Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet21/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

Салық жеңилликлери - салық тӛлеўшилерге салықлар бойынша ҳәр 
қыйлы жеңилликлер болып, олар ўақтыншалық ямаса дайым, толық яки бир 
бӛлимине ҳәм басқа кӛринислерде берилиўи мүмкин. 
 Салық базасын есаплаў усыллары. Салық базасын есаплаўдың еки 
түрли усылы бар болып, олар касса усылы ҳәм есапқа алыў усыллары. Касса 
усылында салық тӛлеўшиде салықларды тӛлеў мәжбүриятлары дәрамат 
алғанынан кейин пайда болса, есапқа алыў усылында болса дәрамат алынған 
яки сатыўдан алынған түсим қашан келип түсиўине қарамастан товарлардың 
жӛнелтип жиберилиўи ӛз нәўбетинде салықларды тӛлеў мәжбүриятларын 
пайда етеди. 
Салыққа тартыў усыллары үш түрли кӛринисте әмелге асырылып. Олар 
тӛмендегилерге: салыққа тартыўдың кадастрлы, декларация ҳәм дерек 
алдынан салыққа тартыў усылларына ажыратылады.
Салықларды 
тӛлеў 
мүддетлери 
ҳәм 
тәртиплери
Салық 
нызамшылығында ҳәр бир салық түриниң бюджетке тӛлеў мүддетлери 
белгиленген. Салықты тӛлеў мүддетлери дегенде салық тӛлеўшилердиң 
мәмлекет бюджети алдында салық мәжбүриятларын орынлаў мүддети 
аңлатылады. Салықты тӛлеў мүддетлери ӛз мазмунына қарай еки түрли 


кӛриниске ийе: аванс (бўнак) тӛлемлери ҳәм ҳақыйқый дәрамат алынғанынан
кейинги тӛлемлер.
Салықты тӛлеў тәртибинде болса, салықтың жиберилгенлиги (бюджетке 
яки бюджеттен тысқары фондларға), салықты тӛлеў қуралы (миллий валюта, 
сўмда яки басқа мәмлекетлер миллий валютасында. Ӛзбекстан Республикасы 
салық нызамшылығына муўапық салықлар тек ғана миллий валюта, сўмда 
тӛлениўи мүмкин) ҳәмде салықты тӛлеў формалары (нақ пул яки нақ пулсыз) 
аңлатылады. 
Салық жүги - салық тӛлеўшиниң белгили ўақыт аралығында тӛлеген 
салықларының жәми аңлатады. Бунда салық тӛлеўшилердиң тӛлейтуғын 
барлық салықлар ҳәм салықсыз мәжбүрий тӛлемлериниң жәми муғдары 
аңлатылады. Салық жүгиниң анық салық тӛлеўшилер жуўапкершилигине 
қанша туўры келгенлигин анықлаў бир қанша қурамалы процесс есапланады. 
Бирақ туўры салықларда салық жүги салықты бюджетке есаплап ӛткериўши 
салық тӛлеўшилер жуўапкершилигине түссе, жанапай салықларда салық 
жүги салықты тӛлеўшилер емес, бәлким товар (жумыс, хызмет) ларды 
тутыныўшылар жуўапкершилигине түседи. Белгили түрдеги юридикалық 
ҳәм физикалық шахслар бойынша салық жүгиниң бир жылда бюджетке 
тӛлеген барлық мәжбүрий тӛлемлер муғдары менен анықлаў мүмкин. Салық 
жүгиниң дәрежеси ӛз нәўбетинде мәмлекеттиң экономикалық потенциалына, 
инфляция дәрежесине, мәмлекеттиң жуўапкершиликли функцияларды 
қоллаўына, қалаберсе базар қатнасықларының раўажланыўына ҳәм 
социаллық процеслер шеңберине тиккелей байланыслы болады.
Салық жүгин аңлатыўдың бир қанша кӛринислери бар: макродәрежедеги 
салық жүги, мезодәрежедеги салық жүги ҳәм микродәрежедеги салық жүги. 
Салық жүги макродәрежеде аңлатылғанда пүтин мәмлекет кӛлеминде 
аңлатылып, тийкарғы кӛрсеткиш сыпатында белгили ўақыт аралығында 
мәмлекет бюджетине келип түскен салықлар муғдарының сол ўақыт 
аралығында жаратылған ЖИӚ (жалпы ишки ӛним) ямаса МД (миллий 
дәрамат) қа салыстырмалы аңлатылады. Мезодәрежеде аңлатылғанда 


айырым алынған тараў ямаса секторға туўры келетуғын салық жүги 
аңлатылса. Микродәрежеде болса, анық бир алынған субъектке туўры 
келетуғын салық жүги аңлатылады. 

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling