Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Салықлардың инвестициялық процесске тәсири


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet45/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

5.Салықлардың инвестициялық процесске тәсири
Салық системасы - экономиканы раўажландырыў ушын инвестиция 
хызметин қоллап қуўатлаўдың нәтийжели механизмин ӛзинде жәмлеўи 
лазым. Мәмлекетте саламат инвестициялық орталықты қәлиплестириў 
қурамалы макроэкономикалық процесслерден бири.
Салық механизминдеги ӛзгерислер жалпы талап ҳәм жалпы усыныстың 
ӛзгерисине тәсир қылыўы менен биргеликте, инвестициялар ӛзгерисине де 
тәсир етеди. Улыўма алғанда салықлар ҳәм инвестициялар ортасында ӛз-ара 
байланыс бар. Салықлар жәрдеминде жаңадан жаратылған қунның мәмлекет 
ҳәм салық тӛлеўшилер ортасында бӛлистирилиўи салықлар ҳәм 
инвестициялар ортасындағы байланыслылықты тәмийнлейди. Салықлар 
бойынша жеңилликлердиң берилиўи салық тӛлеўшилердиң ӛндириске 
хошаметлениўин күшейтеди, оларда ӛндиристи кеңейтиў, жаңа техника ҳәм 
технологияларды енгизиўге бейимлигин арттырады. Ӛз нәўбетинде салықлар 
жәрдеминде инвестициялардың хошаметлениўи келешекте мәмлекет 
бюджетине ӛндирилетуғын салық базасының кеңейиўине хызмет қылады. 
Мәселен, бул ҳалатты бир мысал менен кӛрсетиўимиз мүмкин. Ӛзбекстан 


Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Базарды тутыныў товарлары 
менен толтырыўды хошаметлеў ҳәмде ӛндириўшилер ҳәм саўда 
шӛлкемлериниң ӛзара қатнасықларын жетилистириў шара-иләжлары 
ҳаққында» ғы 2002 жыл 13 ноябрдеги 390-санлы Қарарына муўапық жоқары 
сапалы, бәсекиге шыдамлы тутыныў товарларын ӛндириўди кӛбейтиўди ҳәм 
олардың ассортиментин кеңейтиўди хошаметлеў, ишки тутыныў базарын 
олар менен жоқары дәрежеде толтырыў мақсетинде 2003 жылдан 2008 жылға 
шекем юридикалық шахслардан алынатуғын дәрамат (пайда) салығы, киши 
кәрханалар ҳәм микрофирмалар ушын бирден-бир салық, айырым түрдеги 
товарларға белгиленген акциз салығы, жер салығы бойынша бир қатар 
жеңилликлер белгиленген еди, усы жеңилликлер тәсиринде кәрханалардың 
инвестиция қаржыларының кеңейттирилиўине ерисиў тийкарғы мақсет 
қылып қойылған. Усы атап ӛтилген жеңилликлердиң ең ӛзгешеликли тәрепи 
соннан ибарат, жеңилликлер берилиўи мүнәсибети менен босайтуғын 
қаржылар кәрханалар тәрепинен тек ӛндирис кӛлемин кӛбейтиў, ӛндирилип 
атырған тутыныў товарларының ассортиментин кеңейтиў ҳәм бәсекиге 
шыдамлылығын асырыў менен байланыслы иләжларға ғана сарпланыўы 
мүмкин яки басқаша қылып айтқанда босайтуғын қаржылар жоқарыдағы 
иләжларға ғана инвестиция қылыныўы мүмкин. Кери ҳалда, яғный 
босайтуғын қаржылардан басқа мақсетлерде пайдаланылған ҳалларда усы 
қаржылар, әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған жәриймаларды 
есапқа алған ҳалда толық кӛлемде бюджетке ӛндириледи.
Салықлар менен инвестициялар ортасындағы байланыслылықты 
айтқанымызда, соны айырықша айтып ӛтиўимиз керек, инвестициялардың 
ӛсиўи де ӛз нәўбетинде салыққа тартылатуғын базаның артыўына алып 
келеди. Жоқарыдағы мысалымызға қайтатуғын болсақ, мәмлекетимиз салық 
системасында әмел қылып атырған усы жеңилликлер инвестициялардың 
ӛсиўине алып келиўи менен биргеликте келешекте салық базасының да 
кеңейиўине хызмет қылады. 


Салықлар жәрдеминде жаңадан жаратылған қун кӛбирек муғдарда 
мәмлекет тәрепинен ӛзлестирилсе кәрханалардың ӛндиристи кеңейтиў 
имканиятларын шеклейди. Лейкин бунда соны да айтыў орынлы, буның
айырым унамлы тәреплери де бар. Бизге белгили болғанындай, мәмлекет 
сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бири рентабелли емес тараўларға 
инвестиция киритиўден ибарат. Ӛндириўшилерге қаншама жеңилликлер 
берилген менен оларда рентабелли емес тараўларды инвестициялаўға 
бейимликти күшейтпейди. Себеби, олардың бундай хызмети оларға 
келешекте пайда бермейди. Соның ушын Мәмлекетлик салықлар есабынан 
қәлиплестирилген қаржылар есабынан усындай тараўларға инвестиция 
киритиўин бир тәрептен салықлар ҳәм инвестициялар ортасындағы 
байланыслылықтың бир кӛриниси сыпатында түсиндириў мүмкин. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling