20
80-статья.
Ер жеткен мийнетке жарамлы балалар өзлериниң
ата-аналарына
ғамқорлық көрсетиўге миннетли.
ХV бап. Ғалаба хабар қураллары
81-статья.
Ғалаба хабар қураллары еркин ҳәм нызамға муўапық
жумыс алып
барады.
Мәмлекет ғалаба хабар қураллары жумысының еркинлигин, олардың
мәлимлемени излеў, алыў, оннан пайдаланыў ҳәм оны тарқатыўға болған
ҳуқықлары әмелге асырылыўына кепиллик береди.
Ғалаба хабар қураллары өзи усынған мәлимлемениң исенимлилиги
ушын жуўапкер болып есапланады.
82-статья.
Цензураға жол қойылмайды.
Ғалаба хабар қуралларының жумысына тосқынлық етиў
ямаса
араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болады.
ТӨРТИНШИ БӨЛИМ ҲӘКИМШИЛИК-АЙМАҚЛЫҚ
ҲӘМ МӘМЛЕКЕТЛИК ДҮЗИЛИСИ
ХVI бап. Өзбекстан Республикасының
ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси
83-статья.
Өзбекстан Республикасы ўәлаятлар, районлар, қалалар, посёлкалар,
аўыллар, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасынан ибарат.
84-статья.
Қарақалпақстан
Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласының
шегараларын өзгертиў, сондай-ақ ўәлаятлар қалалар, районлар дүзиў ҳәм
оларды сапластырыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң
келисими менен әмелге асырылады.
XVII бап. Қарақалпақстан Республикасы
85-статья.
Суверен Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасының
қурамына киреди.
Қарақалпақстан
Республикасының
суверенитети
Өзбекстан
Республикасы тәрепинен қорғалады.
86-статья.
Қарақалпақстан Республикасы өзиниң Конституциясына ийе.
21
Қарақалпақстан
Республикасының
Конституциясы
Өзбекстан
Республикасының Конституциясына қайшы болыўы мүмкин емес.
Do'stlaringiz bilan baham: