%збекстан республикасы жо№ары


Download 0.69 Mb.
Pdf ko'rish
bet11/37
Sana13.01.2023
Hajmi0.69 Mb.
#1091835
TuriЛекция
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   37
Bog'liq
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)

Парсыша-тәжикше сөзлер 
Парсыша-тәжикше сөзлердиң қарақалпақ тилине аўысыўы да өзиниң тарийхый 
дәреклерине ийе. Бул туўралы Н.А.Баскаков мынадай деп жазады: «Қарақалпақ тилиниң 
лексикасын баҳалаўда қарақалпақ тилиниң толық мәниде ҳәзирги жасап турған аймағында, яғный 
Арал жағасында бирге қонысласқан түркий ҳәм иран қәўимлери тиллериниң бир-бирине жақын 
тәсири жағдайында қәлиплескенин де есапқа алыў керек». 
Усының менен бирге гейпара тил илимпазлары иран тиллери бирликлериниң аўысыўында 
араблар менен парсылардың Орта Азия ҳәм Қазақстан аймағында үстемлик етиўиниң үлкен 
тәсири болғанлығын да ескертеди. Мәселен, қазақ илимпазы проф. Ғ.Муўсабаев қазақ жеринде 
араблар менен парсылардың үстемлик етиўине байланыслы олардың тилиниң де қазақ тилине 
тәсири тийгенлигин айтады. 


Ҳақыйқатында да араблар менен парсылардың Орта Азия ҳәм Қазақстан аймағындағы 
тәсири, араб ҳәм парсы мәдениятының ен жайыўы парсы тиллеринен гейпара түркий тиллерге, 
соның ишинде қарақалпақ тилине де айырым сөзлер менен терминлердиң келип кириўине алып 
келди. 
Парсы тилинен аўысқан сөзлер де улыўма алғанда, аўыз-еки ҳәм жазба түрде тилимиздиң 
сөзлик қурамынан орын алған. Олардың қарақалпақ тилине аўысыўы тиккелей ҳәм қоңсы 
халықлардың тиллери, мәселен, өзбек, түркмен тиллери арқалы көбирек иске асқан. Бунда, 
әлбетте, Октябрьге шекемги дәўирде тарқалған әдебий тиллер сыпатында қолланылған парсы ҳәм 
ески өзбек әдебий тиллериниң үлеси бар. Қарақалпақ классикалық әдебиятында сол дәўирдеги 
жазба әдебий тиллердиң тәсириниң болыўы көркем сөз шеберлери тәрепинен өз шығармалары 
арқалы парсы тилинен тилимиздиң сөзлик қурамына гейпара лексикалық бирликлердиң алып 
келиўине себепши болды. Оның үстине соңғы дәўирде тәжик халқы менен қоңсылас болыў, 
қарақалпақ ҳәм тәжик халықлары арасындағы экономикалық ҳәм мәдений байланыс тәжик ҳәм 
қарақалпақ тиллери арасындағы байланыстың раўажланыўына дерек болып отыр. 
Мине булардың барлығы да қарақалпақ тилине парсыша-тәжикше сөзлердиң келип 
кириўине себепши болды. Олардың басым көпшилигиниң тилимизге ерте ўақытлардан баслап-ақ 
аўысыўы ҳәм күнделикли турмыста жийи қолланыўы бундай сөзлерди де сөзлик қор бирликлери 
дәрежесине көтерди. Бул сөзлердиң көпшилиги қарақалпақ тилиниң сөз жасаў усыллары арқалы 
жаңа сөзлерди дөретиўде тийкар хызметин атқарып киятыр: дәрт-дәртли, дәртлесиў, устаз-
узтазлық, устазларша, мийўе-мийўелик, мийўелеў т.б. 
Ҳәзирги заман қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамындағы парсыша-тәжикше сөзлер 
қолланылыўы жағынан да, көлеми жағынан да араб тилинен аўысқан сөзлер менен бир қатар 
турады.

Download 0.69 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   7   8   9   10   11   12   13   14   ...   37




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling