Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик


тәрепинен қадағалаў алып барыў тәртиби ҳәм басқалар салық


Download 1.39 Mb.
Pdf ko'rish
bet26/57
Sana19.12.2022
Hajmi1.39 Mb.
#1033247
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   57
Bog'liq
СТКК-2020(1)

тәрепинен қадағалаў алып барыў тәртиби ҳәм басқалар салық 
механизминиң әҳмийетли қурамлық элементлери есапланады. Соған 
қарағанда, 
салық 
механизми 
мәмлекет 
тәрепинен 
салық 
қатнасықларын шӛлкемлестириў ушын қолланылатуғын нызамлар, 
кӛрсетпелер ҳәмде салыққа тартыў процесиниң шӛлкемлестирилиў-
ҳуқуқый элементлери ҳәм оны басқарыўдың бир пүтин жыйнағын 
сәўлелендиреди. 
Бул жерде айырым алынған салық яки мәжбүрий тӛлемлер 
механизмин емес, бәлким улыўма ҳалда барлық салықлар ҳәм мәжбүрий 
тӛлемлер механизмин иске қосыў ушын ислетилетуғын нызамлар, 
кӛрсетпелер ҳәм жоқарыда айтып ӛтилген салыққа тартыў процесиниң 
қурамлық бӛлимлери жыйнағын улыўма нәзерде тутқан ҳалда 
сәўлелендирилген. 


Салық механизминиң қурамлық бӛлимлери биргеликте салық 
қатнасықларын шӛлкемлестириўдиң формалары, түрлери, усыллары 
«салық механизми конструкциясын» қурайды. Усы «конструкция» 
қурамлық бӛлимлериниң ҳәр бирине муғдар жағынан ӛлшем 
бирликлерин орнатыў жолы менен ҳәрекетке келтириледи. Басқаша 
қылып айтқанда, салық механизми конструкциясы, салық объекти ҳәм 
субъекти, салық ставкасы ҳәм ӛндирип алыў мүддети, салық бойынша 
жеңилликлер бериў ҳәмде жәриймалар салыў ҳәм басқаларды анықлаў 
жолы менен ҳәрекетке келтириледи. 
Салықлардың ишки мазмуны ҳәрекет қылыў нызамшылықлары 
ҳәм қарама-қарсылықларын итибарға алыў, ғәрезсиз мәмлекетимиз 
ушын салық механизминен нәтийжели пайдаланыўда үлкен әҳмийетке 
ийе. Салықлар ҳәм олардың функцияларын бир тәрептен, салық 
сиясаты ҳәм салық механизмин, екинши тәрептен ажыратып үйрениў

Download 1.39 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   57




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling