Ӛзбекстан республикасы жоқары ҩӘм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги әжинияз атындағы нӛкис


Download 6.22 Mb.
Pdf ko'rish
bet246/266
Sana17.08.2023
Hajmi6.22 Mb.
#1667691
1   ...   242   243   244   245   246   247   248   249   ...   266
Bog'liq
Топлам КОНФЕРЕНЦИЯ 2021

Бир үлгидеги ҳәм машқалалы мәселелерди салыстырыў 
Бир үлгидеги мәселе 
Машқалалы мәселе 
Структура 
ӛзгешеликлери 
Мәселени шешиў ушын зәрүр 
дәслепки мағлыўматлар ҳәм 
нәтийжеде не табыўы 
кереклиги ҳаққындағы ҳәмме 
информациялар мәселениң 
шәртинде берилген 

Мәселениң 
шәрти 
жаңа 
информацияны яки ис усылын 
билиў талабы пайда болатуғын 
нәтийжени алыў зәрүрлигин 
туўдырады. 
- Белгисиздиң қатнасыўы. 
Мәселени шешиўдиң анық 
алгоритми бар 
Үлгилик шешиў жолы жоқ яки 
ол оқыўшыға мәлим емес 
Оқыўшыда мәселени 
классларға бӛлиўге (оны бир 
үлгидеги мәселелердиң 
конкрет түрине киргизиўге) 
ҳәм оны шешиў алгоритминен 
пайдаланыўға мүмкиншилик 
беретуғын билимлер бар 
Оқыўшыда 
тапсырманы 
орынлаў, әмеллерди талқылаў, 
белгисизди ашыў («белгисизди 
ашыў керек, ҳәм мен буны ислей 
аламан») 
ушын 
мүмкиншиликлер 
(ресурслар) 
бар 
Оқыўшының 
роли 
Оқыўшы мащина ролин 
аткарады (мәселени «оған 
салынған» программа 
бойынша шешеди ) 
Оқыўшы ӛзин шахс сыпатында 
кӛрсетеди, 
оның 
ислери, 
биринши 
нәўбетте, 
оның 
келтиретугын дәлиллери менен 
уқыплықларына байланыслы
Машқалалы мәселени шешиў дегенде белгисизди, жаңалықты излеў процеси 
түсиниледи. Оқыўшыларды изертлеў ислерине үйреткенде: 
- оқыўшыларды илимий билиў усылларына тартыў жолы менен рефлексив 
уқыплылықларын қәлиплестириў; 
- оқыўшыларда алынатуғын информацияны сын кӛзи менен баҳалаў ҳәм оқыў 
ҳәм 
изертлеў 
машқалаларын 
шешиўдиң 
ҳәр 
қыйлы 
жолларын 
табыў 
уқыплылықларын қәлиплестириў; 


422 

оқыў- 
изертлеў 
ислериниң 
тийкары 
сыпатындағы 
машқалалы 
технологиялардан пайдаланыў ҳәм ҳәр бир материалдағы тийкарғы машқаланы 
айырып кӛрсетиў кӛнликпесин қәлиплестириў; 
- изертлеў уқыплылықларын ҳәм ойлаў функцияларын қәлиплестириў; 
- оқыўшылардың изертлеў ислерин орынлаўының оқыў- илимий ҳәм социаллық 
перспективаларын қарап шығыў керек.
Сабақ- изертлеўде оқыўшы илимий изертлеў методикасын ийелейди, илимий 
билиў басқышларын ӛзлестиреди. Оқыўшылардың сабақтағы изетлеў исинде 
байқалатуғын ӛзбетиншелик дәрежеси бойынша сабақ- изертлеўлер басланғыш 
(«Изертлеў үлгиси» сабағы), кӛтеринки («Изертлеў» сабағы) яки жоқары («Ӛз 
изертлеўлери» сабағы) дәрежеге сәйкес келиўи мүмкин.
Оқыўшылардың изертлеў билимлерин ҳәм уқыплылықларын ӛзлестириўи 
олардың ӛз изертлеў оқыў ислериндеги ӛзбетиншелиги әсте- ақырын басқышпа- 
басқыш артып орынланыўы керек. Сабақ- изертлеўлерде ҳәр қыйлы оқытыў 
формаларынан- жеке, жуплықларда, топарлық, жәмәәт болып,- пайдаланыў мүмкин.
Сабақ- изертлеў дәрежелери 
Сабақ- изертлеў 
дәрежелери 
Муғаллимниң 
Ислери 
Оқыўшылардың
ислери 
«Изертлеў 
үлгиси» 
Сабағы 
Таҳтада изертлеў ислериниң 
тийкарғы 
басқышларының 
атамаларын 
әлбетте 
жазып 
қояды. Машқаланы анық ҳәм 
түсиникли 
қылып 
қояды, 
изертлеў темасын ҳәм мақсетин 
айтады. 
Оқыў 
процесин 
«машқала», 
«гипотеза», 
«гипотезаны 
тастыйықлаў», 
«жуўмақ» 
терминлеринен 
пайдаланып ӛткереди.
Муғаллимниң 
сораўларына жуўап 
береди. Муғаллим 
усынған жумыс 
алгоритминен 
пайдаланады. Тахтада 
жазылған 
информациядан 
пайдаланып, ӛз ислерин 
изертлеў үлгиси менен 
салыстырады 
«Изертлеў» 
сабағы 
Тахтада 
изертлеў 
басқышларының 
атамаларын 
жазыўы мүмкин. Машқаланы 
анық 
қояды. 
Оқыўшыларға 
изертлеў 
темасын 
ҳәм 
мақсетлерин 
түсиндиреди.
Оқыўшыларды 
«гипотеза», 
«гипо-тезаны 
тексериў», 
«мағлыўматларға мәни бериў 
(интерпретация)» 
ҳ. 
т. 
б. 
терминлерден 
пайдаланбай 
изерт-леў ислерин алып барыўға 
бағдарлайды. 
Оқыўшылардың 
дыққатын 
изертлеў 
ислери 
схемасына 
қаратады. 
«Изертлеўди 
неден 
баслаў 
керек?», 
«Нелерди 
анықлаў 
керек?», «Буны қалай орынлаў 
керек?»,- 
деген 
сораўлардан 
Изертлеў исин ӛз 
бетинше режелестиреди 
ҳәм орынлайды. Керек 
жағдайларда муғаллим 
яки эксперттен мәсләҳәт 
сорайды. Изертлеў 
исиниң ҳәр бир басқышы 
ушын муғаллимниң 
баҳасын (дурыс яки 
надурыс) алады.


423 
пайдаланады. 
«Ӛз 
изертлеўлери» 
сабағы
Машқаланы 
анық 
қояды. 
Оқыўшыларға изертлеў темасын 
ҳәм мақсетлерин ӛз бетинше 
анық 
айтыўды 
үйретеди. 
Оқыўшылардың изертлеў ислери 
ушын жағдайлар жаратады: оқыў 
процесин 
дидактикалық 
материаллар 
менен 
тәмийинлейди, оқыўшылардың 
жеке 
жумысын 
ҳәм 
топарлардағы 
яки 
жуплықлардағы 
искерлик 
қатнасықларын 
шӛлкемлестиреди. 
Сабақтың 
ақырында 
ис 
нәтийжелерин 
баҳалайды.
Изертлеў ислерин ӛз 
бетинше, муғаллимниң 
яки эксперттиң 
жәрдемисиз ҳәм 
мәсләҳәтисиз, 
режелестиреди ҳәм 
орынлайды. 
Оқыўлық изертлеў ислери машқалаларды, олар турмыс машқалалары яки 
илимий машқалалар болыўы әҳмийетке ийе емес, қәтесиз шешиўге үйретеди. 
Машқалаларды шешип, оқыўшы шахсы раўажланады. 
Физика объектлериниң абстрактлығы менен парық қылады, ал физикалық 
мазмунлы изертлеў ислери кӛбинесе ойлаў характерине ийе болады. Физиканы 
оқытыўды компьютерлик қоллап қуўатлаў формасы сыпатындағы интерактив 
тапсырмалар шәртлердиң ӛзгериўиниң объекттиң ӛзгериўине тәсирин анықлаўды 
изертлеў уқыплылығын раўажландырыў ушын кӛбирек пайдалы болады. 
Компьютерлик модельлердиң ең баслы ӛзгешелиги- олар динамикалық болыўы 
мүмкин. Олардан басқа модельлер менен биргеликте пайдаланыў оқыўшыларға 
ӛзгериў процесин бақлаўға ҳәм оның нәтийжесин ҳәр қыйлы жазып қойыўға 
мүмкиншилику береди [1:47]. 
Интерактив кӛринистеги изертлеў тапсырмаларын орынлаўдың унамлы 
тәреплери:
- тапсырманы орынлаў формасы оятқан балалардың қызығыўшылығы 
тапсырманың мазмунын қурайтуғын қурамалы физикалық нызамлықларды жақсы 
ӛзлестирип алыўына жәрдем береди; 
- процессти динамикалық модельлестириў, анимацияның реаллық пенен 
уқсаслығы; 
- процессти тақирарлаў мүмкиншилиги (бул реал турмыста ҳәмме ўақыт 
мүмкин бола бермейди); 
- ҳәр бир дара процесс ушын эксперименталлық нәтийжелерди белгилеп қойыў, 
бул реал турмыста ҳәмме ўақыт орынлана бермейди ҳәм нәтийжелерди талқылаў ҳәм 
улыўмаластырыўға мүмкинлик береди, балаларға анық жуўмақлар шығарыўды 
үйретиў; 
- нәтийжелерди (графикалық, аналитикалық, аўызша айтылған) белгилеп 
қойыў, бул балаларға информацияларды тек ғана логикалық емес, образлық 
пикирлеўден де пайдаланып ҳәр қыйлы анализаторлар жәрдеминде қабыл қылыў ҳәм 
қайта ислеўге мүмкиншилик береди. 
Билимлер сапасы, ӛзлестириў тереңлиги традициялық репродуктивлик, 
түсиндириў- иллюстрациялық оқытыў усылының нәтийжелеринен анағурлым 


424 
жоқары. Изертлеў искерлиги оқыўшылардың ӛзбетиншелигин, дӛретиўшилик 
жигерлилигин арттырады, олардың интеллектуаллық раўажланыўына жәрдем береди. 
Бул усыллардан пайдаланып муғаллим балаларға тек конкрет мектеп пәнин үйретип 
қоймай, оқыўшыларда алгоритмлик ҳәм эвристикалық пикирлеў усылларының, яғный 
ӛзара 
байланыслар 
ҳәм 
ӛзара 
ғәрезлиликлер 
дәрежесинде 
пикирлеў 
уқыплылықларының, раўажланыўына жәрдем берип, бул оларға оқыўлық изертлеўлер 
процесинде зәрүр дӛретиўшилик искерлиги тәжирийбесин топлаўға мүмкиншилик 
береди..

Download 6.22 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   242   243   244   245   246   247   248   249   ...   266




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling