Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Салықлардың жалпы талап ҳәм жалпы усынысқа тәсири
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
4. Салықлардың жалпы талап ҳәм жалпы усынысқа тәсири
Салықлардың енгизилиўи ҳәм бар болған салық системасына ӛзгерислердиң киритилиўи туўрыдан туўры ямаса жанапай тәризде жалпы талап ҳәм жалпы усынысқа тәсир етеди. Товар баҳасы қанша жоқары болса, оны сатып алыўға таяр қарыйдарлар сонша кем ҳәм оны ӛндириўшилер болса кӛбирек усыныс қылады. Базар теңсалмақлылығы талап ҳәм усыныс кесилискен точкада тоқтайды. Талаптың ийилиўшеңлиги қарыйдардың усыныс қылынып атырған товарды сатыў шәртлерине байланыслы рәўиште (ең дәслеп баҳасына қарап) сатып алыўға таярлығы дәрежесин кӛрсетеди. Қарыйдарлар келисиўге қаншама кӛп умтылса, талап соншама кем ийилиўшең болады. Талап ийилиўшең болмаса, сатыўшылар салық жүгин қарыйдарлар жуўапкершилигине аңсат ғана ӛткерип жибереди. Талаптың баҳа ийилиўшеңлиги тийкарғы факторларына тӛмендегилер киреди: 1. Орнын басыўшы товарлардың бар болыўы. Егер базарда бир-бириниң орнын басыўшы товарлар қанша кӛп болса, талап та сонша ийилиўшең болады: қарыйдарда қымбат товарлардың орнына арзанырағын сатып алыў имканияты туўылады. Лейкин базарда бир-бириниң орнын басатуғын затлар бар болмаса, қарыйдар белгилеп қойылған баҳаға кӛниўге мәжбүр болып, бундай ҳалатта талап ийилиўшең болмайды. 2. Товарға кеткен қәрежетлердиң қарыйдар бюджетиндеги үлеси. Товарлар қуны қарыйдар бюджетинде қаншама үлкен орын тутса, оған талаптың ийилиўшеңлиги соншама жоқары болады. Егер қәлемниң баҳасы 10 процент кӛтерилсе, оған талап сезилерли дәрежеде пәсеймеўи мүмкин: қәлемниң баҳасы соншама киши, қарыйдар бул товар баҳасы асқанын байқамаўы да мүмкин. Лейкин автомобильдиң баҳасы 10 процент артса (басқа тең шәртлер қатарында), талап бираз кемейип кетиўи анық: баҳаның кескин ӛсиўи қарыйдардың «қалтасы» ушын ҳәдден зыят үлкен болады. 3. Товардың пайдалылық дәрежеси. Күнделикли зәрүр товарларға талап әдетте ийилиўшең болмайды; безениў буйымларына талап болса ийилиўшең. Мәселен, нан, шырпы ҳәм дузға талап дәстүрий тәризде ийилиўшең саналмайды. Керисинше, қымбат баҳалы, кеўилашар ҳәм усы киби басқа буйымларға талап бир қанша ийилиўшең болады. 4. Ўақыт факторы. Сатып алыў ҳаққындағы қарарға келиў ушын мүддет қанша кӛп болса, талап та соншама ийилиўшең түс алады. Қарыйдарлар жаңа баҳаға масласыўлары ушын ўақыт керек: олардың қәлеўи ҳәм тутыныў технологиясы әсте ақырын ӛзгерип барады. Мәселен, қымбатлаған мал гӛши орнына белгили мүддет даўамында жемис сыпатында балық ҳәм қус гӛшлеринен пайдаланылады. Мине, басқа мысал: 1970 жылларда батыс мәмлекетлеринде нефт баҳасы кӛтерилиўи себепли ески технологияларды энергияны үнемлейтуғын жаңа технологияларға алмастырыў процеси бир неше жыл даўам етти, ақыбетинде нефт ӛнимлерине болған талап кескин кемейип кетти. Товарға талап қаншама кем ийилиўшең болса салықтың үлкен бӛлими тутыныўшылар жуўапкершилигине түседи, себеби базардағы баҳа кескин кӛтериледи. Буның керисинше, қарыйдарлар қымбатлаған товарларды алыўдан аңсат ғана ўаз кешсе баҳа дерлик кӛтерилмейди ҳәм зыянды сатыўшылардың ӛзлери қаплаўға мәжбүр. Усыныстың ийилиўшеңлиги сатыў шараяты ӛзгергенде усыныс етилип атырған товарлардың муғдарын сатыўшылардың кӛбейтиў яки кемейтиў имканиятларын белгилеп береди. Сатыўшылар келисиўге қаншама кӛп умтылса, базар усынысы соншама кем ийилиўшең болады. Усыныс ийилиўшең болмағанында салық жүгин белгили дәрежеде ӛндириўшилер ӛз мойнына алыўға «разы» болады. Усыныс ийилиўшеңлигиниң тийкарғы факторы товар сатыў шараяты ӛзгерисине мүнәсибет билдириў ушын ӛндириўши ықтыярында бар болған ўақыт муғдары есапланады. Экономиканың тараўлары ортасында ресурсларды (исши күши, үскенелер, шийки зат) қайта бӛлистириў белгили мүддетти талап етеди. Солай етип, исбилерменлер ықтыярындағы ўақыт қанша кӛп болса, олар ӛндиристиң дүзилисин ӛзгерген базар шараятына масластырыў ушын соншама үлкен имканиятқа ийе болады ҳәмде усыныстың ийилиўшеңлиги де артады. Ийилиўшең усыныслы жағдайда жанапай салық енгизилгенде ӛндириўшилер ӛним ӛндириў кӛлемин қысқартып, сол есаптан базарда баҳаны кӛтериўи кӛрсетилген. Бундай ҳалатта салық жүгиниң үлкен бӛлими қарыйдар жуўапкершилигине ӛткериледи. Керисинше, усыныс ийилиўшең болмағанда ӛндириўшилер ӛним ӛндириў кӛлемин кескин дәрежеде қысқарта алмайды ҳәм базарда баҳа дерлик ӛзгермейди. Бундай ҳалатта салық тӛлемлериниң тийкарғы бӛлимин исбилерменлердиң ӛзлери қаплайды. Солай етип, салық баҳаның ӛсиўи арқалы тутыныўшы жуўапкершилигине ӛтиўи мүмкин. Салықтың тутыныўшы жуўапкершилигине ӛткерилиўи базардың ӛзине тән ӛзгешеликлерине, базар талабы ҳәм усынысына байланыслы. Егер товарға талап турақлы болса, яғный кем ийилиўшең жағдайларда салықларды тутыныўшылар жуўапкершилигине ӛним баҳасын кӛтериў жолы менен ӛткериўи мүмкин. Егерде талап ийилиўшең болса, баҳаны кӛтериўге болған умтылыў товар кӛлеминиң, соған тийисли рәўиште ӛндирис, пайда ҳәм салық кӛлемлериниң кемейип кетиўине алып келеди. Талаптың ийилиўшеңлиги салыққа тартыўды тәртипке салып турыўшы ҳәм шеклейтуғын фактор есапланады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling