%збекстан республикасы жо№ары


Жазба услубқа тән фразелогиялық сөз дизбеклери


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Жазба услубқа тән фразелогиялық сөз дизбеклери 
 
Жазба әдебиятлар лексикасына тән, сол тараўда услублық жақтан шеклене қолланылатуғын 
фразелогизмлер жазба услублық фразелогиялық сөз дизбеклери қатламын қурайды. Олар өриси 
жағынан ортақ услублық қатлам элементлерине қарағанда әдеўир тар ҳәм жазба услубтың анаў я 
мынаў тармақшасына хызмети жағынан бекитилген бирликлер сыпатында танылады. Мәселен, 
ўатан ийгилиги, айдын жол усаған фразелогизмлер жәмийетлик-публицистикалық услуб 
тараўында пайда болған ҳәм сол тараўда бейимли хызметте, жийи ушырасады. 
Жазба тил услубына тән фразелогиялық лексика фразелогиялық сөз дизбеклериниң белгили 
бир топарын қурайды. Ол-жазыўдың жәмийетлик хызметиниң айта қаларлықтай кеңейиўине 
байланыслы дөреген қатламлардың бири. Жазба тил услубының тармақлары көп, ҳәр бир 
тармақшы өз гезегинде өзине тән фразелогиялық сөз дизбеклерине ийе. 
Қарақалпақ әдебий тилиниң жазба услублық тармақшаларына сәйкес фразелогиялық лексика 
тараўында төмендегише айырым-айырым топарларды көриўге болады: 
1. 
Жәмийетлик-публицистикалық фразелогизмлер. Буған публицистикалық услубқа 
байланыслы әдебиятлар да жийи ушырасатуғын, қолланылыў өриси бойынша усы тараўға бейим 
турақлы сөз дизбеклери киреди: азатлық гүрес, бас еркинлиги, жарқын келешек, ўатан ийгилиги, 
мийнет көтериңкилиги, көк экран, мийнет вахтасы, сары алтын, т.б. 


2. 
Илимий - фразелогиялық лексика. Ҳәр қандай илим тараўына тән турақлы сөз дизбеклери 
илимий - фразелогиялық лексиканы қурайды. 
Қарақалпақстанда соңғы жыллар ишинде илимниң раўажланыўына байланыслы көп ғана 
илимий әдебиятлардың пайда болғанлығын көремиз. Бул сөз гезегинде, қарақалпақ тилиниң 
лексикасында илимий услубқа тән турақлы сөз дизбеклериниң пайда болыўына себепши болды. 
Илимий түсиниклердиң атамасы түриндеги турақлы сөз дизбеклериниң саны күн сайын көбейип 
бармақта. Усыған сәйкес илимий - фразелогизмлер де раўажланған лексикалық қатламлардың 
бирине айналып отыр. Мәселен, магнит майданы, тең өлшеўли туўры сызықлы қозғалыс, сиясий 
экономия, айырмаланған ағза, қыя толықлаўыш, т.б. илимий қоспа терминлер күнделикли 
турмыста қурамының турақлылығы, бир пүтин бирлик сыпатында таяр түринде пайдаланылыўы, 
компонентлериниң шекленген түрде ғана байланысыў қәбилети бойынша фразелогиялық сөз 
дизбеклери системасында өз орнына ийе. Ал қолланылыў өриси, хызмети бойынша олар илимий 
услуб тараўына тән ҳәм сол тараўда жийи пайдаланылады. 
Ҳәр қандай илим тараўларына байланыслы дөреген турақлы сөз дизбеклери илимий 
фразелогиялық сөз дизбеклери деп аталады. Олар әдеўир муғдарда ушырасады ҳәм тилдиң 
лексикасын байытыўда тийкарғы дереклердиң бири сыпатында хызмет етеди.
Илимий фразелогизмниң айырықша бир топары өндирис ҳәм техникаға байланыслы дөреген 
турақлы сөз дизбеклерин өз ишине алады. Олар да илимий - терминологиялық сыпатламаға ийе. 
Мысалы: полат меридиан, темир бетон, тағы басқалар. 
3. 

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   29   30   31   32   33   34   35   36   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling