Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet28/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Қадағалаў ушын сораўлар 
1.Салық элементлериниң мазмунын ашып бериң? 
2.Салық элементлери қурамына қандай элементлер киреди? 
3.Салық объекти менен салық предмети парқларын түсиндирип бериң? 
4.Салық ставкаларының қандай түрлери бар? 
5.Пропорционал, прогрессив ҳәм регрессив ставка дегенде қандай 
ставкалар түсиниледи? 
6.Салық жеңилликлерин группалап бериң? 
7.Салықты ӛндириў усыллары қандай группаланады? 
8.Салық механизминиң мазмунын түсиндирип бериң? 
9.Салық жеңилликлерин белгилеў критерияларын анықлап бериң? 
10.Салық механизми қурамына нелер киреди? 
6-тема. Салық сиясаты ҳәм оның тийкарғы бағдарлары
 
Таяныш сӛзлер 
Салық сиясаты. 
Салық концепциясы. 
Салық сиясаты стратегиясы. 


Салық сиясаты тактикасы. 
Салық сиясаты бағдарлары. 
Дүнья жүзлик салық сиясаты. 
 
1. Салық сиясаты ҳәм оның ҳуқуқый тийкарлары 
Бүгинги күнде жәмийеттиң экономикалық раўажланыўы бир тәрептен 
оның ишки механизмине байланыслы болса, екинши тәрептен басқарыўдың 
характерине, социаллық-сиясый жағдайға, теңсалмақлылыққа байланыслы 
болады. Усы процессте социаллық сиясат айырықша рол ойнайды. 
Социаллық сиясат ӛз нәўбетинде ишки ҳәм сыртқы мәдений-ағартыў, 
сиясый, экономикалық сиясатларға бӛлинеди. Экономикалық сиясат та ӛз 
нәўбетинде финанс, пул-кредит, бюджет, салық сиясаты киби түрлерде әмел 
қылып, олардың бир пүтинлиги макроэкономикалық дәрежеде нызам 
шығарыўшы, орынлаўшы ҳәм суд ҳәкимиятлары хызметлериниң тийкарғы 
ажыралмас бӛлимине айланады. Сол орында салық сиясатының мазмунына 
тоқтап ӛтетуғын болсақ, жоқарыда айтып ӛтилгениндей, салық сиясаты - бул 
экономикалық сиясаттың ажралмас бир бӛлеги болып, мәмлекеттиң белгили 
дәўирде анық мақсетлерге қаратылған салық тараўындағы хызмети. Ол ӛз 
қурамы бойынша салықларды енгизиў, салыққа тийисли ҳуқуқый база 
жаратыў, енгизилген салықлар ҳәм салықсыз тӛлемлерди әмелиятта ислеў 
механизмин қәлиплестириў ҳәм нәтийжелилигин асырыўға қаратылған 
мәмлекеттиң тийисли жуўапкер шӛлкемлери тәрепинен комплексли тәризде 
алып барылатуғын шара-иләжлар жыйнағы саналады. Мәмлекетлик салық 
системасы ӛзгешеликлери, бағдарлары, қандай салықлардың енгизилиўи, 
олар ортасындағы қатнасты тәмийнлеўге уқсаған мәселелерди салық сиясаты 
белгилеп береди. 
Салық сиясатының ҳуқуқый тийкарлары сыпатында ғәрезсизликтиң 
дәслепки жылларында Ӛзбекстан Республикасының 1991 жыл 31 августтағы 
«Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги ҳаққында» ғы 
Нызамы, 
Ӛзбекстан 
Республикасының 
Конституциясы, 
Ӛзбекстан 
Республикасының «Кәрханалар, шӛлкемлер, бирлеспелерден алынатуғын 


салықлар ҳаққында» ғы (1991 жыл 15 феврал), «Ӛзбекстан Республикасының 
пухаралары, шет ел пухаралары ҳәм пухаралығы болмағанлардың дәрамат 
салығы ҳаққында» ғы (1991 жыл 15 феврал), «Жергиликли салықлар ҳәм 
жыйымлар ҳаққында» ғы (1993 жыл 7 май) Нызамлары, Ӛзбекстан 
Республикасы Президентининг Пәрманлары, Ӛзбекстан Республикасы 
Министерлер Кеңеси ҳәм Министерлер Кабинетиниң Қарарларындай 
норматив ҳүжжетлерден ибарат болған болса, 1997 жылда (соңынан 2007ж.) 
қабыл қылынған Ӛзбекстан Республикасының Салық Кодекси ҳәм Ӛзбекстан 
Республикасының «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында» ғы Нызамы 
жоқарыдағы ҳүжжетлердиң айырымларының ӛз күшин жоғалтыўына алып 
келген болса, айырымларының ҳуқуқый базасының кеңейиўине хызмет 
қылып келмекте. «Ӛзбекстан Республикасының мәмлекетлик ғәрезсизлиги 
ҳаққында» ғы Нызамға муўапық, усы күннен баслап Ӛзбекстан Республикасы 
ӛзиниң ғәрезсиз салық сиясатын алып барды. Ӛзбекстан Республикасының 
Конституциясында пухаралардың жуўапкершилигине салықларды тӛлеў 
мәжбүрияты да киритилген: «Пухаралар нызам менен белгиленген салықлар 
ҳәм жыйымларды тӛлеўге мәжбүр саналады»
26
. Сондай ақ, республикамыз 
территориясында бир пүтин салық системасы әмел қылыўы ҳәм оны 
белгилеў ўазыйпасы ҳаққындағы фразалар келтирилген: «Ӛзбекстан 
Республикасы территориясында бир пүтин салық системасы әмел қылады. 
Салықларды енгизиўге тек ғана Олий Мажлис ҳақылы саналады».
27
Бүгинги күнде республикамыз салық сиясатының ҳуқуқый тийкарлары
Ӛзбекстан Республикасының Конституциясы, Ӛзбекстан Республикасының 
Салық Кодекси, «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында» ғы Нызамы, 
ҳүкиметтиң басқа да салыққа тийисли нызам, қарарлары, Президент 
Пәрманлары ҳәм басқа норматив ҳүжжетлер менен аңлатылады. 
Ҳәзирги пайытта республикамыз салық сиясатының тийкары 
Президентимиз тәрепинен ислеп шығылған ҳәм табыслы түрде әмелиятта ӛз 
26
O‗zbekiston Respublikasining Кonstitusiyasi. T.: «O‗zbekiston» 1992 yil 51-modda. 
27
O‗zbekiston Respublikasining Кonstitusiyasi. T.: «O‗zbekiston» 1992 yil 132-modda. 


кӛринисин таўып атырған социаллық-экономикалық раўажланыўдың бес 
принципи есапланады. Салық сиясаты усы принциплер тийкарында 
шӛлкемлестирилген болып, салық тараўындағы нәтийжели шара-иләжлар 
әмелге асырылмақта. 
Салық концепциясы - бул салықлардың бағдарларын анық илимий 
тийкарланған ҳалда әмелге асырыў идеяларының бир пүтинлиги. 
Мәмлекетимизде салық концепциясы Президентимиз И.А. Каримов 
тәрепинен терең илимий тийкарда ислеп шығылған базар экономикасына 
ӛтиў концепциясына тийкарланады. Егер салық концепциясы қаншама терең 
илимий тийкарға ийе болса, салық сиясатының турақлылығы соншама 
беккем тәмийнленеди. Ӛз нәўбетинде салық концепциясы болса, салықлар 
тараўындағы терең илимий изертлеў ислери ҳәмде салық әмелиятында 
арттырылған бай тажирийбелердиң ӛзара уйғынлығына тийкарланған 
идеялардың нәтийжелилигине байланыслы болады.
Сондай ақ, салық сиясаты турақлылығын тәмийнлеўде оның стратегиясы 
ҳәм тактикасы ислеп шығылады. Әмелге асырылыўы тийис болған илажлар 
ӛзгешелиги ҳәм мүддетин итибарға алып салық сиясаты: салық сиясаты 
стратегиясы ҳәм салық сиясаты тактикасына бӛлинеди.
Салық сиясаты стратегиясында белгили дәрежеде узағырақ мүддетке 
мӛлшерленген салыққа тийисли экономикалық қатнасықлардың тийкарғы 
бағдарлары ҳәм шара-иләжлары аңлатылады. Бул болса ӛз нәўбетинде 
илимий тийкарланған салық концепциясы менен тиккелей байланыслы. 
Мәселен, 
республикамызда 
жәмийетлик 
раўажланыўдың 
тийкарғы 
стратегиясы қылып еркин, ашық базар экономикасына, еркин пухаралық 
жәмийетке тийкарланған ҳуқуқый, демократик жәмийет қурыў белгиленген. 
Салық бойынша тийкарғы стратегиялық ўазыйпа болса мәмлекет бюджети 
ҳәм хожалық жүритиўши субъектлердиң салыққа тийисли экономикалық 
қатнасықларында белгили уйғынлықты тәмийнлеўши салық системасын 
қәлиплестириў ҳәм соған сай рәўиште жетилистирип барыўдан ибарат ямаса 
басқаша қылып айтқанда, салық сиясаты стратегиясы - салық сиясатының 


узақ мүддетли бағдары болып, социаллық ҳәм экономикалық стратегия 
белгилеп берген үлкен масштаблы ўазыйпаларды келешекте орынланыўын 
тәмийнлеў кӛзде тутылған финанслық илажлардың бир мақсетке жәмлениўи. 
Салық сиясаты тактикасы болса, белгиленген салық сиясаты 
стратегиясының орынланыўын тәмийнлеўши, тез-тез ӛзгерип турыўшы 
ҳәрекетлерди билдиреди, яғный қысқа мүддетли ҳәм киши масштаблы 
финанслық шара-иләжларды әмелге асырыўға қаратылған бағдарлар 
комплекси - салық сиясаты тактикасы сыпатында қаралады. 
Салық 
сиясаты 
концепциясы 
салық 
сиясаты 
стратегиясына 
салыстырғанда, салық сиясаты стратегиясы болса салық сиясаты тактикасына 
салыстырғанда турақлы, яғный кем ӛзгериўшең болып, олардың бәри де бир-
бирине байланыслы ҳалда, бир-бирин толтырып турады ҳәмде бир пүтин
ҳалда салық сиясатының мазмунын қурайды.
Салық сиясаты қурамлық жағынан тӛмендеги бағдарларда әмелге 
асырылады: 
- мәмлекет кӛлеминде әмел қылыўшы салықлар ҳәм салықсыз 
тӛлемлерди нызамлы енгизиў; 
- әмел қылып атырған салықларды нәтийжели шӛлкемлестириўди 
тәмийнлеўши механизм қәлиплестириў ҳәм жетилистириў, салыққа тийисли 
нызамлар ҳәм басқа норматив ҳүжжетлерди жетилистирип барыў; 
- салық сиясатын әмелге асырыўшы тийисли жуўапкер мекемелерди 
шӛлкемлестириў ҳәм олардың усы тараўдағы ўазыйпаларын белгилеў; 
- салыққа тартыў системасын қәлиплестириўге қаратылған терең илимий 
изертлеўди 
әмелге 
асырыў 
ҳәм 
оларды 
әмелиятқа 
енгизиўди 
шӛлкемлестириў.

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling