Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet189/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   185   186   187   188   189   190   191   192   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Фойдаланган адабиѐтлар: 
1. Mirziyoyev.Sh.M.Buyuk kelajagimizni mard va oliyjanob xalqimiz bilan quramiz.-
T.:O`zbekiston, 2017 .470-bet. 
2.
Умарова М. ―Ўқиш китоби‖ 3- синф учун ,Т:, ―Ўқутувчи‖,2019-йил, 111-112-б. 
3.
Qosimova K.Ona tili o`qitish metodikasi. T.:‖ Noshir‖, 2009. 
ОҚЫТЫЎ ПРОЦЕССИНДЕ ДИДАКТИКАЛЫҚ ОЙЫНЛАРДАН 
ПАЙДАЛАНЫЎДЫҢ НӘТИЙЖЕЛИЛИГИ 
 
П.Абдалиева – НМПИ, Улыўма педагогика
ҳәм психология кафедрасы оқытыўшысы 
Заманагӛй шараятта оқытыў процессинде әмелий-инновациялық характерге ийе
ойынлардан нәтийжели пайдаланып келмекте.
Оқытыў процессинде қолланылатуғын әмелий ойынлар ӛз-ӛзинен дидактикалық 
қәсийетке ийе. Сонлықтан, олар кӛп жағдайларда дидактикалық ойынлар деп 
жүритиледи. 
Ойын балаларды тәрбиялаў, раўажландырыў ҳәм билим бериўде әҳмийетли фактор 
саналады. Ол тиккелей балаларда қабыл етиў, сезиў, ойлаў, сӛйлеўин раўажландырыўға 
жәрдем бериў арқалы оларды руўхый-әдеп-икрамлылық, ақылый, физикалық ҳәм 
эстетикалық тәрептен тәрбиялаўға хызмет етеди.


339 
Бүгинги күнде ойынлар оқытыў процессиниң нәтийжелилигин арттырыў, 
оқыўшылардың оқыў-билиў активлилигин күшейттиў мақсетинде тӛмендеги тәризде 
қолланылады: 
- түсиник, тема ҳәм айрықша бӛлим мазмунын ӛзлестириўде айрықша технология 
сыпатында; 
- педагогикалық технология элементи сыпатында; 
- оқыў шынығыўының формасы яки оның бир бӛлими сыпатында. 
Ойынның мазмуны ҳәм дүзилиси белгили кӛнликпе, уқыплылық, қәбилетлилик ҳәм 
сыпатлардың ҳәр бир қатнасыўшыда пүтин ойын даўамында қәлиплесиўин 
тәмийинлейди. Оқытыў процессинде ойын технологияларынан пайдаланыўда 
оқытыўшы педагог ўазыйпаларын сценарийда анық кӛрсетип бере алыў зәрур. 
Педагогикалық мақсетте пайдаланылатуғын ойынлар ойын технологиялары деп 
аталады. Ойын технологиялары оқыўшыларды белгили процесске таярлаў, оларда 
белгили турмыслық ўақыялар, ҳәдийселер процессине тиккелей қатнасыўы ушын 
дәслепки кӛнликпе ҳәм уқыплылықларды пайда етиўге хызмет етеди.Түрли роллерди 
атқарыў оқыўшыларға педагогикалық хызмет мазмуны менен жақыннан танысыў 
имканиятын жаратыў тийкарында белгили хызметти нәтийжели шӛлкемлестириўге 
теориялық, әмелий ҳәм руўхый таярлыққа ерисиўге жәрдем етеди. 
Оқытыў 
әмелиятында 
тӛмендеги 
ойын 
технологияларынан 
нәтийжели 
қолланылады: 
- дидактикалық ойынлар (оқытыў характерине ийе ойынлар); 
- сюжетли ойынлар (педагогикалық машқалаларды шешиўге қаратылган); 
- ролли ойынлар (шахс тәрепинен жуклетилген ўазыйпаларды орынлаўға 
қаратылған); 
- исбилерменлик ойынлары (белгили бир хызметтиң мазмунын ашып бериўши, 
оларды нәтийжели шӛлкемлестириў кӛнликпе ҳәм уқыплылықларды ӛзлестириўге 
хызмет етиўши); 
- имитациялық ойынлар (анық хызметти имитациялаў тийкарында белгили бир 
әмелий яки кәсиплик хызмет кӛнликпелерин қәлиплестириўши); 
- Драмалық ойынлар (психологиялық ҳәм турмыслық мәселелерди шешиўге 
қаратылган ойынлар); 
- дидактикалық ойынлар сыпатында оқытыў мақсетинде кроссворд, чайнворд, 
сканворд, анаграмма ҳәм ребуслардан ӛнимли пайдаланыў мумкин. 
Солай етип, заманагӛй оқытыў процессинде педагогикалық инновациялардан 
пайдаланыўдың әҳмийетлиги соннан ибарат, жәмийетте ахборотласыў процессиниң 
жедел раўажланыўы оқытыў процессинде дәстүрий емес формаларда нәтийжели 
методлардан қоллаўды усыныў менен бирге оқыў материалларын қәлиплестириў ҳәм 
олардан әмелде пайдаланыўда да инновациялық жантасыўды усыныс етпекте. 
Педагогикалық инновациялар, сол қатарда интерактив методлар ҳәм дидактикалық 
ойынлар оқытыў сыпатын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўда, оқыўшылардың билимге 
болған активлилигин күшейттириўге жәрдем береди. 

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   185   186   187   188   189   190   191   192   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling