Ӛзбекстан республикасы жоқары ҳӘм орта арнаўлы билим министирлиги бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик
салық жүгиниң аўырлығын кемейтиў, биринши гезекте, мәмлекет
Download 1.39 Mb. Pdf ko'rish
|
СТКК-2020(1)
салық жүгиниң аўырлығын кемейтиў, биринши гезекте, мәмлекет
қәрежетлерин қысқарттырыў ҳәм социаллық хызметлердиң тӛлемлилик дәрежесине байланыслы болады. Айырым қәнийгелер салық системасының нәтийжелилигин УИӚде салықлардың үлеси менен байланыстырады. Басқа бир топардағы қәнийгелер болса салық жүгин тӛлемлердиң барлығын бирлестириў жолы менен есаплаўды усыныс етеди. Бунда бюджеттен тысқары фондларға ҳәм ӛнимди сатыў кӛлемине ажыратпалар да салық жүгиниң қурамына киритиледи. Жәмийет ағзаларына салық аўырлығының бӛлистирилиў дәрежесин характерлеп айтыў мүмкин, ӛндиристеги кӛпшилик салықлар, соннан, жанапай салықлар товардың ӛзине түсер баҳасы қурамына киритиледи ҳәм соңғы нәтийжеде тутыныўшы жуўапкершилигине түседи. Халықтың салық жүгин, жан басына салық потенциалын орташа жан басына алынатуғын дәраматқа қарай анықлаў мүмкин. Сол тийкарда пүткил мәмлекеттиң салық потенциалын есаплаўда, барлық салық суммасы ҳәм қамсызландырыў взносларының комплекси сыпатында есаплаў салық жүгин есаплаўда жалланған ислеўшилер мийнетине ҳақы тӛлеўде ҳәр бир сўмына барлық салықлар суммасының, сондай ақ, салық жүги салмағын, жалпы қосымша қун салмағы үлеси менен анықлап, оны халықтың салық жүги коэффициентине дүзеў (кӛбейтиў) киритиў усыныс етиледи. Жоқарыда кӛрип шығылған салық жүгин УИӚдеги салық үлеси сыпатында есаплаў методологиясы жүдә әпиўайы ҳәм түсиникли. Соның ушын ол шет мәмлекетлерде кең қолланылады. Ҳәзирги ўақытта Ӛзбекстан Республикасы Финанс министерлиги ҳәм мәмлекетлик салық комитети юридикалық тәреплерге салық жүгин есаплаўдың методологиясын усыныс еткен. Онда салық жүги барлық есапланған салықлар, жыйымлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер, бюджеттен тысқары фондларға тӛлемлердиң есапқа алынған суммасы, ӛним сатыў кӛлемине ҳәм басқа сатыўдан тускен түсимди ӛз ишине алған қатнас арқалы анықланады. Ис ҳақыны тӛлеў бойынша қәрежетлердиң артыўы бюджеттен тысқары фондларға тӛлемниң кӛбейиўине тәсир етеди. Салық жүгиниң артыўына, сондай ақ, салық тӛлемлериниң бюджетке ӛз ўақтында ӛткерилмеўи нәтийжесинде тӛленген жариймалар да тәсир етиўи мүмкин. Салық жүгин анықлаўда абсолют ҳәм салыстырмалы салық жүгин ажыратыў лазым. Абсолют салық жүги - бул жәми тӛлеген салықлар, жыйымлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер болып, бюджет ҳәм бюджеттен тысқары фондларға ӛткериледи, яғный хожалық жүритиўши субъектлер салық мәжбүриятларының абсолют муғдары. Статистикалық есабатларда бул кӛрсеткишке ҳақыйқатта салық тӛлемлериниң бюджетке ӛткерилгенин ҳәм бюджеттен тысқары фондларға ӛткерилген мәжбүрий қамсызландырыў взносларын, сондай ақ, бул тӛлемлер бойынша қарыздарлық киритиледи. Исбилерменлик субъектлери тәрепинен бюджеттен тысқары фондларға тӛленетуғын қамсызландырыў взнослары мәжбүрий тӛлемлер болып, салық характерине ийе. Сол себепли, салық жүгин есаплаўда оларды есапқа алыў зәрүр. Бирақ, абсолют салық жүги салық мәжбүриятларының қарама- қарсылықларын аңлатпайды. Бул кӛрсеткиш салық тӛлеўшилер муғдары менен тӛлеў дереклериниң сәйкеслигин сәўлелендирмейди. Сол себепли, салыстырмалы салық жүги кӛрсеткишинен пайдаланыў мақсетке муўапық. Салыстырмалы салық жүги деп оның абсолют муғдарының жаңадан жаратылған қунға қатнасы түсиниледи, яғный салықлар, жыйымлар ҳәм басқа мәжбүрий тӛлемлер үлеси ҳәмде жаңадан жаратылған қундағы қарыздарлық та буған қосылады. Салық тӛлемлерин тӛлеў дереги болып қосымша қун есапланады. Қосымша қун - товар ҳәм хызметлер қуны болып, аралық тутыныўға кемейттириледи, яғный соңғы ӛндирис кӛз-қарасынан тутыныўға кемейттириледи. Салықларды ӛндириўдиң түрли усыллары бир мақсетти, яғный қосымша қунның бир бӛлимин алыўды нәзерде тутады. Солай етип, исбилерменлик хызметиниң раўажланыўында салық жүгиниң тәсиршеңлиги сӛзсиз. Оның тәсири, улыўма кӛринисте, унамсыз яки унамлы болыўы мүмкин. Салық жүги аўырласқан пайытта исбилерменлик хызмети пәсейеди ҳәм ҳәттеки, улыўма тоқтап қалыўы да мүмкин. Керисинше, салық жүгиниң салыстырмалы жеңиллесиўи исбилерменлик хызметиниң активлесиўине алып келеди. Лейкин салық жүгин жеңиллестириўди исбилерменликти раўажландырыўдың бирден бир себеби сыпатында қараў мақсетке муўапық емес. Оннан тысқары салық жүгин жеңиллестириў де ӛзиниң логикалық шегарасына ийе болып, бул шегара бир тәрептен мәмлекет бюджетинен әмелге асырылыўы лазым болған қәрежетлердиң кӛлеми менен байланыслы. Усы мүнәсибетте қарағанда ҳәзирше бизиң нәзеримизде Ӛзбекстан шәраятында исбилерменлик хызметин жәнеде активлестириў ушын салық жүгин жәнеде жеңиллестириў емес, бәлким бар қурамдағы салық жүгин экономиканың тараўлары ортасында қайта бӛлистириўди актуал мәселе сыпатында қараў лазым. Бизге белгили болғанындай, салық жүги ӛндириўшилер ҳәм тутыныўшылар жуўапкершилигине түседи. Бирақ аўырлық кӛлеми әдетте бирдей болмайды (жоқарыда келтирип ӛтилген салыстырыўлар тек бизиң шәртли мысалымызға тән). Салық жүгиниң ӛзгешелиги базар талабы ҳәм базар усынысының ийилиўшеңлигине байланыслы болады. Артықша салық жүги жәмийеттиң салыққа тартылатуғын товарды ӛндириў ҳәм тутыныўды олардың альтернатив дәрежесинен қысқарттырыў ақыбетинде кӛрген зыянының кӛлеми саналады. Бул анықламадан келип шығатуғын жуўмақ сол, мәмлекет экономиканы ҳәдден тыс салықлар менен қыйнап қоймаўы ушын ӛзиниң қайта бӛлистириў сиясатын ҳақыйқый «зәрүр минимум» менен шеклеўи лазым. Неге дегенде, дәраматларды қайта бӛлистириў, биз анықлағанымыздай, жәмийет ушын белгили жоғалтыўларға себеп болады. Республикамыз салық сиясатында ӛним ӛндириўши тараўлар ҳәм физикалық шахслар ушын салық аўырлығын барған сайын кемейтип барыў иләжлары кӛрилмекте. Салық аўырлығын кемейтиў экономикамызда юридикалық тәреплердиң ӛз ықтыярында қалатуғын дәраматларын кӛбейтиў ҳәм сол арқалы ӛндиристи кеңейтиў, кредиторлық қарызларды кемейтиў ҳәм ақыр соңында, бюджет алдындағы мүддети ӛткен мәжбүриятлардың кемейиўине алып келеди. Бул болса салықлардың экономикаға тәсирин жәнеде күшейтеди, исбилерменликтиң еркин раўажланыўына шәраят жаратады. Download 1.39 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling