Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Ӛзбекстан Республикасы салық хызмети шӛлкемлериниң дүзилиси
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
2. Ӛзбекстан Республикасы салық хызмети шӛлкемлериниң дүзилиси
Мәмлекетлик басқарыў шӛлкеминиң шӛлкемлестирилиў дүзилиси (ишки дүзилиси) дегенде оның ҳуқуқый ҳәм шӛлкемлестирилиўи тәрепинен салыстырмалы ғәрезсиз ҳәм айырым түстеги бир-бирине ӛзара байланысқан бӛлимлериниң бирлеспеси түсиниледи, олардың ҳәр бири айырым тәризде ҳәм барлығы биргеликте мәмлекет ўазыйпаларының әмелге асырылыўын тәмийнлейди. Шӛлкемниң дүзилиси оған жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели тәризде орынланыўын, ҳәр бир бӛлимниң ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилигиниң анық шегаралап қойылыўын, ҳәммениң бир пүтин механизмниң элементлери сыпатында келисилген ҳалда ис алып барыўын тәмийнлеўи лазым. Мәмлекетлик салық комитети дүзилиси ҳәм хызметин шӛлкемлестириў Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети хызметин шӛлкемлестириў мәселелери ҳаққында»ғы 1998 жыл 12 январьдағы 14-санлы Қарары менен тастыйқланған «Мәмлекетлик салық комитети ҳаққында»ғы Нызамға ҳәм оған киритилген ӛзгерислерге тийкарланып белгиленген. Республика салық мекемелериниң дүзилиси бул үш дәрежели иерархия болып, ол орайлық мекеме, яғный Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы, областлар салық басқармаларын ҳәмде районлар ҳәм қалалардағы салық инспекпияларын ӛз ишине алады. Област Мәмлекетлик салық басқармасы салық нызамларына бойсыныўын тәмийнлеў, мәмлекеттиң экономикалық ҳәм мүлкий ҳуқуқларын қорғаў тараўындағы мәмлекет қадағалаўының аймақлық шӛлкеми есапланады. Област Мәмлекетлик салық басқармасы Ӛзбекстан Республикасының Мәмлекетлик салық комитети ҳаққындағы Нызамның орынланыўын тәмийнлеўде жергиликли бажыхана мекемелери менен биргеликте ҳәрекет етеди. Районлардағы, қалалардағы ҳәм қалалар районларындағы Мәмлекетлик салық инспекциялары Мәмлекетлик салық басқармасы ийелигинде болған ҳәм оның менен биргеликте салық мекемелериниң бир пүтин системасын қурайтуғын мекемелер есапланады. Мәмлекетлик салық басқармасы ӛзиниң хызмети ҳаққында тек Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети алдында жуўап береди. Салық инспекциясы болса ӛзиниң тиккелей басшысы болған Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы, областлар ҳәм Ташкент қаласы Мәмлекетлик салық басқармалары алдында жуўап береди. Салық инспекциясы Мәмлекетлик салық комитети ҳаққындағы Нызамға әмел қылған ҳалда усы Нызамның оның жуўапкершиликлерине тийисли талапларын толық әмелге асырады. Район (қала) салық инспекциясы мекемесиниң дүзилиси ҳәм ислеўшилер саны Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик салық бас басқармасы, областлар ҳәм Ташкент қала Мәмлекетлик салық басқармалары тәрепинен Мәмлекетлик салық комитети белгилеген ис ҳақы фонды ҳәм ислеўшилер саны шеңберинде тастыйқланады. Мәмлекетлик салық комитетиниң структуралық бӛлимлери, әдетте, функционал тийкарда шӛлкемлестириледи, оның мазмуны басқарыўдың ғәрезсиз функцияларға бӛлистирилиўи ҳәм ҳәр бир усындай функцияны арнаўлы структуралық бӛлимниң (басқарма, бӛлим, сектор) әмелге асырыўынан ибарат. Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети дүзилисиниң негизин тӛмендегише үш принцип қурайды. Қадағалаў-муўапықластырыўшы - тармақлы принцип (саўда, хызмет кӛрсетиў тараўы кәрханаларын қадағалаў, улыўма аўқатланыў кәрханаларын қадағалаў бӛлимлерин ӛз ишине алатуғын саўда ҳәм хызмет кӛрсетиў тараўы кәрханаларын қадағалаў басқармасы; дийханшылық - санаат комплекси кәрханаларын ревизия қылыў бӛлими) қадағалаў-муўапықластырыўшы - функционал принципи (физикалық шахсларды, юридикалық шахсларды салыққа тартыў бӛлимлери) менен бирге қосып алып барылады. Структуралық бӛлимлер функционал бӛлимлер (олар арасында қаржы менен тәмийнлеў, бухгалтерия есабы ҳәм есабаты бӛлими ҳәм т.б. бар) ҳәм орайлық басқармаға хызмет кӛрсететуғын бӛлимлер секретариаты, баслық жанындағы инспекция ҳәм сол кибилер менен толтырылады. Мәмлекетлик салық комитетиниң структуралық бӛлимлери усы басқарыў шӛлкеминиң исши мекемеси есапланады. Олардың хызмети ҳәр қыйлы болып, усы шӛлкем функцияларының ӛзине тән ӛзгешеликлерине байланыслы болады. Бул бӛлимлер түрли материалларды таярлайды, Мәмлекетлик салық комитетиниң басқарыўына тийисли ӛзге хызметти орынлайды, соннан муўапықластырыў түриндеги функцияларды орынлайды, мәсләҳатлар береди, пикир ҳәм жуўмақлар береди, жойбарлардың экспертизасын ӛткереди, ҳүжжетлердиң жойбарларын, жоқары ҳәкимят ҳәм басқарыў шӛлкемлерине усынысларды таярлайды. Басқарыў шӛлкемлериниң пүткил хызмети, барлық шӛлкемлестириў қатнаслары ҳәм ҳуқуқый қатнаслары шӛлкемниң ӛз жуўапкершиликлерин әмелге асырыўының нәтийжеси есапланады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling