1-тема. «Салық теориясы» пәниниң предмети, мазмуны ҳәм оны үйрениў
усыллары
Пәнниң предмети салық қатнасықларын, ҳәрекетин үйрениўден ибарат. Бул
қатнасықлар салық тӛлеўшилер (юридикалық ҳәм физикалық шахслар) менен
салықты ӛз мүлкине айландырыўшы (салық алыўшы) мәмлекет ортасындағы
қатнасықлар есапланады.
Пәнниң мазмуны усы ортадағы қатнасықты терең үйрениў, оларды дурыс
шӛлкемлестириўди тәмийнлеў болып табылады.
Демек, салық теориясы пәнин терең үйрениў арқалы әмелиятта салық
түсимлери режелерин табыслы орынлаў ўазыйпасына да ерисиў мумкин.
Пәнниң ўазыйпасы студентлерди, ғарезсиз үйрениўшилерди салық
қәнигеси ҳәм басқа салық мекемелери хызметкерлерин теориялық жақтан
қуралландырыў ҳамде әмелиятта адаспаў ушын жол жобалар кӛрсетиўден
ибарат.
Демек, пәнниң тийкарғы ўазыйпасы жоқары маманлы салық
қәнийгелерин таярлаўда оларды теориялық жақтан билимлерин асырыў.
Салық теориясы пәниниң басқа пәнлер менен байланысы
Do'stlaringiz bilan baham: |