Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
- Bu sahifa navigatsiya:
- Мәмлекетлик салық Комитети. Мәмлекетлик салық басқармасы. Мәмлекетлик салық инспекциясы. Мәмлекетлик Бажыхана Комитети.
- 1. Салық хызмети ҳәм бажыхана шӛлкемлери хызметиниң ҳуқуқый тийкарлары
Қадағалаў ушын сораўлар 1.Салық сиясатының макроэкономикалық нәтийжеси дегенде нени түсинесиз? 2.Салық жүги дегенде нени түсинесиз? 3.Салық жүгин аңлатыўшы кӛрсеткишлерге қандай кӛрсеткишлер киреди? 4.Салық жүгин қандай кӛринислерде аңлатыў мүмкин? 5.Лаффер қыя сызығы мазмунын түсиндирип бериң? 6.Салықлардың жалпы талап ҳәм жалпы усынысқа тәсири дегенде нелерди түсинесиз? 7.Салықлар ҳәм инвестициялардың байланыслылығын түсиндирип бериң? 9-тема. Салық исин шӛлкемлестириўдиң теориялық тийкарлары Таяныш сӛз ҳәм ибаралар Мәмлекетлик салық хызмети. Мәмлекетлик салық Комитети. Мәмлекетлик салық басқармасы. Мәмлекетлик салық инспекциясы. Мәмлекетлик Бажыхана Комитети. Мәмлекетлик салық комитетиниң функциялары. Мәмлекетлик салық комитетиниң ўазыйпалары. 1. Салық хызмети ҳәм бажыхана шӛлкемлери хызметиниң ҳуқуқый тийкарлары Ӛзбекстан Республикасының ғәрезсизликке ерисиўи ҳәм базар экономикасына ӛтиўи экономикалық раўажланыўдың жаңаша шәрт- шәраятлары, салыққа тартыўдың пүткиллей жаңа системасын енгизиўди талап қылды ҳәм бундай системаның бир қанша оптимал дәрежеде әмел қылыўын тәмийнлейтуғын механизмниң жаңа структурасын жаратыўды талап етти. Республикамызда ҳәзир әмел қылып атырған салық ҳәм бажыхана мекемелери системасы ӛзиниң белгили тарийхына ийе. Салық мекемелери бурынғы аўқамда да бар еди ҳәм олардың структурасы, Ӛзбекстан территориясында да әмел қылды. Соңынан олар хызмети тоқтатып қойылды ҳәм 1990 жыл 12 майда қабыл қылынған «Мәмлекетлик салық инспекцияларының ҳуқуқлары, ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилиги ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, 1990 жылдың 1 июлынан баслап қайта тикленди. Бирақ бул системалар финанс шӛлкемлери системасында әмел қылатуғын еди. Республикамызда салық мекемелери хызмети 1990 жылдың ақырында Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Финанс Министерлиги жанында Мәмлекетлык финанс-салық бас басқармасын шӛлкемлестириў ҳаққында»ғы Қарары (1990 жыл 17 декабрьдеги 383-санлы) қабыл қылынғаннан соң активлесе баслады ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң «Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик салық мекемелери ҳаққында»ғы 1991 жыл 14 июньдағы Нызамы ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик салық мекемелери ҳаққында»ғы 1991 жыл 12 августтағы 217-санлы Қарары қабыл қылынғанынан кейин мәмлекетлик қадағалаў ҳәм басқарыўдың ғәрезсиз структурасы сыпатындағы салық мекемелериниң қәлиплесиўи ҳәм хызмет кӛрсетиўине тийкар салынды. Республикада мәмлекетлик басқарыўдың усы структурасы 1994 жылға шекем, яғный Ӛзбекстан Республикасы биринши Президентиниң пәрманына муўапық Министерлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик бас салық басқармасы Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине айлантырылғанына шекем хызмет кӛрсетти. Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң статусы, тийкарғы ўазыйпалары, функциялары ўәкиллик шеңбери ҳәм хызметиниң шӛлкемлестирилиў тийкарлары Ӛзбекстан Республикасы биринши Президентиниң «Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик бас салық басқармасын Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине айлантырыў ҳаққында»ғы 1994 жыл 18 январьдағы пәрманына муўапық ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетин шӛлкемлестириў ҳәм хызмет кӛрсетиўи мәселелери ҳаққында»ғы 1994 жыл 18 мартта қабыл қылған Қарары менен тастыйқланған «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳаққында»ғы Нызамы менен белгиленди. Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң усы қарарына сәйкес Мәмлекетлик салық комитети салық ҳәм бажыхана сиясатын әмелге асырыў, сондай ақ мәмлекеттиң экономикалық мәплери ҳәм мүлкий ҳуқуқлары қорғалыўын тәмийнлеў тараўында мәмлекетлик қадағалаў шӛлкеми екенлиги белгилеп қойылды. 1997 жыл бажыхана исин шӛлкемлестириўди жетилистириў, бирден бир бажыхана сиясатын алып барыў, республика бажыхана шӛлкемлери хызметиниң оперативлиги ҳәм тәсиршеңлигин асырыў, олардың мәмлекет экономикалық қәўипсизлигин беккемлеўдеги ролин күшейтиў, сондай ақ, бажыхана иси тараўында халықаралық бирге ислесиўди жәнеде күшейтиў мақсетинде Ӛзбекстан Республикасы биринши Президентиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик Бажыхана Комитетин шӛлкемлестириў ҳаққында»ғы 1997 жыл 8 июльдағы ПФ-1815-санлы Пәрманына ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети хызметин шӛлкемлестириў ҳаққында»ғы 1997 жыл 30 июльдағы 374-санлы Қарарына муўапық Мәмлекетлик Бажыхана Комитети шӛлкемлестирилди, яғный салық ҳәм бажыхана хызметиниң функциялары бир биринен ажыратылды. Усы мүнәсибет пенен Ӛзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы 1997 жыл 29 августтағы Нызамы ҳәм Ӛзбекстан Республикасы Министерлер Кабинетиниң «Ӛзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети хызметин шӛлкемлестириў мәселелери ҳаққында»ғы 1998 жыл 12 январьдағы Қарарына муўапық салық шӛлкемлериниң тийкарғы функция ҳәм ўазыйпалары белгиленди. Ӛзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы Нызамына муўапық Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласының мәмлекетлик салық басқармалары, областлық мәмлекетлик салық басқармалары, сондай ақ, районлар, қалалар ҳәм қалалардағы районлар мәмлекетлик салық инспекциялары мәмлекетлик салық хызметиниң тӛменги шӛлкемлери есапланады. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери ӛз хызметлеринде Ӛзбекстан Республикасының Конституциясы, «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында»ғы Нызам ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине, Министерлер Кабинетиниң қарарлары, Президент пәрманлары ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер, сондай ақ, Ӛзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамаларына әмел қылады. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери ӛз хызметин мәмлекет ҳәкимяты ҳәм басқарыўы жергиликли органларынан ғәрезсиз рәўиште, нызам ҳүжжетлерине муўапық әмелге асырады. Мәмлекетлик салық хызмети шӛлкемлери тәрепинен ӛз ўәкилликлери шеңберинде қабыл қылынатуғын қарарлар барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар ушын мәжбүрий есапланады. |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling