Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
4. Салықты ӛндириў усыллары
Салық әмелиятында салықларды ӛндириўдиң үш усылы бар: - кадастрлы; - дәрамат дерегинен; - дәрамат ийеси дәраматты алғанынан соң (декларация бойынша). Биринши усыл тиккелей реал салықларды есаплаў ушын пайдаланылатуғын объектлер (жер, имаратлар ҳәм басқалар) диң баҳасы ҳәм орташа дәраматлылығы ҳаққындағы мағлыўматларға ийе болған кадастр яки реестрден пайдаланылыўын билдиреди. Белгилерине қарай классификацияланатуғын объекттиң характеристикасы кадастрдың дүзилисине тийкар болады. Мәселен, жер кадастрын дүзиўде түрли районлардағы бирдей түрдеги жер участкалары сапасы, жайласқан жери, пайдаланылыўы ҳәм басқа белгилерине қарай группаланады. Ҳәр бир группа ушын майдан бирлигиниң қатар жыллар ушын орташа дәраматлылығы белгиленеди. Басқа ҳамме жер участкалары майдан бирлигинен салық ставкасы белгиленген ҳәр қыйлы тайпаға теңлестириледи. Салықты тӛлеўдиң кадастрлы усылының ӛзине тән ӛзгешелиги сыпатында соны ажыратып кӛрсетиў керек, салықтың тӛлениў пайыты дәраматтың алыныўы пайыты менен сирә байланыслы болмайды, себеби бундай усылда мал-мүлк оның шама қылынатуғын дәраматлылығының сыртқы белгилери тийкарында баҳаланады. Кадастрлы усылда қалалар ҳәм қала қорғанларында жер салығы ставкаларын белгилеўге олар территорияны қаланың айырым районларының жерлери ҳәмде инфраструктурасын экономикалық баҳалаў қуны бойынша комплексли тәризде баҳалаўды тийкар қылып алған. Объекттиң усындай белгилерине тийкарланатуғын орташа дәраматлылығы оның ҳақыйқый дәраматлылығынан бираз парқланыўы мүмкин, соның ушын бундай усыл кӛпшилик жағдайда тарийхый түске ийе болыўы мүмкин, оннан салық аппараты онша раўажланбаған ҳалатта қолланылады. Ӛзбекстан Республикасында жер салығы кадастрли усылда ӛндириледи. Бунда жерлердиң ӛнимдарлығы (бонитети) есапқа алынған ҳалдағы кесте формасындағы жер салығы ставкалары Ӛзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен ҳәр жылы жаңадан тастыйқланады. Екинши усылда салықты салық субъектине дәраматты тӛлейтуғын юридикалық шахс есаплайды ҳәм услап қалады. Исшиниң ис хақысынан, хызметкердиң айлығынан дәрамат салығы усы тәризде ӛндириледи. Салық кәрханада ислеўшиниң дәраматты алғанына шекем услап қалынады, бул салықты тӛлеўден ҳәр қыйлы бәнелер мене бас тартыў ямаса кешиктириў ҳалатларын жоқ қылады, себеби бухгалтерия салық салынатуғын дәраматты ҳәм салық суммасын анық есап-китап қылып шығады. Бундай қатнасықларда қатнасыўшы юридикалық шахслар кӛбинесе фискал агент ямаса салық агенти сыпатында қаралады. Салықтың дәрамат дерегинен тӛлениўи соны аңлатады, салық декларациялар бойынша тӛлеўдегидей салық мекемеси тәрепинен есапланып услап қалынбайды, бәлким оны юридикалық ҳәм физикалық шахс пайдасына тӛлемди әмелге асыратуғын фискал агентлер тӛлеў дереклери (кәрханалар, мекемелер ҳәм шӛлкемлер, басқа жумыс беиўшилер)инде есаплайды ҳәм услап қалады. Үшинши усыл салық тӛлеўшилердиң салық мекемелерине декларацияларды, яғный олардың алған дәраматлары ҳәм ӛзлерине тийисли болған салық жеңилликлери ҳаққындағы расмий баянатты бериўди нәзерде тутады. Салық мекемелери салық декларациясы ҳәм әмелдеги салыққа тартыў ставкалары тийкарында тӛлениўи лазым болған салық муғдарын қадағалайды. Салық декларациясы тийкарында, әдетте, исбилерменлик хызметинен, дийхан (фермер) хожалығын жүритиўден алынатуғын дәраматлар, сондай ақ интеллектуал хызмет пенен шуғулланатуғын шахслар (илим, әдебият, кӛркем шығармалар авторлары, ойлап табыўлар, ҳәм т.б.) дәраматлары салыққа тартылады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling