%збекстан республикасы жо№ары


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet10/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

монғол тиллеринде 
қарақалпақ тилинде 
Zyke 
жүрек 
Аяға 
аяқ 
жимс 
жемис 
Aiay 
ала 
босго 
босаға 
саван 
сабын 
Аха 
аға 
Монғол тиллеринен соңғы дәўирлерде де сөзлер аўысқан. Басқа түркий тиллеринде 
ушыраспайтуғын, тек монғол тиллеринде ғана бар қарақалпақ тилиниң лексикасындағы 
монғоллық шығысқа ийе бирли-ярым сөзлер сол соңғы дәўирлердиң нәтийжеси болыўы керек. 
Араб тилинен аўысқан сөзлер 
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамының белгили бир бөлегин араб тилинен 
аўысқан сөзлер қурайды. Араб тилинен сөз аўысыў тийкарынан араблардың Орта Азияны жаўлап 
алыў жылларынан басланды. Усы ўақыттан баслап түркий тиллерге араб тили бирликлери кире 
баслады. Орта Азияда ислам дининиң ен жайыўы, Араб мәдениятының тәсир етиўи араб тилинен 
сөз аўысыў қубылысына себепши болды. Усыған байланыслы сөзлер ҳәм терминлер бирим-бирим 
аўысып барды. Бирақ ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң лексикасындағы анаў я мынаў араблық 
шығысқа ийе сөзди мына ўақытта келип кирген сөз дәл ўақтын көрсетиў қыйын. 


Араб тилинен келип кирген сөзлер қарақалпақ тилиниң лексикасына аўызеки ҳәм жазба 
түрде қоңсы халықлардың тиллери арқалы, сондай-ақ тиккелей аўысты. Олар сөзлик хордан орын 
алды. Мәселен, қәлем әдебият,миллиет, мүддет усаған сөзлер түпкиликли сөзлердей жеделликке 
ийе. Бундай сөзлердиң араб тилинен кирген сөзлер екенлиги күнделикли турмыста қолланылыў 
жағдайында ҳеш қандай сезилмейди. 
Араб тилинен айырым сөзлердиң ҳәм терминлердиң аўысыў қубылысы динниң халық 
көпшилигиниң турмысында оғада күшли түрде сиңип кетиўине байланыслы. Ҳәзир жийи түрде 
кең қолланылып киятырған араблық шығысқа ийе сөзлер ҳәм терминлер тилдиң лексикасында сол 
жеделлиги менен қалды да, ал жаңа түсиниклердиң пайда болыўы менен гөнерип, әҳмийетин 
жойылтқан айырым араб сөзлери қолланылыў жеделлигинен айырылып, сөзлик қурамнан дерлик 
шығып баратыр. Мәселен, иблис, ўақым усаған сөзлер дерлик қолланылыўын жойылтып 
баратырған сөзлерден ибарат. 
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамындағы араблық шығысқа ийе сөзлер 
менен терминлер турмыстың көпшилик тәреплерин өз ишине алады. Олардың бир қатары диний 
түсиниклерге байланыслы болса, екиншилери саўда ислерине, үшиншилери илим ҳәм мәдениятқа, 
т.б. байланыслы сөзлер болып келеди. Олар төмендегилерден ибарат: медресе, алым, илим, 
тарийх, муғаллим, мақала, ҳәрип, усыл, нама, нағыс, миллет, минбер, нәсил, халық, мақлуқат, 
руўх, садақа, парыз, әзирейил, дуўа, зикир, қуран, сүннет, жин, иблис, шайтан, әўлийе, ақырет, 
жаназа, ийман, молла, инам, жаббар, аўмийин, ҳайўан, маймыл, пақыр, пикир, ғайрат, қыял, 
қымбат, қазы, арза, дәреже, шәрият, ўәкил, жәллат, ўәзир, даў, жәмийет, ўатан, зулым, әскер, 
қарар, есап, мәни, мектеп, мәжилис, әжайып, арза, сапар, ҳалўа, рахмет, несип, аманат, аўҳал, 
ҳәмир, нәпес, саат, саўал, сүўрет, фән, хызмет, мийнет, хат, аўқат, ҳаял, мәнзил, бәле, пайда, 
себеп, қәреп, кәрамат, рәҳәт, өмир, дәреже, заман, т.б. 
Қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан адам атлары да ушырасады. Мысалы: Аббаз, 
Әлий, Ҳамзе, Әнийпа, Асан, Әмет, Маҳмуд, Оспан, т.б. Сондай-ақ араб тилинде адам атын 
билдирмейтуғын, тек ғана әпиўайы сөзлер сыпатында қолланылатуғын жағдайлары да бар. 
Мәселен: Әдил, Дәўлет, Мақсет, Қурбан, Сабыр, Садық, Сапар т.б. Бундай жай сөзлер сыпатында 
да адам атлары орнында да келе береди. 
Араб тилинен аўысқан сөзлер, тийкарынан алғанда, атлық сөзлер болып келеди, сийрегирек 
келбетликлер де ушырайды. Буған жоқарыда келтирип өткен сөзлердиң улыўма топары дәлил 
бола алады. Ал басқа сөз шақаплары бойынша араб сөзлери тилимизде ушыраса бермейди. 
Сонлықтан да олардың түркий тиллердеги бул өзгешелигин көрсетип, профессор Н.А.Баскаков 
араб сөзлериниң аўысыўындағы елеўли белги ретинде олардың түркий тиллерде атлықлар, жекке-
сийрек келбетликлер түринде гезлесетуғынын, бирли-ярым қосарлы фейиллер қурамындағы 
гейпара сөзлерди есапқа алмағанда басқа атаўыш сөзлердиң түркий тиллер тәрепинен 
өзлестирилмегенин белгилеп өтеди. 
Солай етип, қарақалпақ тилинде араб тилинен аўысқан сөзлер әдеўир муғдарда ушырайды. 
Олардың көпшилиги ҳәзирги күнде түпкиликли сөзлердей болып кеткен, күнделикли сөйлеў ҳәм 
жазыў тәжирийбесинде аўысқан сөзлер екенлиги сезилмейди. Көпшилик араблық шығысқа ийе 
сөзлер турмыс мүтәжлығынан айырылыўы нәтийжесинде сөзлик қурамнан шығып та қалды. 

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling