Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Ӛзбекстан Республикасы салық системасының қәлиплесиў ҳәм


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet37/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

6. Ӛзбекстан Республикасы салық системасының қәлиплесиў ҳәм 
раўажланыў басқышлары 
Ғәрезсизлик жылларында салық системасы реформасы раўажланыўын 
анық кӛрсетиў ушын усы дәўирлерди үш басқышқа бӛлип кӛрсетиў мүмкин. 
Биринши басқыш 1991-1994 жыллар - Ӛзбекстанның ӛз салық 
системасын шӛлкемлестириў ҳәм салықлардың қазналық әҳмийетин асырыў 
басқышы.
Республикамыздың ӛз салық системасын жаратыўда 1991 жыл 15 
февралда қабыл қылынған ―Кәрханалар, шӛлкемлер ҳәм бирлеспелерден 
алынатуғын салықлар ҳаққында‖ғы нызам биринши нызам болды. Ол ӛзинде 
биринши мәрте салық системасының дүзилиси ҳәм ислеўиниң улыўма 
тийкарларын анықлап берди, салықларды есаплаў ҳәм ӛндириў тартибин 
орнатты. 
1992 жыл 9 декабрьде қабыл қылынған ―Ӛзбекстан Республикасы 
пухаралары, шет ел пухаралары ҳәм пухаралығы болмағанлардан 
алынатуғын дәрамат салығы ҳаққында‖ғы нызамға бир қанша ӛзгерислер 


менен қабыл қылынды. Бул нызамға кӛре, салық объекти кеңейттирилди, 
яғный илгери дәрамат салығын коллектив хожалығы арқалы тӛлеп жүрген 
коллектив ағзалары туўрыдан туўры ӛзлери тӛлейтуғын болды. 
1993 жыл 7 майда Ӛзбекстан Республикасының ―Жергиликли салықлар 
ҳәм жыйымлар ҳаққында‖ ғы нызамы қабыл қылынды. Бундай салықларға 
физикалық 
шахслардың 
мүлк 
салығы, 
жер 
салығы, 
автомобил 
транспортларын қайта сатыў салығы, транспорт қураллары ийелеринен 
салықлар ҳәм 13 ҳәр қыйлы жыйымлар киритилди. 
Кәрханалар салықлары ҳаққындағы нызамға 1993 жыл 7 майда 
ӛзгерислер киритилип шет ел валютасында алынатуғын түсимнен салық 
енгизилди. Бул салықтан Республика валюта фондына ажыратпа дәслеп 25%, 
кейиншелик 10% қылып белгиленди. Демек, салық реформасының биринши 
басқышында салықлардың қазналық нәтийжелилигине ерисиў шара 
иләжлары кең әмелге асырылды, Ӛзбекстанның ӛз салық системасы 
енгизилди. 
Кәрханалардан ӛндирилетуғын тоғайдан алынатуғын дәрамат салығы 
ҳәм бир қатар басқа салықлар бийкар қылынды. Дәрамат (пайда) салығы; 
қосымша қун салығы; акциз салығы; мал-мүлк салығы; республикадан 
сыртқа алып шығылатуғын ӛнимлер ҳәм шийки зат ресурсларына салық 
енгизилди. 
1993 жылда ислеп шығылған тәртипке қарай тийкарғы қураллардан 
есапланған амортизацияның 30 проценти бюджетке ӛткерилди. 
Қазнаны толтырыў, сондай ақ ресурслардан мақсетке муўапық 
пайдаланыўды тәмийнлеў мақсетинде 6 процентли ресурслар салығы 
енгизилди. Сондай ақ, 1991 жыл 15 февральдағы «Ӛзбекстан Республикасы 
пухаралары, сырт ел пухаралары ҳәм пухаралығы болмаған шахслардан 
алынатуғын дәрамат салығы ҳаққында»ғы нызамға бир қатар ӛзгерислер 
киритилди. 
1993 жылы «Жергиликли салықлар ҳәм жыйымлар ҳаққында»ги нызам 
қабыл қылынды ҳәм усы нызамда оларға тәрийп берилди. Физикалық 


шахслар мал-мүлкине салынатуғын салық, жер салығы, курорт 
зоналарындағы 
ӛндирислик 
мақсетлердеги 
объектлар 
қурылысына 
салынатуғын салық, автотранспорт қуралларын алып сатқанлық ушын 
салық, олардың ийелерине салынатуғын салық-жәми 19 түрдеги ҳәр қыйлы 
салықлар ҳәм жыйымлар жергиликли салықлар топарына киритилди. 1993 
жылдың 7 майында «Кәрханалар, бирлеспелер ҳәм шӛлкемлерден 
алынатуғын салықлар ҳаққында»ғы нызамға қосымшалар киритилди. 
Салық реформаларының екинши басқышы салықларды базар 
экономикасы талапларына масластырыў ҳәм кәрханаларды ӛндиристи 
хошаметлеўге қаратыў дәўири. Бул дәўирге 1995 —1997 жыллар туўры 
келеди. 
Бул дәўирде салықлардың ӛндирис нәтийжелилигин асырыўға тәсирин 
күшейтиўге бағышланды. Оларға салықлардан ҳәр қыйлы жеңилликлер 
берилди. Әсиресе, юридикалық тәреплердиң пайдасына (дәрамат) салығынан 
жеңилликлер кӛп еди, 1995 жылдан баслап кәрханалар ҳәр бир процент ӛним 
ӛндириў кӛлемин кӛбейткени ушын 0,3 % тен пайдаға салық ставкасы 
кемейтилди.
Халқ хожалығын экономикалық жақтан турақластырыў ҳәм 
структуралық жақтан қайта қурыў салық системасын реформаластырыўды
талап етти. Салық тӛлеўшилер ушын жеңилликлер кӛзде тутылды. 1995 
жылдан баслап салық системасында үлкен ӛзгерислер басланды. Бир қатар 
кем нәтийжели салықлар: республикадан сыртқа алып шығылатуғын шийки 
зат ресурслары ушын салық, есаплап жазылған амортизациядан бюджетке 30 
процент ӛндириў ҳәм басқалар бийкар қылынды. Коллективлик хожалық
ағзалары ҳәм халық хожалығының басқа тараўларында ислеўшилер ушын 
салыққа тартыўдың бирден-бир тәртиби орнатылды. Яғный, коллектив 
хожалығы ағзалары мийнетке ҳақы тӛлеў фондын салыққа тартыў бийкар 
қылынды ҳәм оларға физикалық тәреплер дәрамат салығы ҳаққындағы 
нызамшылық енгизилди. Пухаралар дәраматына салынатуғын салық 
шкаласы ӛзгертилди. 


Инвесторлар ушын хошаметлеўлер салық системасының турақласыўына 
жәрдем берди. 1996 жылдың 1 январына шекем дизимнен ӛткизилген сырт ел 
капиталы қатнасыўындағы кәрханаларға салыққа тартыў системасында 
дәрамат яки пайданы салыққа тартыўды таңлаў ҳуқуқы берилди, басқа 
барлық хожалық жүритиўши субъектлер болса, дәрамат салығына ӛткерилди. 
Салықлардың базар қатнасықларында қатнасыўын күшейтиў ушын 
олардың ҳәммеси ушын бирден бир ҳуқуқый тийкар Ӛзбекстан 
Республикасының Салық кодекси 1997 жыл 24 апрелде қабыл қылынды ҳәм 
1998 жылдың 1-январынан баслап әмел қыла баслады. 
Салық кодексиниң қабыл қылыныўы салық нызамшылығын беккемлеп 
ғана қалмай, салықлардың ӛнимлер экспортын, импорт товарлар орнына 
ӛнимлер ӛндириўди, нәгиранлардың ӛндириске қатнасыўын, меҳир-мүриўбет
ислерин хошаметлеў ўазыйпасын күшейтти. 
Салық реформасының үшинши басқышы 1998 жылдан ҳәзирги ўақытқа 
шекем даўам етпекте. Бул басқышты салық системасында салықларды 
әпиўайыластырыў концепциясының басланыў дәўири деп атаў мүмкин. 
Бул басқышта салық тӛлеўши юридикалық тәреплерге имканы барынша 
әпиўайыласқан, салық системасы енгизилип, олардың салық есаплары, 
есабатлары, салық тӛлеў мүддетлери әпиўайыластырылды. 
Әпиўайыластырылған салық тӛлеўге ӛтиўдиң ҳуқуқый тийкарлары аўыл 
хожалық товар ӛндириўшилери ушын бирден-бир жер салығы Ӛзбекстан 
Республикасы Президентиниң ―Аўыл хожалығы товар ӛндириўшилери 
ушын бирден-бир жер салығын енгизиў ҳаққында‖ғы 1998 жыл 10 
октябрьдеги ПФ-2086-санлы Пәрманы менен 1999 жылдан баслап, киши 
кәрханалар ушын бирден-бир салық тӛлеў Ӛзбекстан Республикасы 
Министерлер Кабинетиниң ―Киши кәрханалар ушын әпиўайыластырылған 
салыққа тартыў системасына ӛтиўди қоллаў ҳаққында‖ғы қарарға 
тийкарланып (1998 жыл 15 апрел 159-сан) 1998 жылдан баслап ҳәм 
Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң ―Саўда ҳәм социаллық 
аўқатланыў кәрханаларын салыққа тартыў системасын жетилистириў 


ҳаққында‖ғы Пәрманы (1153-сан 10 апрел 1998 жыл) менен саўда ҳәм 
улыўма аўқатланыў кәрханалары 1998 жылдан баслап жалпы дәраматтан 
салық ҳәм мүлк салығын тӛлейтуғын болды. 
Салық системасын әпиўайыластырыў салық есаплаўшы ислеўшилер, 
мәмлекетлик салық мекемелери ҳәм банк ислеўшилериниң кӛп ўақытларын 
үнемлеўге, оларды кәрханалар хызмети анализине бағышлаўға имканият 
жаратпақта. 
Ғәрезсизлик жылларында салық системасын раўажландырыў ӛзиниң 
нәтийжесин әсте-ақырын берип бармақта. Киши кәрханалардың мәмлекет 
ишки ӛним ӛндирисиндеги үлеси артып бармақта. Усы жерде айтып ӛтиў 
орынлы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтиң ЖИӚ деги үлеси 2000 
жылдағы 31 проценттен бүгинги күнде 56,7 процентке жеткени бизге 
белгили. 
Ғәрезсизлик 
жылларында 
Ӛзбекстан 
ӛзиниң 
ғәрезсиз 
салық 
системасына ийе болды ҳәм оны жетилистириў бойынша жаңа излениўлер 
даўам етпекте. 
Республика экономикасында салықлардың тутқан әҳмийетли орны 
барлығын нәзерге алған ҳалда Республикада алып барылып атырған салық 
реформаларына үлкен итибар бериў лазым.
1997 жыл 24 апрелинде Ӛзбекстан Республикасы салық кодексиниң 
тастыйқланыўы салық системасын реформаластырыўдың ҳәзирге шекем 
әмелге асырылып атырған үшинши басқышы басланыўының толық нызамлы 
аңлатылыўы еди. 
Салық кодекси әмелге киритилиўи менен салыққа тартыўдың барлық 
тийкар болыўшы нормаларын бирден-бир ҳүжжетке жәмлеў; салық 
жеңилликлерин системаластырыў; пайда, мал-мүлк, қосымша қунды есапқа 
алыў ҳәм салыққа тартыўдың халықаралық системасын енгизиўге имкан 
жаратылды. 
Үшинши басқышта юридикалық тәреплерге, биринши гезекте киши ҳәм 
жеке кәрханалар ушын салыққа тартыў, есапқа алыў ҳәм есабаттың 


әпиўайыластырылған системасы дүзилди. Киши исбилерменлик субъектлери 
ықтыярлы тийкарда мәмлекетлик ҳәм жергиликли салықлар ҳәмде 
жыйымлардың орнына бирден-бир салық тӛлемин тӛлей баслады. 
Министерлер Кабинетиниң 1998 жыл 15 апрелдаги 159-санлы қарары менен 
киши кәрханалар ушын салыққа тартыўдың әпиўайыластырылған 
системасын қоллаў тәртиби тастыйқланды. 
Бирден-бир 
салықтың 
салыққа 
тартылатуғын 
айланысларға 
салыстырмалы процентлерде тӛмендеги ставкалары белгиленди: 
Саўда (сатыў, дәлдәлши, кӛтере сатыў, тәмийнат кәрханалары) 25 
процент; 
аўыл хожалығы кәрханалары – 5 процент; 
экономиканың басқа салалары кәрханалары – 10 процент; 
Егер илгери акцизленетуғын товарларды ӛндириўши кәрханалар 
әпиўайыластырылған салыққа тартыў системасына кирмеген болса, 1999 
жылдың 1 октябринен баслап олар акциз салығын тӛлеў шәрти менен усы 
системаны қоллаўлары мүмкин еди. 
Министерлер Кабинетиниң 1998 жыл 10 апрелдеги 153-санлы қарары 
менен тастыйқланған саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханаларын салыққа 
тартыў тәртибине муўапық жалпы дәрамат саўда кәрханалары ушын бирден-
бир салыққа тартыў объекти болды.
1999 жылдан баслап аўыл хожалық кооперативлери (ширкетлери), 
фермер хожалықлары, агрофирмалар, аўыл хожалық ӛнимлериниң басқа 
ӛндириўшилери Президентимиздиң «Аўыл хожалығы товар 
ӛндириўшилери ушын бирден-бир жер салығын әмелге киритиў ҳаққында»ғы 
Пәрманы ҳәмде Министерлер Кабинетиниң 1998 жыл 26 декабрдеги 539-
санлы қарары тийкарында ислеп шығылған бюджет пенен есап-китаплар 
механизмине қарай бирден-бир жер салығы тӛлеўшилери болды. Ол 
әмелдеги барлық мәмлекетлик (алкоголлы ӛнимлерге акциз салығынан 
тысқары) ҳәмде жергиликли салықлар ҳәм жыйымларды тӛлеў орнына 
әмелге киритилди. Сондай ақ, усы салық түрине тийисли жеңилликлер де 


белгиленди. Бул аўыл мийнеткешлерине есабат ҳүжжетлерин қысқартыў 
имканиятын бериўши салыққа тартыўдың әпиўайыластырылыўына және бир 
анық мысал. 
2002 жылдан баслап мәмлекет салық сиясатында ӛним ӛндириўши 
кәрханалардан салық аўырлығын жәнеде кемейтиў, шетке турақлы 
алмастырылатуғын валютада ӛнимлерди экспорт қылғанларға дәрамат 
(пайдаға) салығынан, мал-мүлк салығынан пәсейттирилген регрессив салық 
ставкасын қоллаў сиясатын жүргизиў енгизиле басланды. Салық 
системасында туўры салықлар салмағын кемейтиў ҳәм жанапай салықлар 
салмағын асырыўға мӛлшерленген сиясат жүргизиў кӛзде тутылған. Соның 
менен бирге салық нызамшылығы жетилистирилип барылды, барлық 
салықлар бойынша кӛрсетпе ҳәм нызамлар қайтадан ислеп шығылды. 
2003 
жылдан 
баслап 
нәтийжесиз, 
бюджетке 
түсиўин
қыйынластыратуғын тӛмендеги салықлар ҳәм тӛлемлер бийкар қылынды. 
Булар: реклама салығы, автотранспорт қуралларын алып сатыў салығы, 
нормадан артық сатылмаған таяр ӛним қалдығы ушын 2 процентли ҳақы 
ҳәмде тәбиятты патаслаўшы шығындыларды жайластырыў ушын ҳақылар. 
2003 жылдан баслап 2002 жылда енгизилген усақлап сатыў саўда тараўында 
хызмет кӛрсетиўши микрофирмалар ҳәм киши кәрханалар ушын белгиленген 
дәраматтан бирден-бир салық, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў кәрханалары 
ушын жалпы түсимнен бирден-бир салық салыў даўам еттирилди. Салық 
базалары ҳәм ставкаларына да ӛзгерислер киритилди. 
2004 жылда да бир қатар салық реформалары әмелге асырылып, бунда, 
юридикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат (пайда) салығы ҳәм 
физикалық шахслардың дәрамат салығы ставкалары бир нешше дәрежеге 
кемейттирилген болса, ресурс салықлары ставкалары арттырылды. Бирден-
бир салық системасына ӛткен микрофирма ҳәм киши кәрханалар пайдалы 
қазылмалар қазып алғанда бирден-бир салық пенен биргеликте жер асты 
байлықларынан пайдаланғанлығы ушын салықты да тӛлейтуғын болды. 
Сондай ақ, айырым салық жеңилликлери бийкар қылынды. Салық 


системасындағы 
реформалар 
хожалық 
жүритиўши 
субъектлердиң 
инвестицион активлигин асырыўға, олардың импорт орнын басыўшы ҳәм 
экспорт хызметин хошаметлеўге, сондай ақ, олардың ресурслардан 
нәтийжели ҳәм мақсетке муўапық пайдаланыўын хошаметлеўге қаратылды. 
Сондай ақ салық системасында буннан басқада кӛплеген нызам ҳәм 
норматив ҳүжжетлердиң қабыл етилиўлери, дәўир талабына сай 
ӛзгерислердиң болыўы 1997 жылда қабыл етилген салық кодексиниң 
әҳмийетиниң пәсейиўине алып келди ҳам жаңа нызам ҳәм норматив 
ҳүжжетлер тийкарында жаңа салық кодексин қабыллаўды талап етти.
Ӛзбекстан республикасы жаңа салық кодексин тастыйқлаў ҳаққындағы 
нызамы 2007 жыл 23 ноябрьде нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл 
қылынды ҳәм Сенат тәрепинен 2007 жыл 30 ноябрьде мақулланды. Жаңа 
салық кодекси 2007 жыл 25 декабрьде ЎРҚ-136 санлы нызамы менен 
тастыйқланды ҳәм 2008 жылдың 1-январынан баслап күшке кирди.
Бул жаңа салық кодекси 21 бӛлим, 64 бап ҳәм 392 статьядан ибарат. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   33   34   35   36   37   38   39   40   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling