Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
салықлардың объективлигин ҳәмде салықлар бойынша мәмлекет
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
салықлардың объективлигин ҳәмде салықлар бойынша мәмлекет
хызметиниң субъективлигин түсиниў имканиятын береди. Салық механизми ӛз мазмунына қарай мәмлекеттиң социаллық- экономикалық иләжларды әмелге асырыў ушын пул қаржыларына болған зәрүрлигин қанаатландырыўға мӛлшерленген орайласқан ҳәм орайластырылмаған пул қаржылары фондларын шӛлкемлестириў менен байланыслы объектив пул қатнасықлары процесин сәўлелендиреди. Салық механизминиң ишки мазмуны, оның қурамы ҳәм дүзилиси тиккелей салықлардың мазмуны, қурамы ҳәм дүзилиси (элементлери) нен келип шығады. Салық механизми - мәмлекет тәрепинен салық қатнасықларын шӛлкемлестириў ушын ҳуқуқый база тийкарында қолланылатуғын салыққа тартыў процесиниң элементлери ҳәм оларды басқарыўдың уйғынласыўын аңлатады. Басқаша қылып айтқанда салық механизми - бул салық қатнасықларын шӛлкемлестириў усыллары жыйнағы болып, ол экономикалық, социаллық раўажланыўда қолай шәаятларды тәмийнлеў ушын мәмлекет тәрепинен қолланылады. Мәмлекет салық қатнасықларын шӛлкемлестириўдиң усылларын орнатар екен, оларға сай нызамлар жаратады ҳәм күшке киритеди. Мәмлекетлик салық комитети әмелдеги салық нызамшылығы тийкарында ҳәмде ӛзиниң жуўапкершилиги шеңберинде ҳәр бир салық түрлери бойынша кӛрсетпелер ислеп шығады. Солай екен мәмлекет салық механизмине салық нызамшылығы жәрдеминде ҳуқуқый форма береди ҳәм оны басқарып турады. Салық механизминиң ҳуқуқый тийкарлары Ӛзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик салық хызмети ҳаққында» ғы нызамы, Президент Пәрманлары, Министерлер Кабинетиниң Қарарлары ҳәм басқа салыққа тийисли норматив ҳүжжетлерден ибарат болып, ол миллий ҳәм мәмлекетлик мәплерди сәўлелендиреди. Салық механизми салық системасының әмелиятқа енгизилиўин аңлатады. Оннан пайдаланыў салық элементлери жыйнағынан пайдаланыў ушын ислеп шығылған. Салық механизминиң қурамлық бӛлимлери узақ жыллар ҳәрекет қылса (мәселен, Салықлардың түрлери), оның элементлери (мәселен, ставка, жеңиллик) тез-тез ӛзгерип турады. Салық механизми мәмлекетлик бюджет дәраматларын қәлиплестириўде пайдаланылатуғын тийкарғы қурал сыпатында бюджет қытшылығын иләжи барынша сапластырыўға қаратылған болыўы лазым. Буннан тысқары мәмлекет салық механизминен базар қатнасықларын қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға унамлы тәсир кӛрсетиўде, исбилерменликтиң раўажланыўына имканят жаратып бериўде ҳәм халықтың кем дәраматлы қатламының социаллық гедейлесиўине қарсы әҳмийетли қурал сыпатында пайдаланады. Салық механизминиң ўазыйпалары тиккелей салықлардың функцияларынан келип шығады. Соннан келип шығып, салық механизми ӛз мазмунына қарай фискал, экономикалық ҳәм социаллық әҳмийетке ийе. Салық механизминиң фискал әҳмийетин итибарға алған ҳалда тийкарғы ўазыйпасы мәмлекет ықтыярына зәрүр болған финанслық қаржыларды қәлиплестириў есапланады. Бул бойынша тӛмендегилер тийкар қылып алыныўы керек: - мәмлекет ҳәм жәмийеттиң экономикалық иләжларды әмелге асырыў ушын пул қаржыларына болған зәрүрлигин қанаатландырыў; - мәмлекеттиң социаллық бағдардағы қәрежетлери ушын финанслық тийкар жаратыў; - мәмлекет бюджети қытшылығын имканы барынша кемейтиў. Бюджет қытшылығын кемейтиўге тек ғана бюджет қәрежетлерин қысқартыў емес, бәлким мақсетке муўапық шӛлкемлестирилген салық механизминен пайдаланған ҳалда бюджет дәраматларын асырыў есабынан да ерисиў мүмкин. Усы мақсетлерге тийкарынан салық механизминиң фискал ўазыйпасынан пайдаланған ҳалда ерисиледи. Салық механизми базар экономикасы шәраятында ӛзиниң және бир әҳмийетин, яғный экономикалық әҳмийетин есапқа алған ҳалда ӛзине тән ўазыйпаларды орынлайды. Бул ўазыйпалар мәмлекет тәрепинен экономиканы басқарып турыўда пайдаланылатуғын рычаглардан бири сыпатында тӛмендегилерге бӛлиниўи мүмкин: - базар қатнасықларының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўына унамлы тәсир кӛрсетиў. Бу ўазыйпа республикамызда кӛп укладлы экономиканы раўажландырыў, жеке мүлктиң мәмлекет тәрепинен қорғалыўын тәмийнлеў ушын тийкарланады. - меншиклик ҳәм хожалық хызметиниң шӛлкемлестирилиў-ҳуқуқый формасына қарамастан барлық салық тӛлеўшилер ушын бирдей имканият жаратып бериў. Бул бойынша салық механизми универсалластырылыўы лазым. Буннан тысқары салық механизми салық тӛлеўши субъектларге хожалық хызметиниң тараўы ҳәм экономика тармағына қарамастан нормал раўажланыўды тәмийнлеўши дәрежеге ийелик қылыўға имканият жаратып бериўи тийис. - юридикалық ҳәм физикалық шахслардың исбилерменлик хызметин тәртипке салыў. Салық механизминиң усы ўазыйпасы салықлар бойынша жеңилликлер бериў ҳәм жәриймалар салыў есабына олар хожалық хызметине белгили дәрежеде экономикалық жақтан тәсир етиўден ибарат. - сыртқы экономикалық хызметти ҳәмде экспортты хошаметлеў. Салық механизминиң бул ўазыйпасы сыртқы экономикалық хызметти жәнеде раўажландырыў, республика экономикасына сырт ел инвестицияларын кеңирек тартыў ҳәм дүнья базарына шығыў мақсетинде ӛним экспортын жетерли дәрежеде хошаметлеўге тийисли жеңилликлер бериў. - салық тӛлеўшилерге белгили дәўирде базы жеңилликлер бериў ҳәм зәрүр пайтда жәриймалар салыў арқалы олар хызметине тәсир кӛрсетиў. Салық механизминиң усы ўазыйпасы арқалы ислеп шығылған салық механизми қуралында унамлы яки унамсыз тәсир кӛрсетиў арқалы экономикалық ӛсимди тәмийнлеў мүмкин. Жоқарыдағы ўазыйпалардан тысқары салық механизминиң экономикалық әҳмийети менен байланыслы болған: табиий ресурслардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды хошаметлеў; халықтың пул дәраматларын асырыў яки қысқартыў арқалы олардың тӛлеў қабилетине тәсир етиў киби әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўы лазым. Салық механизминиң экономикалық әҳмийетин итибарға алған ҳалдағы ўазыйпалары: - халықтың ҳәр қыйлы социаллық топарлары дәраматларын тәртипке салыў. Орнатылған салық ставкасы муғдары сондай оптимал дәрежеде болыўы керек, барлық халық социаллық қатламлары ушын салық ставкасы муғдары оларды және де кӛбирек дәрамат алыўдағы нийетлери ҳәм мәплерине кери тәсир етпеўи керек; - халықтың кем дәраматлы бӛлимин кескин гедейлесиўине тосык болып хызмет қылыў; - демографик сиясат талапларын есапқа алған ҳалда ҳәр қыйлы жеңилликлер бериў. Салықлар мәмлекет бюджетин дәраматлар менен толық тәмийнлеўдиң тийкарғы дереги ҳәмде экономиканы басқарып турыўшы тийкарғы қураллардан бири есапланады. Соның ушын да салық механизми кең қамтыўшы ҳәр бир сфера, тараў, кәрханаға айырым ийкемлесиўшең болыўы тийис. Экономиканы басқарыў еки түрли формада әмелге асырылады: А) Административлик басқарыў; Б) Экономикалық басқарыў. Басқарыўдың базар қатнасықлары шәриятына сай келиўши тийкарғы усылы, кәрханалар хызметин оның ақырғы финанслық нәтийжелерине байланыслы етип қойыўдан ибарат. Салық механизмин қоллаў, ссуда капиталы ҳәм процент ставкаларынан пайдаланыў (инвестиция сиясаты), бюджеттен капитал қойылмаларды ҳәмде дотациялар ажыратыў, мәмлекетлик баҳаларды орнатыў, мәмлекет буйыртпасы ҳәм басқа мәмлекеттиң экономиканы басқарыўдағы тәсир етиўши факторлары есапланады. Салық ставкаларына ӛзгерттириўлер киритиў, салықлар бойынша жеңилликлер ҳәмде жарималардан пайдаланыў, базы бир салықларды енгизиў менен бирге айырымларын бийкар қылыў ҳәм басқалар жәрдеминде мәмлекет айырым алынған тараў яки ӛндиристиң тез раўажланыўы ушын шәраят жаратып береди. Экономиканы салықлар арқалы басқарыўды жақлаўшы кӛплеген теориялар бар. Соннан, А.Смит тәрепинен илгери сүрилген салыққа тартыў принциплери салықлардың фискал әҳмийети менен биргеликте экономиканы басқарыўда пайдаланылатуғын қурал сыпатында үйрениў кереклигин тастыйқлайды. «Салықлар - экономиканы тәртипке салыўшы қурал» концепциясы экономикалық ӛсиўди турақластырыўды тәмийнлеў ҳәм экономиканы басқарыўда салықлардан пайдаланыўды билдиреди. Кейнс ӛзиниң илимий изертлеўлеринде экономиканы салықлар қуралы арқалы басқарып турыў зәрүрлигин теориялық жақтан тийкарлап берген ҳәм салықларға автоматик тәризде турақластырыўшы қурал сыпатында қараған. Соның менен биргеликте салық механизмин ӛзгерттирип, салық сиясатын экономиканың циклли раўажланыўына муўапықластырыўды усыныс еткен. Экономиканы салықлар арқалы басқарыўдың тийкарғы мақсети хожалық жүритиўде қолай шәраятларды жаратып бериў ҳәм хожалық жүритиўши субъектлердиң ӛндирислик нәтийжелилигин арттырыўдан ибарат болып, усы мақсетлерге ерисиў ушын тӛмендеги усыллардан пайдаланылады: - салық түсимлери кӛлемин ӛзгертиў; - салыққа тартыўдың форма ҳәм усылларын ӛзгертиў; - салық ставкаларын ӛзгертиў, оларды дефференциялаў; - салық жеңилликлеринен пайдаланыў; - салыққа тартылыўы лазым болған объектлерди ӛзгертиў; - жәриймалар қоллаў ҳәм басқалар. Мәмлекет экономиканы салықлар арқалы тәртипке салыўда макроэкономикалық ҳәм микроэкономикалық дәрежеде тәсир етеди. Макроэкономикалық дәрежеде, салық ставкасы муғдарына ӛзгертиў киритиў арқалы инфляцияны имканынша шегаралаў, табиий ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, ӛндирис күшлериниң аймақларара жетилискен жайласыўын тәртипке салыў, мийнетке қабылетли халықты жумыс пенен тәмийнлеў, экономикалық ӛсимге ерисиў киби кең кӛлемли мақсетлерге ерисиў мүмкин. Микроэкономикалық дәрежеде болса, хожалық жүритиўши суюбъектлердиң финанслық жағдайына тәсир етиў, олардың инвестиция хызметин хошаметлеў кибилерге ерисиў мүмкин. Экономиканы салықлар арқалы басқарыўда салық механизми элементлеринен кең кӛлемде пайдаланылады. Олардан кең қолланылатуғын ҳәм нәтийжели шаралары сыпатында салық ставкаларын, салық жеңилликлерин ӛзгертиў кибилерди айырым айтып ӛтиў керек. Салық жеңилликлеринен ӛндирис процесин басқарыўда, инвестицияларды хошаметлеўде ҳәм басқаларда кең пайдаланылады. Салық жеңилликлери хошаметлеў ҳәм нәтийжели қолланылыўына қарап тӛмендеги кӛринислерде аңлатылыўы мүмкин: - салықлардан пүткиллей азат қылыў; - жаңа шӛлкемлестирилген кәрханаларға жеңилликлер бериў; - салық тӛлеўден ўақтынша азат етиў; - салыққа тартылатуғын базани кемейтиў; - салықтың бир бӛлиминен азат қылыў; - сырт ел инвестицияларына жеңилликлер бериў; - экспортқа жеңилликлер бериў ҳәм басқалар. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling