Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


орталығын жаратыў ҳәм оны раўажландырыў айырықша әҳмийетке


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet40/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

орталығын жаратыў ҳәм оны раўажландырыў айырықша әҳмийетке 
ийе болғанлығы ушын салық сиясаты да бизиң республикамызда 
исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға қаратылғанлығы орынлы.
Бир ўақыттың ӛзинде пухта ислеп шығылған салық сиясатының 
турмысқа қандай енгизилиўи усы сиясатты әмелге асырыўда 
қолланылыўы лазым болған салық механизмине ӛзара байланыслы.
Салық сиясатының макроэкономикалық ҳалатқа тәсири жүдә үлкен 
болып, мәмлекетте жаратылатуғын жалпы ишки ӛним ҳәм миллий 
дәраматтың ӛзгериўи салық сиясатының нәтийжесине тиккелей байланыслы. 
Салық сиясатының макроэкономикалық ҳалатқа тәсирин салықлардың 
жалпы талап ҳәм жалпы усынысқа, инвестицион орталыққа, тутыныўға, 
экономикалық турақлылыққа тәсири кибилер менен баҳалаў мүмкин.
Салық сиясатын әмелге асырыўда әҳмийетли бир критерия болып салық 
ставкалары есапланады.
Салық ставкаларының ӛзгерислери тиккелей талаплар жыйнағына тәсир 
қылады. Тутыныўдың да, инвестициялардың да кӛлеми салықлардың үлкен-
кишилигине байланыслы болады. Мәселен, бюджетке салық түсими кемейип, 
мәмлекет қәрежетлери бурынғысынша қалған пайытта тутыныў ҳәм инвестиция 
қәрежетлериниң ӛсиўи хошаметленеди.


Жалпы талап қаншама кӛбейгени менен ол экономиканы ӛндирис 
имканиятлары (бар ресурслар ҳәм технологиялардың шәртли муғдары ҳәм 
сапасы) шеңберинен сыртқа «шығарып қойыўға» мүнәсип болмайды. 
Ӛндирис имканиятлары шегарасына жақынласқанда жәми талаптың ӛсиўи 
тийкарынан реал ӛндиристиң емес, бәлким баҳалардың кӛтерилиўи есабынан 
жүз береди. Соның ушын, хошаметлеўши салық-бюджет сиясаты 
экономиканың пәсейиўи жағдайында болғанда ғана ҳақыйқаттан унамлы 
нәтийже береди. Салық сиясаты алып барылғанда қысып шығарыў деп 
аталатуғын жағдай менен соқлығысыў жүз береди. Мәселен, мәмлекет 
қәрежетлери ӛзгермей турған шәраятта салық түсимлери кемейеди (яки 
керисинше, мәмлекет қәрежетлери кӛбейип, салық түсимлери болса дәслепки 
дәрежесинде қалады). Мәмлекет қәрежетлери ҳәм дәраматлары ортасындағы 
парқтың артыўын (бюджет дефицитиниң ӛсиўин) мәмлекет қарзлар есабынан 
қаплаўға мәжбүр. Бунда мәмлекет облигациялар шығарыўы мүмкин, бул 
облигациялардың сатылыўы финанс базары қаржыларынан пайдаланыў 
имканын береди. Бундай ҳәрекетлер финанс базарында миллий жамғармалар 
усынысы кемейиўине алып келеди. Нәтийжеде процент ставкалары 
кӛтериледи ҳәм жеке инвестициялар кӛлеми түсип кетеди. Биз кӛрген ҳалатта 
салықлардың кемейиўи себепли келип шыққан бюджет дефицитиниң ӛсиўи 
жеке инвестицияларды «қысып шығарады», буның нәтийжесинде, жалпы 
талап дәрежеси ӛзгермей қалады. Сонлықтан, қысқа мүддет ишинде қысып 
шығарыў нәтийжеси әмел қылмайды ямаса сезилмейтуғын дәрежеде жүз 
береди: финанс базары жетилиспегени себепли инвестициялар ҳәм 
жамғармалар узақ дәўирлерде ғана теңлеседи. 
Салық сиясатының нәтийжелилиги сап экспорт нәтийжеси менен 
шекленеди. Биз аниқлағанымыздай, салықлардың кемейттирилиўи миллий 
жамғармалар муғдарын қысқартады ҳәмде ишки процент ставкаларын 
жоқарылатады. 
Бундай 
жағдай 
ақыбетинде 
тек 
ишки 
(миллий) 
инвестициялардың қысқарыўы ғана емес, бәлким мәмлекетке шет ел капиталы 
ағып кириўиниң тезлесиўине де алып келеди. Бундай ҳалатта сырт ел 


инвестициялары ӛсип баратырған ишки процентли ставкалар менен 
хошаметленеди. Шет ел капиталының ағып келиўи миллий валютаға талапты 
асырады. Нәтийжеде валюта курсы кӛтериледи, сап экспорт муғдары
қысқарады. Валюта курсы кӛтерилгенде миллий товарлар дүнья базарында бир 
қанша қымбатласады, сырт ел товарлары болса ишки базарда арзанласады. 
Солай етип, салықларды кемейтиў себепли жәмийет қәрежетлериниң кеңейип 
кетиўи экспорттың қысқарыўы ҳәм импорттың ӛсиўи менен байланыслы жалпы 
талаптың пәсейиўи есабынан бир бӛлими тегисленеди. Бундай нәтийже 
белгиленген валюта курслары шәраятында әмел қылмайды: салықлар 
кемейттирилгенинде валюта курсы дәслепки дәрежесинде қалады ҳәмде сап 
экспорт тийисли рәўиште ӛзгермейди. 
Жоқарыдағылардан жуўмақ қылып айтыў мүмкин, хошаметлеўши салық 
сиясаты тек қысқа мүддетли тербелислер ақыбети болған экономикалық 
пәсейиў шәраятында, тек белгиленген валюта курслары пайытында 
сезилерли макроэкономикалық нәтийже береди. Ўақыттың узақ 
аралықларында болса оның тәсири болмайды. 
Енди салықларды қысқарттырыў ақыбетлериниң жалпы усынысқа тәсирин 
кӛрип шығамыз. Усы иләждың нәтийжеси соннан ибарат, бунда усыныстың 
қыя сызығы оған қарай жылжыйды - салықлардың пәсейттирилиўи 
қәрежетлердиң қысқарыўын (бул ҳалат исбилерменлерди ӛндиристи кеңейтиўге 
хошаметлейди) ҳәмде «сап» ис ҳақының ӛсиўин (бул ҳалат болса жалланба 
ислеўшилерди мийнет усынысын кӛбейтиўге хошаметлейди) аңлатады. Бунда 
(Салықлардың кемейттирилиўи ақыбетинде) жалпы талап әдетте жалпы 
усынысқа қарағанда кӛбирек ӛсип барады. Соның ушын да ӛндиристиң 
кеңейиўи менен бир қатарда баҳалардың улыўма дәрежеси кӛтерилиўи 
гүзетиледи. 
Бирақ жалпы усыныс дәрежесиниң ӛзгериўи узақ даўам ететуғын 
қурамалы процес. Соның ушын да макроэкономикалық турақлылық мақсетине 
ерисиў ушын мәмлекет ең дәслеп жалпы усынысқа емес, бәлким жалпы 
талапқа тәсир кӛрсетиўге умтылады. Буның үстине, ҳәзирги заман 


экономистлериниң есаплаўынша, макроэкономикалық турақсызлық тийкарынан 
жалпы талап турақсызлығының ақыбети есапланады. Мәселен, экономика 
жалпы талаптың унамсыз ӛзгериўи тәсири себепли пәсейиў процесин бастан 
кеширмекте. Бундай жағдайда мәмлекет жәмийеттиң жалпы қәрежетлерин 
салықларды кемейтиў ҳәм мәмлекет
қәрежетлерин кеңейтиў усылында 
хошаметлеўге умтылады. Егер ҳүкимет экономиканың «зорығыўы» нан 
қәўетерленсе яки пулдың қәдирсизлениўи дәрежесин азайтыўды қәлесе, ол 
жағдайда ӛзиниң финанс сиясатын күшли алып барыўда салықларды асырыўы
ҳәм мәмлекет қәрежетлерин қысқартыўы лазым болады. 
2. Салық жүги, оны анықлаў тартиби 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   36   37   38   39   40   41   42   43   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling