Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Салыққа тартыў теориясы ҳәм әмелиятында салық жүгиниң ең


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet41/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

 
Салыққа тартыў теориясы ҳәм әмелиятында салық жүгиниң ең 
қолай ҳалатын анықлаў машқаласы дайым бар болып келген. 
Салық түсимлериниң дәрежеси тек ғана социаллық-экономикалық 
факторлар тәсиринде жүзеге келмейди, бәлким салық системасынан 
нәтийжели пайдаланыўға ҳәм оның ӛз ўазыйпаларын қай дәрежеде
орынлаўына да байланыслы болады. Бул функциялардың тәсири 
ҳаққында хожалық субъектлериндеги салық жүги арқалы пикирлеў
мүмкин. 
Салық жүгиниң улыўма дәрежесин белгилеў арқалы экономиканы 
тәртиплестириўдиң де әҳмийети барған сайын артып бармақта.
Экономиканы тәртиплестириўге салықлар арқалы тәсир ӛткериўде 
салық жүги дәрежеси, оның экономикалық раўажланыў процесине, 
халықтың турмыс дәрежесине тәсири кӛплеген экономист алымлар 
тәрепинен үйренип шығылған. Салық жүгиниң белгили дәўир ушын 
тийкарланған, әдалатлы ҳәм реал вариантларының қолланылыўы 
кӛплеген раўажланған мәмлекетлерде экономиканың нәтийжели 
раўажланып барыўын тәмийнлемекте. Экономиканы салықлар арқалы 
басқарыўда, 
соннан, 
тараўлар 
ортасындағы 
муўапықлықты 


тәмийнлеўде тараўларда салық жүгиниң тийисли ҳалатын үйрениў 
лазым болады.
Хожалық субъектлерине салық жүги Мәмлекетлик салық 
сиясатының нәтийжеси болып, ҳәр қандай салық системасының сапа 
характерин кӛрсетеди. Соның менен бир қатарда, алынып атырған 
салықлар 
дәрежеси, 
бир 
 
тәрептен, 
социаллық 
ӛндиристиң 
нәтийжелилиги, басқа тәрептен болса, мәмлекеттиң финанслық 
ресурсларға болған зәрүрлиги муғдары менен белгиленеди. Сол себепли, 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   37   38   39   40   41   42   43   44   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling