Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


 Салық системасын группалаў тәртиби


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet32/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

2. Салық системасын группалаў тәртиби 
Салық системасының 
тийкары болған 
салықлар 
ӛзине 
тән 
ӛзгешеликлерине, бир қатар белгилерине қарай группаланады. Салықлардың 
группаланыўы олардың объектине, хожалық жүритиўши субъектлер 
финанслық хызметине тәсир етиўине, ӛндирилиў усыллары, пайда болўына 
(субъектине), бюджетке бағдарланыўына ҳәм басқа белгилерине қарай 
олардың классификацияланыўы есапланады. 
Салықларды бундай тәртипте группаларға ажыратыўдағы мақсет 
оларды бӛлистириў принциплерин белгилеўде, олардың салықтың функция 
ҳәм ўазыйпаларын қай дәрежеде орынлап атырғанлығын баҳалаўда, улыўма 
алғанда мәмлекет бюджетин үзликсиз рәўиште дәраматлар менен 
тәмийнлеўде, сондай ақ хожалық жүритиўши субъектлердиң исбилерменлик 
хызметин шеклеп қоймастан хызмет кӛрсетиўи ушын салықларды ҳәр 
тәреплеме илимий-теориялық жақтан үйрениў, анализ қылыўдан ибарат. 
Салықлар социаллық-экономикалық дүзилисине қарап яки ӛндирип алыў 
дерегине қарап еки группаға туўры ҳәм жанапай салықлар группаларына 
бӛлинеди. Салықларды белгилейтуғын ҳәм олардан түскен қаржыға ийелик 
32
Xvan L.B. “Soliq huquqi”, T.: “Кonsaudit inform” 2001 y. 47 
bet. 


етиўине, яғный қайсы дәрежедеги бюджетке ӛткериў бойынша алып 
қарағанда салықлар мәмлекетлик ҳәм жергиликли салықларға бӛлинеди. 
Сондай ақ, салықлар пайда болыў дерегине қарай юридикалық ҳәм 
физикалық шахслардан алынатуғын салықларға бӛлинеди.
Салықларды группалаўдың айырым түрлерин кӛрип шығамыз. 
Салықларды объекти ҳәм экономикалық мазмуны бойынша группалаў 
экономикаға унамлы ҳәм унамсыз тәсир кӛрсетиўин үйрениўдиң илимий ҳәм 
әмелий усылы.
Салықлар салыққа тартыў объектине қарап үш группаға бӛлинеди: 
1. Айланыстан алынатуғын салықлар. Бунда салықлар хожалық 
жүритиўши субъектлердиң тиккелей айланысынан ӛндириледи, оларға 
қосымша қун салығы, акциз салығы, физикалық шахслардан транспорт 
қуралларына бензин, дизел жанылғысы ҳәм суйылтырылған газден 
пайдаланғанлығы ушын алынатуғын салық, бажыхана бажылары, жыйымлар 
ҳәм басқалар киреди. 
2. Мал-мүлк қунларынан алынатуғын салықлар. Бундай салықлар салық 
тӛлеўши субъектлер ийелигинде бар болған мал-мүлктен, жерден ҳәм 
басқаларға қарай белгиленетуғын салықлардан ибарат. 
3. Дәраматтан алынатуғын салықлар. Буған Юридикалық тәреплердан 
алынатуғын дәрамат (пайда) салығы, инфраструктураны раўажландырыў 
салығы, физикалық шахслардың дәрамат салығы ҳәм басқалар киреди. 
Мәмлекетимизде әмел қылып атырған салықлардың айырымлары 
кәрханалар хожалық хызметиниң ақырғы финанслық нәтийжесинен 
бюджетке тӛленетуғын кӛпшилик салықлар ҳәм мәжбүрий тӛлемлер келеси 
дәўир қәрежетлери арқалы ӛндирилген ӛнимниң ӛзине түсер баҳасына 
қосылады (жер салығы, мал-мүлк салығы ҳәм басқалар). Салықларды 
группалаўдың тийкары есапланған, оларды хожалық жүритиўши субъектлер 
финанслық хызметине тәсир етиўине қарап тӛмендегилерге ажыратыўымыз 
мүмкин: 


1. Товар (жумыс, хызмет) лар айланысынан тӛленетуғын салықлар. 
Бундай салықларға тийкарынан жанапай салықлар киреди, яғный қосымша 
қун салығы, акциз салығы, физикалық шахслардан транспорт қуралларына 
бензин, дизел жанылғысы ҳәм суйылтырылған газден пайдаланғанлығы 
ушын алынатуғын салық, бажыхана бажылары. 
2. Ӛндирислик ӛзине түсер баҳасына киритилетуғын салықлар: пенсия 
фондына ажыратпалар, кәсиплик аўқамлары фондына ажыратпалар, бәнтлик 
фондына ажыратпалар ҳәм басқалар. 
3. Дәўир қәрежетлерине киритилетуғын салықлар: мал-мүлк салығы, жер 
салығы, суў ресурсларынан пайдаланғанлығы ушын салық, жер асты 
байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салық ҳәм басқалар. 
4. Кәрханалар пайдасынан тӛленетуғын салықлар: дәрамат (пайда) 
салығы, инфраструктураны раўажландырыў салығы ҳәм басқалар. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling