Ортақ услублық фразеологиялық сөз дизбеклери
Аўызеки сөйлеў тили ушын да, жазба услубтың барлық тармақлары ушын да бирдей,
бийтәреп услублық сыпатқа ийе фразеологизмлер ортақ услублық фразеологиялық сөз дизбеклери
деп танылды. Аўызеки түрде пикир алысқанымызда да, жазба түрде баянлаўда да бундай
фразеологизмлер жийи қолланыла береди. Олар услублық өзгешеликке, қолланылыў
шеклениўшилигине ийе емес. Ең жедел фразеологиялық сөз дизбеклери сыпатында өрис
таңламастан қолланыла береди.
Ҳәр қандай фразеологиялық сөз дизбегиниң анаў я мынаў услубқа тән екенлигин ямаса оның
ортақ услублық қатламға киретуғынлығын анықлаўда, сөз дизбеги аңлататуғын қосымша мәнилик
бояўды есапқа алып, қосымша мәниге ийе емес түрлерин ғана мәселен, темир жол, мийнет күн
(ортақ услублық фразеологизмлер деп таныў мақсетке муўапық келмейди. Өйткени
фразеологиялық сөз дизбеклериниң көпшилигинде қосымша мәни бар. Олардың тилдиң
айырықша байлығы, қаймағы болыўы да мине усыған байланыслы. Сонлықтан ортақ услублық
қатлам дегенде олардың сөйлеў услубында да өрис таңламастан қолланыла алыўын көзде
тутыўымыз керек. Мәселен, қосымша мәни бояўы жоқ деген фразеологиялық сөз дизбеги де,
қосымша мәниге пышақ арқасы деген сөз дизбеги усы еки тараўдың екеўинде де өрис
таңламайды. Демек, олар ортақ услублық қатламның элементлери деген сөз.
Ортақ стильлик фразеологиялық сөз дизбеклери фразеологиялық лексиканың ең үлкен
топарын өз ишине алады. Оған мына төмендегилерди киргизиўге болады: қырын қараў, ала
мойнақ, көз бенен қастың арасында, қысқа жип гүрмеўге келмеў, күлин көкке ушыраў,аяғы жерге
тиймеў, ийне менен қудық қазыў, қулақ түриў, көзи тыныў, көзге түсиў, тил қайтармаў, көзге
илмеў, ийттен бир сүйек қарыз, ат үсти, қандай жуўас, табан тиреў, ер жүрек, ер туўған
жерине, ийт-тойған жерине, алтаў-ала болса аўыздағы кетеди, төртеў түўел болса төбедеги
түседи ҳәм т.б.
Do'stlaringiz bilan baham: |