%збекстан республикасы жо№ары
Download 0.69 Mb. Pdf ko'rish
|
G.Aynazarova. Hazirgi qaraqalpaq tili. Leksikologiya (2004) (1)
филология, логика, талант, кафедра, лексика, поэзия, поэма, планета, театр, лексикон, климат,
эпос, метр, пирамида, диалект, синтаксис, диафрагма, гигант ҳ.т.б. Грек тилинен кирген сөзлердиң басым көпшилиги илим ҳәм мәдениятқа байланыслы сөзлер менен терминлерден ибарат. 2 . Латын тилинен кирген сөзлер: автор, аудитория, диктатура, республика, ректор, декан, гуманиз, империализм, император, капитал, экспедиция, цензура, кандидат, лаборатория, министр, конституция, регресс, глобус, градус, т.б. Латын тили ерте заманларда көп жылларға шекем Батыста ең кең көп орас алған тил болып келгенликтен, болып турмыстың белгили тәреплерин өз ишине алады. Мәселен, жоқарыда көрсетип өтилген мысаллардың ишинде илим тараўы бойынша да, сиясий турмыс тараўы бойынша да, техника бойынша да сөзлер ҳәм терминлер ушырасады. 3 . Немец тилинен қарақалпақ тилине орыс тили арқалы аўысқан сөзлер: рота, мундир, ефрейтор, штаб, фельдмаршал, офицер, лагерь, орден, полиция, фартук, китель, галстук, фляга, танцы, кегли, кран, фронт, штамп, слесарь, верстак, балет балетмейстр, гастроль, ракета, шифер, фельдфебель т.б. Қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамына немец тилинен кирген сөзлердиң әдеўир бөлеги урыс ислери бойынша дөреген сөзлерден ибарат. Олардың ишинде, сондай-ақ, көркем-өнерге, өнерментшилик ислерине, үй-иши, кийим-кеншеклерине байланыслы сөзлер де бар. 4 . Англичан тилинен алынған сөзлер: вокзал, бойкот, митинг, трамвай, диспетчер, бюджет, рельс, баскетбол, футбол, волейбол, бокс, кросс, доллар, танк, торт, бифштекс, джемпер, т.б. Бунда жәмийетлик-сиясий турмыс тараўына, сондай-ақ жол-қатнас ислерине, спортқа байланыслы сөзлер ушырасады. 5 . Француз тилинен келген сөзлер: революция, депо, десант, костюм, мебель, буфет, кабинет, капитан, сержант, артиллерия, марш, драп, пальто, салют, генерал, блиндж, котлет, трико, фронт, батальон, репертуар, жанр, актер, антракт, рагу, министр, банк, маршрут, абонемент, баланс, блокнот, актриса т.б. Француз мәдениятының орыс дворянлары ушын мода болған бир дәўирлеринде, әсиресе, аўқатланыўға, кийиниўге, жүрис-турысқа, мәдений талапларға, көркем-өнерге байланыслы бир неше сөзлер орыс тилине аўысқан. Олар орыс тили арқалы қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамынан орын алды. 6 . Итальян тилинен келген сөзлер: альт, ария, бас, опера, виолончель, балерина, тенор, флейта, фортепьяно, балкон, карнаваль, кредит, бензин т.б. Булардың көпшилиги музыкаға байланыслы сөзлерден ибарат. 7 . Орыс тили арқалы қарақалпақ тилине испан тилинен де сөзлер кирди. Мысалы: гитара, серенада, томат, лимон, карамель, т.б. 8 . Поляк тилинен орыс тили арқалы аўысқан сөзлер: полковник, полька, краковяк т.б. Мине булардың барлығы да қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамын байытыўға себепши болған, орыс тили арқалы келип кирген сөзлер ҳәм терминлерден ибарат. Орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден қарақалпақ тилиниң лексикасына сөзлер ҳәмтерминлер үш түрли жол менен қабыл етилгенлиги көзге түседи: 1 . Сөз ҳәм терминлер сол орыс тилиндеги түринде тиккелей аўысты. Мысалы: театр, кино, прогресс, машина, автомат, килограмм, тонна, биология, психология, термометр т.б. Бул усыл қарақалпақ тилине орыс тилинен ҳәм орыс тили арқалы басқа тиллерден сөз аўысыўындағы ең өнимли усыл болды. 2 . Сөз ҳәм терминлер аўдарылыў арқалы аўысты. Қарақалпақ тилиниң сөзлик қурамында айырым сөзлердиң қарақалпақ тилине аўдарылыўы арқалы дөреген сөзлер әдеўир муғдарда ушырасады. Мәселен: трудодень, красное знамя, наглядное, пособие, рукопись, похвальный лист, строительство усаған сөзлер орыс тилинен аўдарылып, мийнет күни, қызыл байрақ, көсетпели қурал, қол жазба, мақтаў қағазы, қурылыс түринде қарақалпақ тилине аўысты. Аўдарыў жағдайында олардың мәниси ҳәм қурылысы сақланды. Мине усындай жол менен пайда болған сөзлерди ҳәм сөз дизбеклерин калькалар деп атаймыз. Ал бир тилден екинши тилге сөз аўысыўының бул усылын калька усылы деймиз. Қарақалпақ тилинде калька усылы арқалы пайда болған сөзлердиң топары оғада көп. Олар тийкарынан алғанда, орыс тилиндеги сөзлерди калькаластырыў нәтийжесинде дөреген. Калька усылының өзи де қарақалпақ тилинде сөз дөретиўдиң жаңа усылы болып есапланады. Соны да айтып өтиў керек, соңғы жыллар даўамында орыс тилиниң гейпара себеплерге байланыслы ҳәдден тыс халық турмысына енгизилиўи қарақалпақ тилиниң жәмийетлик хызметиниң тарайыўына алып келди. Ҳәттеки рәсмий ҳүжжетлер орыс тилинде жүргизилди. Аўызеки сөйлеў тилинде болса орыс тилин араластырып айтыў қолайсыз дәстүрге айналып кетти. Нәтийжеде ана тилиниң сөзлик қурамы шубарланып кетиўге дуўшар болды. Анаў я мынаў уғымның қарақалпақ тилинде сәйкес атамасы болыўына қарамастан орысша атама менен аўмастырып қолланыў кең өрис алды. Мысалы, баслық - председатель, тақта - доска, жыйналыс - собрание, жыйын - сбор, зал - ҳәўли, өжире - комната т.б. Мәмлекетлик тил ҳаққындағы Нызамның қабыл етилиўи менен сөзлик қурамның раўажланыўындағы бундай орынсыз қубылыслардың тәртипке салыныўына, ана тилдиң тазалығын сақлаўға, умытылып баратырған сөзлерди қайта тиклеўге шараят жаратылды. Ҳәзирги күнде бундай сөзлер қолланылыў жағдайында турақласыў ҳалатын кеширмекте: дворец-сарай, актив-жедел, жийи, остановка-бәндирги, перерыв-тәнепис, звонок-қоңыраў, тетрадь-дәптер, кесте-расписание, план-жоба, проект-жойбар, критика-сын, кризис=дағдарыс, дефицит-қыт, т.б. Download 0.69 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling