Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
Салық жеңилликлери, олардың мазмуны ҳәм түрлери
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
3. Салық жеңилликлери, олардың мазмуны ҳәм түрлери
Дүнья салық системасының тийкарғы ҳәм ажралмас бӛлимлеринен бири бул салық жеңилликлери есапланады. Ҳәр қандай мәмлекет оның хожалық жүритиў системасы қандай болыўына қарамастан мәмлекет бюджетин дәраматлар менен тәмийнлеўде тийкарғы қураллардан бири бул салықлар ҳәм салықсыз тӛлемлер есапланады. Бирақ енгизилген салықлар сап фискал формада орнатылыўы мүмкин емес. Себеби тек бюджет мәпи ушын орнатылған салықлардың әмел қылыўы узақ ўақытты ӛз ишине алмайды. Соның ушын белгили дәрежеде салық жеңилликлеринен пайдаланыў усынылады. Салық системасында салық жеңилликлеринен пайдаланыўдың бир қатар объектив социаллық-экономикалық себеплери бар болып, бизиңше олар тӛмендегилер: Бириншиден, салық жеңилликлериниң бар болыўының тийкарғы себеплеринен бири бул салық тӛлеўши (юридикалық ҳәм физикалық шахс) лердиң жәмийетте тутқан орны, социаллық ҳалаты түрлише екенлигинен. Соның ушын ҳәммеге бирдей тәртипте (муғдарда) салық салыў мәниге ийе болмайды; Екиншиден, мәмлекет экономикаға тәсир етип оны тәртиплестириў ўазыйпасын әмелге асырады, бунда ҳәр қыйлы рычаглардан пайдаланады. Бул рычаглардың тийкарғыларынан бири жәмийеттеги базы әҳмийетли тараўларды ямаса салық тӛлеўшилердиң хызметин хошаметлеў мақсетинде салық жеңилликлери белгиленеди. Яғный, мәмлекет салық жеңилликлери арқалы экономиканы нәтийжели ҳәм қолай басқарыў ямаса тәртиплестириў имканиятына ийе болады, буннан кӛринеди, салық жеңилликлери мәмлекеттиң ӛз функция ҳәм ўазыйпаларын жүзеге шығарыўшы әҳмийетли рычаг сыпатында жүзеге шығады; Үшиншиден, салық жеңилликлери қолланылыўының тийкарғы себеплеринен және бири бул миллий дәраматты қолай, нәтийжели ҳәм мақсетке муўапық бӛлистириўге ерисиўден ибарат. Яғный, буннан салықлар сыпатында бюджетке тартылыўы лазым болған финанслық ресурслар жеңиллик бериў себепли бюджетке тартылмастан салық тӛлеўшилердиң ӛзлерине мақсетли рәўиште қалдырылады. Буның абзаллық тәрепи сонда, салық тӛлемлерин бюджетке алыў ҳәм оны және қайта бӛлистириў ислерин аңсатластырады ҳәм жумыс хызмет түрлерин хошаметлеўге ерисиледи. Соны да айтып ӛтиў керек, салық жеңилликлери ҳаққында ҳәр қыйлы пикирлер бар. Салық жеңилликлериниң мазмунын анығырақ аңлаў ушын дәслеп усы ҳәр қыйлы пикирлерди кӛрейик. Проф. Қ. Яҳѐевтың пикирине қарағанда «Салық тӛлеўшилерди салықтан азат етиў, олар тӛлейтуғын салық муғдарын (салық базасын) кемейтиў ямаса салық тӛлеў шәртин жеңиллестириў салық жеңиллиги есапланады». 21 Әмелиятшы, экономист алым Ш. Гатаулин салық жеңилликлерине тӛмендегише анықлама береди: «Салық жеңилликлери әмелдеги нызамларға муўапық рәўиште салықлардан толық яки бир бӛлиминен (қисман) азат етилиўи (скидкалар, шегирмелер ҳәм т.б.)». 22 Проф. Т.С. Маликовтың билдириўинше салық жеңилликлери дегенде салық тӛлеўшиниң салық мәжбүриятлары кӛлеминиң толық яки бир бӛлиминиң (қисман) қысқарыўы, тӛлеў мүддетиниң кешиктирилиўи яки кейинге қалдырылыўы түсиниледи. Салықлардың хошаметлеўши функциясы салық жеңилликлери системасы арқалы әмелге асырылады. Салық жеңиллиги салыққа тартыўда объекттиң ӛзгериўинде, салыққа тартыў базасының кемейиўинде, салық ставкаларының пәсейттирилиўинде ҳәм 21 Yahyoev Q. Soliq. T. «Mehnat». 1997 yil. 20-bet 22 Gataullin Sh. Soliqlar va soliqqa tortish. Toshkent. 1996 yil. 74-bet басқаларда ӛз кӛринисин табады. Салыққа тартылмайтуғын объект минимумы, айырым шахслар ҳәм салық тӛлеўшилердиң айырым тайпаларын салық тӛлеўден азат қылыў, салыққа тартыў объектинен айырым элементлерди шығарыў, салық ставкаларын пәсейтиў, мақсетли салық жеңилликлери, салық кредитлери (Салықлардың ӛндирилиўин кешиктириў) ҳәм басқалар салық жеңилликлериниң кӛринислери есапланады. Мәселен, кәрханалар пайдасынан алынатуғын салық бойынша жеңилликлер ӛндиристи кеңейтиў ҳәм үй-жай қурылысын раўажландырыў қәрежетлерин финансластырыўды, исбилерменликтиң киши формаларын, нәгиранлар ҳәм пенсионерлердиң бәнтлигин тәмийнлеўди, социаллық, мәдений ҳәм табиятты қорғаў тараўларын хошаметлеўге қаратылған. Индивидуал характерге ийе болған жеңилликлерди бериў әдетте, қадаған етиледи. 23 Салықлардың ҳәм олар бойынша берилетуғын жеңилликлердиң бар болыўы бәрҳама мәмлекеттиң пайда болыўы менен байланыстырып келинген. Уллы бабамыз Әмир Темур тузуклеринде айтылыўынша «Салықлар мәмлекеттиң экономикалық таянышы ҳәм пайда болыўы есапланады». 24 Егер, Темур түзиклеринде берилген салыққа тартыў принциплерине нәзер таслайтуғын болсақ, олардың да тийкарын салыққа тартыўда берилетуғын жеңилликлер ийелейди. Оған муўапық салық тӛлеўшилерден салықларды салық объектлериниң ҳәм тӛлеўшилердиң тайпаларына қарай ҳар қыйлы формаларда ӛзгеше ӛндириў салық сиясатының дыққат орайында турады. «Темур түзиклеринде» келтирилиўинше «Кимки бирон саҳрони обод қылса яки полиз қылса, яки бирон боғ кўкартирса ѐхуд бирон ҳароб болып ѐтган эрни обод қылса, Биринши жылы оннан ҳеч нәрсе олмасинлар, екинши жылы раият ӛз разылығы менен бергенин олсинлар, үшинши жылы (еса олиқ-салық) нызам - қоидасига муўапық ҳирож йиғилсин». 25 Буннан кӛринеди, салықлардан берилетуғын жеңилликлер тиккелей мәмлекеттиң 23 Malikov T. Soliqqa tortishning dolzarb masalalari. Toshkentyu 2000 yil. 276-bet. 24 Temur tuzuklari. Toshkent. 1993 yil. 98-bet 25 Temur tuzuklari. Toshkent. 1993 yil. 98-bet (қазнаны) экономикалық потенциалына байланыслы болып, онда салық жеңилликлери менен бюджет (қазна) дәраматларын қәлиплестириўдиң ӛзара байланыслылығы сәўлелендирилген. Салыққа тартыў теориясы ҳәм әмелиятында салық жеңилликлериниң тутқан орны инглис экономисти Кейнс теориясында айырықша орынды ийелейди. Кейнсшилер тәрепинен салық системасы, анығырағы салық жеңилликлери макроэкономикалық шараятта экономиканы тәртипке салыўдың бир элементи сыпатында ҳәмде мәмлекеттиң ӛндириске тәсир етиў ҳәм бюджеттиң дәрамат бӛлимин толтырыўдағы әҳмийетли экономикалық қуралы сыпатында қаралады. Екинши дүнья жүзлик урыстан кейин батыс мәмлекетлеринде неоклассик бағдар, институтсионал - социаллық бағдар талапларына сай тәризде салыққа тартыў системасында жеңилликлер теориясына бир қанша итибар берилди. Усы экономикалық мектеплер теориялық кӛз қарасларында түпкиликли айырмашылықлар болўына қарамай олардың ўәкиллери улыўма тәризде салық жеңилликлери арқалы экономиканы турақластырыў ҳәм оны тәртипке салыў қуралы сыпатында қараған. Экономиканы басқарыўда салық жеңилликлери ролин олар тӛмендегише аңлатар еди: егер ҳәр қандай мәмлекеттиң экономикасы артықша ӛндириў менен ӛзгешелениўши ӛсиў дәўирин ӛтип атырған болса, ол ҳалда мәмлекет салық жеңилликлерин кемейтиў, яғный салықларды кӛбейтиў, салыққа тартыўды күшейтиў арқалы корпорациялардың бос қаржыларын кӛбирек бюджетке тартыў лазым деп есаплаған. Егер мәмлекет экономикасы пәсейиў ҳалатын кеширип атырған болса, экономиканы жанлантырыў ушын қосымша қаржы тартыў лазым. Бунда салық жеңилликлеринен де кең пайдаланыў зәрүрлиги туўылады деген жуўмаққа келген. Бул ҳалатта экономистлер мәмлекетке, салық муғдарын кемейтиў, салық жеңилликлерин кӛбейтиўди мәсләҳат береди, бул нәрсе бюджетке қосымша қаржылар ҳәм капитал қойылмалар пайда болыўы ушын имканият жаратады. Экономиканы мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўдың басқа рычаглары қатары салық сиясаты талап ҳәм усыныс ортасындағы пропорционаллыққа ерисиў арқалы экономикада турақлы раўажланыўды тәмийнлеўге қаратылған. Батыс экономистлери салық системасының әҳмийетин мәмлекет хызметин әмелге асырыў ушын оны зәрүр финанслық қаржылар менен тәмийнлеў сыпатында аңлатылыўшы сап фискал ўазыйпа менен шеклеп қоймайды. Олардың салық жеңилликлери теориясында салықларды тәртипке салыў ўазыйпасына үлкен итибар береди. Салықлар мәмлекет тәрепинен экономиканы тәртипке салыўдың әҳмийетли қуралы сыпатында хожалық жүритиўши субъектлердиң экономикалық характерине мәмлекет тәсирин билдиреди. Бирақ, бунда салық жеңилликлери тийкарғы қурал сыпатында қаралыўы кең нәзерде тутылған. Базар қатнаслары шәраятында ғәрезсиз республикамыз экономикалық еркинлестириўди әмелге асырар екен, экономиканы тәртиплестириў ҳәм басқарыў процесинде бир қатар қураллардан пайдаланады, бунда салық системасында салық ставкалары ҳәм жеңилликлеринен пайдаланыў ең нәтийжели ҳәм аңсат усыллардан бири болып жүзеге шығады. Салық жеңилликлери менен экономиканы басқарыў, мәмлекеттиң сондай хызмети менен байланыслы, ол қайта ӛндирис процесинде пайда болған пропорционалсызлықты жоғалтыў ушын шәраят жаратады. Басқаша қылып айтқанда, егер салықлардың базы принциплери ӛндиристи тәртипке салыўдың мәмлекетлик стратегиясын аниқласа, тактикасы салық жеңилликлери арқалы әмелге асырылады. Салық жеңилликлерин салық субъекти, салық объекти, салықларды ӛндириў усыллары ҳам мүддетлери бойынша бир нешше топарларға (түрлерге) бӛлиў мүмкин. Салық жеңилликлерин ҳәр қыйлы тийкарлар бойынша группалаў мүмкин. Биз буны тӛмендеги тәртипте тийкарлаўға ҳәрекет етемиз. Бизге белгили, Республикамыз салық системасының ҳуқуқый базасы ғәрезсизликтиң дәслепки күнлеринен баслап жетилисип бармақта. Ҳәзирге шекем қабыл қылынған барлық салыққа тийисли нызам ҳүжжетлерине итибар беретуғын болсақ, олардың барлығында салық жеңилликлерин белгилеў бойынша улыўма уқсаслықлар бар екенине гуўа болыўымыз мүмкин. Яғный, барлық нызам ҳүжжетлеринде салық түрлери бойынша жеңилликлер тийкарынан тӛмендеги формаларда: - салықтан пүткиллей азат етиў; - салықтан ўақтынша ямаса бир бӛлиминен азат етиў; - салық базасын кемейтиў тәризинде берилген. Ссалық нызамшылығында салық жеңилликлериниң ең соңғы түри бул - салық салыў усылын таңлаў ҳуқуқы. Бул жеңиллик тек салық кодексине муўапық берилген болып, дәслепки салық нызамшылығында бул жеңиллик кӛзде тутылмаған еди. Бул жеңиллик түриниң мазмуны тийкарынан киши бизнес субъектлери ҳәм аўыл хожалық кәрханаларына салық салыўда салықлар ҳәм мәжбүрий тӛлемлерди улыўма белгиленген тәртипте тӛлеў ямаса әпиўайыластырылған бирден-бир салық тӛлемин тӛлеўди таңлаў ҳуқуқы берилгенлиги менен аңлатылады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling