Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

5. Салық механизми 
Хожалық 
хызметин 
шӛлкемлестириў 
ҳәмде 
басқарыўдың 
административлик режелестириў формасы ҳәм усыллары системасынан базар 
экономикасына ӛтиў, салықлар ҳәм салық механизмине болған қатнасты 
түптен ӛзгертиўди талап етеди. Олар базар экономикасы шәраятында екинши 
дәрежели 
экономикалық 
категориядан 
мәмлекеттиң 
жәмийетлик 
экономикалық турмысы, кәрхана, шӛлкем ҳәм пухаралардың хожалық 
хызметине тәсир қылатуғын қүдиретли қуралына айланады. Ҳәзирги күнге 
келип мәмлекетимизде жаңа салық системасы ҳәм оның әмел қылыў 
механизминиң улыўма тийкарлары ислеп шығылғанына қарамастан, бул 


тараўда шешилиўи зәрүр болған машқалалар кӛп. Салықлар ҳәмде салық 
машқалаларын жетерли дәрежеде теориялық жақтан үйренилмегенлиги, 
әмелиятта олардан нәтийжели пайдаланыў процесине белгили дәрежеде 
тосқынлық қылмақта. Сол жағынан алып қарағанда, экономист алымлардың 
илимий излениўлери, салықлар ҳәм салық системасын теориялық жақтан 
үйрениў ҳәм анализ қылыў менен биргеликте, салықлардың әмелиятта 
қолланылыўы, салық механизминиң социаллық-экономикалық мазмунынан 
келип шыққан ҳалда оның ўазыйпалары ҳәмде әмелияттағы салық 
механизмин жетилистириў бағдарларын ислеп шығыўға да қаратылған 
болыўы лазым. 
Салық механизми, финанс механизминиң әҳмийетли қурам 
бӛлимлеринен бири есапланады. Сол кӛз қараста, салық механизми 
ҳаққындағы тӛмендеги пикирлерди билдириў мақсетке муўапық. 
Түсиндирмели сӛзликлерде «механизм» атамасы тӛмендегише 
түсиндириледи: 
1. Машина ҳәм үскенелердиң ишки деталларының бәри жәмленип, 
оларды ҳәрекетке келтиреди. 
2. Жасалма ҳәм ҳәрекетшең қосымша буўынлар жыйнағы. 
3. Анаў ямаса мынаў ҳәрекет тартибин анықлаўшы система, 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling