ишине алады. Акцизлер ӛндирилиў усылына 
қарап жеке тәртиптеги (пивоға, шекерге, бензинге ҳәм т.б.) ҳәм универсал 
(қосымша қун салығы ҳәм басқалар) түрлерге бӛлинеди. 
Салықлардың айырым түрлериниң үлеси жәмийеттиң раўажланыўына 
қарап ӛзгерди. XIX әсирде ҳәм ХХ әсир басында ӛндирилиўиниң 
әпиўайылығы менен ажыралып туратуғын жанапай салықлар тийкарғы 
әҳмийетке ийе еди. 20-жыллардан баслап кӛплеген мәмлекетлерде туўры 
салықлар кӛбирек әҳмийетке ийе бола баслады. Екинши дүнья жүзлик 
урыстан соң раўажланған мәмлекетлердиң салық системасында туўры 
салықлар айырым әҳмийетке ийе болып қалды, дәрамат салығы ҳәм 
корпорациялардың пайдасынан алынатуғын салық олардың ишинде 
тийкарғы орынды тутты. 


Жоқарыдағылардан келип шығып, жуўмақ қылғанымызда, туўры 
салықларды туўрыдан туўры салық тӛлеўшилердиң ӛзи тӛлейди, яғный 
салықтың ҳуқуқый ҳәм ҳақыйқый тӛлеўшиси де бир шахс есапланады. 
Жанапай 
салықлардың 
ҳуқуқый 
тӛлеўшиси 
ӛнимди 
жүклеп 
жибериўшилер, 
жумыс, 
хызметти 
орынлаўшылар 
ҳәмде 
хызмет 
кӛрсетиўшилер, ҳақыйқый тӛлеўшиси болса тутыныўшылар есапланады.
Республикамызда әмел қылып атырған салықлар ҳәзирги күнде жалпы 
ишки ӛнимниң үштен бир бӛлимин бӛлистирип, бюджетке тартады ҳәм ол 
арқалы мәмлекеттиң социаллық зәрүрий қәрежетлерин финансластырыўға 
бағдарлайды. Соңғы жылларда туўры салықлардың үлеси жалпы ишки ӛним 
қунында бираз кемейип, жанапай салықлар үлеси асқан. Бул жерде ҳәзирги 
шәраятта туўры тенденция бар, себеби жанапай салықлар туўрыдан- туўры 
кәрхананың инвестицион хызметиниң пәсейиўине алып келмейди. Туўры 
салықлар үлеси ЖИӚ қунында пәсейиўи кәрханалардың материаллық-
техникалық базасының кеңейиўине, қосымша ӛним ӛндирисине имкан 
жаратады.
Соңғы жылларда ресурс салықларының үлеси де бир қанша аспақта. 
Олар жер, суў, ҳәм басқа ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды 
тәмийнлейди. Мүлк салығы ҳәм ресурс тӛлемлерине: мүлк, жер, суў 
ресурслары ҳәм жер асты байлықларынан пайдаланғанлығы ушын 
тӛленетуғын салықлар киреди. Бул салықлар мазмуны бойынша туўры 
салықлар қатарына киреди, бирақ жер асты байлықларының түрлери 
бойынша акцизлер қолланылады. 
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде әмел қылып атырған туўры ҳәм жанапай 
салықлар қурамына тӛмендеги салықлар киреди: 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling