Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet43/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

 
 
 
3. Лаффер қыя сызығы ҳәм оның ийилиўшеңлиги
Жәҳән экономикалық раўажланыўында ӛзиниң белгили орнына ийе 
болған усыныс экономикасы теориясы бүгинги кунде де ӛз әҳмийетин 
жоғалтқаны жоқ. Усыныс экономикасы теориясы салықларды кемейтиў ҳәм 
корпорацияларға салық жеңилликлерин бериўди нәзерде тутады. Усы 
теорияға қарағанда жоқары салық ставкалары исбилерменликке қызығыўды 
кемейттиреди ҳәм инвестиция сиясаты, ӛндиристи жаңалаў ҳәм 


кеңейттириўди шеклеп қояды. Бул теорияның тийкарғы идеяларынан бири 
мәмлекет 
қәрежетлерин 
кемейтиў. 
Олардың 
уранларынан 
бири 
тәртиплестириўши күш - бул базардың ӛзи, мәмлекетлик басқарыў ҳәм 
жоқары салықлар тек ғана оны нормал әмел қылыўына кесент береди. 
Салық ставкалары шкалаларының қәлиплесиў дәрежеси бойынша 
улыўма нызам бар. Кең салыққа тартылатуғын базаға салыстырғанда кемирек 
салыққа тартыў ставкасын қоллаў, жетерли дәрежеде кем болған салық 
базасына салыстырмалы болса, буның кериси, айырым салық түрлерин 
жоқары ставкада қоллаў керек. Кӛринип турғанындай жоқары ҳәм пәс салық 
ставкалары хожалық хызметине ҳәм исбилерменлердиң жумыс активлигине 
ҳәр қыйлы тәсир кӛрсетеди.
А.Смиттиң пикиринше салық жүгиниң кемейиўи нәтийжесинде 
мәмлекет кӛбирек утады, яғный салықтан азат болған суммадан артықша 
дәрамат алыў мүмкин ҳәм нәтийжеде алынған дәрамат салыққа тартыў ушын 
қосымша салыққа тартыў объекти болады. Соның менен бирге салық 
тӛлеўшилер салық суммасын ӛз қәлеўлери ҳәм жеңиллик пенен бюджетке 
ӛткерип береди. Бул болса мәмлекетти артықша қәрежетлерден, яғный 
салықларды ӛндириў, салық бойынша жынаятларды табыў ҳәм оған тийисли 
шараларды қоллаў қәрежетлерин кемейтеди. А.Смиттиң бул идеялары оның 
даўамшыларына емес, бәлким кейинги экономист алымлар ушын аксиома 
болып қалды.
1980 жылларда АҚШта экономикалық усыныс теориясының 
раўажланыўына салмақлы үлес қосқан алымлар М.Бернсон, Г.Стайн ҳәм 
А.Лафферлар болды. Бул алымлар салық ставкаларын пәсейтиў арқалы 
салықтың прогрессивлигин кемейтиўге ерисиў, бул болса кәрханаларды 
келешекте инвестиция қылыўлары ушын жамғарма дереклериниң 
кӛбейиўине алып келеди деп есаплаған. 
Неоклассик теорияның заманагӛй ўәкиллери инглис экономисти 
А.Лаффер ӛзиниң илимий излениўлеринде салық ставкаларын пәсейтиў ҳәм 
салыққа тартыўдың прогрессивлигин кемейтиў арқалы Кейнс теориясынан 


пақлы рәўиште мәмлекет тәрепинен инвестицияларды кӛбейтиўди емес, 
бәлким кәрханаларға инвестиция ушын ӛз жамғармаларын кӛбейтиў 
имканын бериў лазым, деген пикирди алға сүреди. Оның илимий анализлери 
соны тастыйқлайды, салыққа тартыўдың сондай оптимал шегарасы бар 
болып, салық ставкасы оннан жоқарыға қанша кӛтерилмесин, салық 
түсимлерин кӛбейтиўге ерисип болмайды. Салық жүгиниң артып барыўы 
салық базасының кемейиўине алып келеди. Оның нәтийжесинде болса, 
исбилерменлер кәрханаларды жаўып қояды, яки салық базасын жасырыўға 
урынады ҳәм сол тәризде қупя экономиканың раўажланыўына алып келеди. 
Бул ҳалатты Лаффер тәрепинен илимий жақтан тийкарланған тӛмендеги қыя 
сызық тийкарында кӛрип шығыўымыз мүмкин. 
БД 
БД
макс
Саламат 
аймақ 
Қадаған 
етилген 
аймақ 


БД – бюджет дәраматлары; БД
макс
– максимал бюджет дәраматлары;
С
т
Н- салық ставкасы; 
С
т
Н
макс
– максимал салық ставкасы. 
А.Лаффер прогрессив салық ставкасы ҳәм бюджет дәраматларын 
парабола кӛринисиндеги қыя сызық пенен аңлатты ҳәм ол тӛмендеги пикирге 
келди: салық ставкасының пәслиги жеке сектордың инвестиция хызметине 
унамлы тәсир кӛрсетеди. Кӛплеген экономистлер салық тӛлеўшилердиң 
дәраматын бюджетке алыўдың шегарасы барлығы ҳәм салық аўырлығын 
кӛбейтип жибермеў ҳаққында жазып ӛткен. Мәмлекет миллий ӛндиристиң 
ӛсиўи яки пәсейиўине салық ставкаларын ӛзгертиў ҳәм бюджет қәрежетлери 
арқалы тәсир кӛрсетеди.
А.Лаффердиң есабына қарағанда салықларды кемейтиў нәтийжесинде 
экономиканың ӛсиўи ҳәм мәмлекет дәраматларының ӛсиўин дәлийллеп 
берген. Бул тарыйхта Лаффер қыя сызығы деп аталады. Салық ставкасы 
белгили дәрежеге жетиўи салық тусимлерин кӛбейтеди, оның жәнеде 
асырылыўы керисинше салық тусимлерин кемейттиреди.
Экономика субъектлериниң салық ставкасы динамикасына тәсири тез 
арада сезилмейди, бәлким белгили бир ўақыт ӛткенинен соң сезиледи. 
Лаффер қыя сызығы мәмлекет дәраматларының ӛсиўи салық ставкаларының 
кемейиўине объектив байланыслы екенлигин және бир рет тастыйқлайды. 
Бул қыя сызықта жатыўшы фундаментал идея сонда, салық ставкасының 
шегарасы қанша жоқары болса, индивидлердиң салықты тӛлеўден 
шетлеўлери сонша кӛп болады. Себеби адамлар салық тӛлеў ушын 
ислемейди. Сап пайда, яғный дәраматлардан салықларды айырып таслаған 
сумма индивидлердиң ислеў дәрежесин кӛрсетеди. Егер исбилермен ӛзиниң 
ӛндирислик хызметинен дәрамат алыў келешегине исенбесе, яғный оның 
С
т
Н
макс
С
т
Н


дәраматлары жоқары прогрессив ставкалы салықлар менен алып 
қойылатуғын болса, исбилермен базарда нормал хызмет кӛрсетпей қояды. 
Дәраматтың кӛпшилик бӛлими салықлар арқалы тартып алып қойылатуғын 
болса, исбилерменди ӛндиристи кеңейтиўге, жаңалаўға ҳәм жаңа ӛндириске 
инвестиция қылыўға қызығыўы жоғалады.
Салық ставкасының ӛсиўи тек ғана белгили дәрежеге жеткенинше 
бюджетке түсетуғын дәраматлардың ӛсиўине алып келеди, кейин бул ӛсиў 
пәсейеди ҳәм және артқан сайын бюджет дәраматлары оның артыўына 
салыстырғанда тезрек кемейеди. Солай етип салық ставкасы белгили 
дәрежеге жеткенинен исбилерменлик инициативаси тоқтайды, ӛндиристи 
кеңейтиўге болған хошамет кемейеди, салыққа тартылатуғын дәраматлар 
кемейеди, нәтийжеде салық тӛлеўшилердиң бир бӛлими экономиканың 
―нызамлы‖ секторынан ―жасырын‖ секторына ӛтеди. Лаффер теориясына 
кӛре экономиканың раўажланыўы салық жүгиниң артыўына туўры 
пропорционал, яғный салықлардың артыўы менен жасырын экономика 
кӛбейеди, 
нәтийжеде 
алынған 
дәраматлардың 
кӛпшилик 
бӛлими 
декларацияда 
кӛрсетилмейди. 
Буған 
керисинше, 
салықлардың 
кемейттирилиўи экономиканы раўажландырыўға хошамет береди. Бул болса 
мәмлекет дәраматларын салық ставкасы ҳәм жүгиниң кӛбейиўи есабынан 
емес, бәлким салыққа тартылатуғын базаның кӛбейиўи есабынан асырады.

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   39   40   41   42   43   44   45   46   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling