Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet134/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Адабиѐтлар 
1. Президент Шавкат Мирзиѐевнинг Ўзбекистон Республикаси Конституцияси 
қабул қилинганининг 27 йиллигига бағишланган тантанали маросимдаги маърузаси. – 
Тошкент, Ҳалқ сўзи. 2019 йил 7 декабрь. 
2.  Бакаева Ф.Х., Тиллабаев М.А. Бола ҳуқуқлари мониторинги. – Тошкент: 2011. - 
61-бет. 
3. Инсон ҳуқуқлари бўйича халқаро шартномалар (тўплам). – Тошкент: Адолат, 
2004. – 83-бет. 
ӚСПИРИМ ЖАСЫНДА ПАЙДА БОЛАТУҒЫН КОНФЛИКТЛЕРДИҢ
ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ ӚЗГЕШЕЛИКЛЕРИ 
 
Г.У.Казакбаева – НМПИ, Педагогика ҳәм психология
қәнигелиги 1-курс магистранты 
 
Психологиялық ӛзгешеликлердиң пайда болыўының жас ӛзгешеликлери пәни 
үйренер екен, соны нәзерде тутыў керек, жас психологиясында түрли жас дәўирлери 
бир- биринен сезилерли дәрежеде парқланады. Булар: гӛдеклик, ерте балалық, мектепке 
шекемги жасы, киши мектеп жасы, ӛспиримлик, ерте жаслық, жаслық, ер жеткенлик ҳәм 
ғаррылық дәўирлерине бӛлинеди. Бул дәўирлердиң ҳәр бири ӛзине тән ӛзгешеликлерге 
ийе болып, олар бир биринен адамның хронологиялық жас кӛрсеткишлерине қарап емес, 
бәлким усы дәўирде инсан руўҳыятында кешетуғын улыўма нызамлықларға қарап та 
парқланады. Биз ӛпиримлик дәўири психологиясы ҳаққында айтып ӛтетуғын болсақ, 
ӛспиримлик дәўири инсанды балалықтан- жаслыққа ӛтиўши ҳәм ӛз нәўбетинде басқа 
дәўирлерден ӛзиниң кескин, қыйыншылығы менен парқланып турыўшы дәўир. Бул 
дәўир балалардың 5-8 классларында оқыў дәўирлерине туўра келеди ҳәм 11-12 жастан 
14-15 жасқа шекем болған дәўир аралығында кешеди. Айырым балаларда бул дәўир 1-2 
жыл ертерек яки кеширек келиўи мүмкин. Ӛспиримлик дәўири айырым психологиялық 
әдебиятларда «ӛтиў дәўири», «аўыр дәўир», «кризис дәўири» сыяқлы атлар менен де 
аталады. Бул дәўирдиң «аўырлығы», «кескинлиги», «қыйыншылығы» нелер менен 
тийкарланады? 
Ӛспиримлик дәўириниң аўыр, қыйын дәўир екенлиги кӛплеген психологиялық,
физиологиялық, социаллық факторлар менен байланыслы. Бул дәўирде раўажланыўдың 
барлық тәреплери: физикалық, ақылый, әдебий, социаллық ҳәм усы сыяқлылардың 
мазмун мәниси менен ӛзгереди. Бул дәўирде ӛспирим ӛмиринде, оның руўҳыяты, 
организмниң физиологиялық жағдайларында, оның социаллық жағдайында бир қанша 


248 
ӛзгерислер пайда болады. Айырым жағдайларда оларда бир - бирине қарама - қарсы 
болған түрли әдетлер бақланады. Бул дәўирге келип бала енди «бала» емес ҳәм усы 
менен бирге еле «үлкен» де емес. Оның ӛзине ҳәм әтирапдағыларға қарағанда болған 
мүнәсебети улыўма басқаша характер пайда етеди. Оның қызығыўлары системасы, 
социаллық бағдарланғанлығы қайтадан қәлиплеседи, ӛз-ӛзин аңлаўы, баҳалаўы, 
қәдириятлары ӛзгереди. Оның ушын ӛз «мен»и ҳәм усы «мен»ниң әҳмийети артады.
Ӛспирим руўҳыятында бақланатуғын характерли ӛзгешеликлеринен бири олардың 
жүдә тәсирлениўши, ашыўшақ, сәл нәрсеге қапа болыўы оның сезимлер кӛринисиниң 
надурыслығы. Бундай жағдайлардың жүзеге келиў себеплеринен бири жынысый ер 
жетиў, ишки секреция безлери, әсиресе жынысый безлер ўазыйпаларының активлесиўи 
ҳәм солар менен байланыслы ҳалда ӛспирим организиминде пайда болатуғын 
психофизиологиялық ӛзгерислер менен байланыслы. 
Ӛспирим организминде пайда болатуғын ӛзгерислер оның физиологиялық 
раўажланыў ҳәм жынысый ер жетиў процессиниң жаңа басқышы басланыўынан ибарат. 
Организимдеги ӛзгерислер ӛспирим эндокрин системасының ӛзгериўи менен басланады. 
Бул дәўирде гипофиз безиниң ўазыйпалары активлеседи. Оның алдыңғы тәрепинен 
ажыралып шығатуғын гармон организм тоқымаларының ӛсиўи ҳәм басқа арнаўлы ишки 
секреция безлери (қалқан тәризли без, бүйрек үсти ҳәм жынысый безлер) ислери 
күшейеди. Олардың хызмети ӛспирим организиминде кӛплеген ӛзгерислерди жүзеге 
шығарады, яғный бойының ӛсиўи тезлеседи (бир жылда ул балаларда 4-5 см, қызларда 
3-4 см), жынысый ер жетиў жынысый органларының раўажланыўы ҳәм екинши жағынан 
жынысый белгилериниң пайда болыўы әмелге асады. Бул процесслер қыз балаларда 13-
15 жасларда пайда болады.
Соның менен бирге, физикалық раўажланыў ҳәм жынысый жетилисиўдиң 
акселерацияласыўы бақланып атырған ҳәзирги ўақытта айырым қызлар 9-10 жаста, ул 
балалар болса 11-12 жасларда жынысый ер жетиўдиң басланыў басқышында болыўы 
мүмкин. Бойының ӛсиўи, аўырлығының артыўы, кӛкирек қәпесиниң кеңейиўи – 
булардың барлығы физикалық раўажланыўдың ӛспиримлик жасына тән ӛзгешеликлер. 
Усылар себепли ӛспиримниң сыртқы кӛриниси, баланың сыртқы кӛринисине қарағанда 
парқ қылады: дене пропорциясы үлкенлерге тән кӛринислерге ийе болады. Сондай - ақ 
ӛспиримниң жүз дүзилиси ҳәм ӛзгерип, бас сүйегиниң жүз бӛлеги тез раўажланып 
барады. Ӛспиримлик жасында омыртқа пағанасының ӛсиўи бойының ӛсиў темпинен 
арқада қалады. Себеби 14 жасқа шекем омыртқа пағаналары арасындағы аралықлар 
тағайлар менен толған болады, бул болса артықша физикалық зорығыў, дене 
жағдайының натуўры турыўы себепли омыртқа пағанасының натуўры раўажланыўына 
мейиллигин билдиреди. Омыртқа раўажланыўының бузылыўының ең кӛп жағдайы 11 - 
15 жасларға туўры келеди ҳәм тап усы жасларда пайда болыўы мүмкин болған 
дефектлерди де жоқ қылыў, аңсат кешеди. 
Ӛспиримлик дәўиринде ӛспиримниң «МЕН» и қайтадан қәлиплесе баслайды. Оның 
әтираптағыларға, әсиресе, ӛз-ӛзине болған мүнәсебети, қызығыўлары, қәдириятлары 
кескин ӛзгереди. Оның шахсқа болған итибар күшейеди. Ӛспиримлик дәўиринде шахс 
эгоцентризм басқа дәўирлерге қарағанда ең жоқары дәрежеге жетеди. Бул дәўирде 
ӛспирим ӛз шахсыятын басқалардан үстен қоятуғын, ӛзине кӛбирек итибар беретуғын 
болып қалады. Бул дәўирде ул балаларда да, қызларда да үлкенлерге уқсаўға емес, 
бәлким ӛзиниң минез - қулқын бақлаў, ӛзиниң жүрис- турысы, кийиниўи, сыртқы 
кӛринисинлерине итибар береди. 
Жуўмақлап айтқанда, «жас бала» емес, енди ол «үлкен адам» үлкен адам болса 
ғәрезсиз болыўы, ӛз машқалаларын ӛзи шешиўи керек. Бул дәўирде үлкенлер 


249 
жәрдеминде мүрәжат етиў теңлеслери тәрепинен қараланады. Ҳәм буны ӛспиримниң ӛзи 
де қәлемейди. Бул дәўирде ӛспиримлерге үлкенлер тәрепинен алдыңғыдай кӛрсетилген 
жәрдем, еркелетиўлер ерси түйиледи. Енди олар ӛзлерин еркелеп, сылап сыйпаўларын, 
«арзымаған нәрселер» ушын үлкенлер тәрепинен билдирилетуғын мақтаўларды 
«жақтырмайды». Енди олар әтирапындағылардың сезиминен, қоллап- қуўатлаўларынан 
шетиректе болыўға, ӛз машқалаларын ӛзлери шешиўге умтылады. Алдынлары кӛшеде, 
бақшада, мектепте болған ўақыялар ҳаққында үйдегилерге арзы қылып ата- анасынан 
жәрдем сораған болса, енди шаңарақтан сыртта биреўинен дәкки еситип, таяқ жеп 
келген тәғдирде де бул ҳаққында ата- анасына билдирмеўге ҳәрекет қылады ҳәм имканы 
жеткенше ата- аналары оның «жумысына» араласпаўын қәлейди. Булардың барлығы 
ӛспиримлерде тексерилген эмоциональ автономияның тәсири есапланады.

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   130   131   132   133   134   135   136   137   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling