Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер


Download 67.06 Kb.
bet6/8
Sana17.06.2023
Hajmi67.06 Kb.
#1522788
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер

Жуўмақлаў
XXI әсирдиң басында Уллы жипек жолын тиклеў процесси актуаль мәселелердиң бирине айланды. Айрықша атап өтиў зәрүр, бизиң республикамыз бул процесстиң әмелге асыўында әҳмийетли қәдемлер ислемекте, Өзбекстан БМШ ның «Бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы саўданы кеңейтиў» бағдарламасын әмелге асырыўда қатнаспақта. Сондай-ақ теңиз портларына шығыўды тәминлейтуғын ҳәм Уллы жипек жолын тиклеўге мүмкиншилик беретуғын транспорт коридорларын дүзиў мәселеси ортаға қойылмақта.
13-жылы майда Брюссельде Европа комиссиясы тәрепинен Орайлық Азия ҳәм Кавказ, сондай-ақ Европа аўқамы мәмлекетлериниң ўәкиллериниң ушырасыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыўдан мәқсет Орайлық Азия ҳәм Кавказдағы жаңа ғәрезсиз мәмлекетлердиң экономикасын дүнья жүзлик экономикаға интеграциялаў мәселесин қарап шығыў болды. Бул мәселе биринши гезекте транспорт ҳәм комуникация системасын раўажландырыў менен байланыслы болды. Брюссель ушрасыўында Европа-Кавказ-Азия транспорт коридоры - ТРАСЕКАны дүзиў мәселеси көрип шығылды. Бул ушырасыў Уллы жипек жолын қайта тиклеўде биринши әмелий қәдем болды. Бунда Орайлық Азия республикалары, экономикалық бирге ислесиў шөлкеми (ЭКО) еллери арасында ҳүкиметлер аралық шәртнамаға қол қойылды. Бул шәртнамаға сәйкес Пекинди Стамбул менен байланыстыратуғын ТрансАзия магистралының бир бөлими болған Теджен-Серахс-Мешхед темир жол бағдарын қурыў әмелге асырылды. Оның әмелге асырылыўында әҳмийетли қәдем 16 жылы Серахста Орайлық Азия ҳәм Иран темир жол магистралларының қосылыўы болды. Бул транспорт коридорының ашылыўы Өзбекистанның Шығыста (9 Азия-Тыныш океаны үлкеси еллери), Батыста (Туркия ҳәм оннан арман қарай Европаға) сыртқы саўда байланысларының өсиўине мүмкиншилик береди.
ТРАСЕКА жойбарын әмелге асырыў теңиз, темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары жүклерин комплексли раўажландырыўды нәзерде тутады. Ҳәзирги ўақытқа шекем иске түсирилген жоллар тармағының узынлығы 130 мың км. ге жетти, ал жойбарды әмелге асырыўда 31 мәмлекет қатнаспақта. Бүгинги күни Қытай, Орайлық Азия, Қубла Кавказ, Иран ҳәм Туркия темир жоллары бир транспорт системасына айланбақта.
«ТАСИС» бағдарламасы көлеминде Европа Аўқамының техникалық жәрдемин әмелге асырыў арқалы «ТРАСЕКА» жойбарын жүзеге шығарыў Өзбекстанды коммуникация ҳәм транспорт пенен тәмийинлеўдеги қыйыншылықларды сапластырыўда келешеги жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Бул жойбар Орайлық Азия мәмлекетлерин, Азербайжан, Грузия аймағы арқалы Қара теңиз портларына алып баратуғын Транскавказ магистралын қәлиплестириўди нәзерде тутады.
Өзбекстан темир жоллар қурылысында қатнасыў менен бирге Қытай ҳәм Пакистанға алып баратуғын Андижан-Ош-Эргаштам-Қашқар, сондай ақ Бухара-Серахс-Мешхед-Тегеран ҳәм Термез-Герат-Кандагар-Карачи автомобиль жолларын қурыў ҳәм қайта ислеўде үлес қосып қатнасыўға да мәпдар болып табылады. Бул жоллар Ҳинд океанына шығыўымызға мүмкиншилик береди. Усы транспорт жолларынан пайдаланыў ЭКО мәмлекетлерине алып баратуғын жолды үш мәртебе қысқартады.
Үстирт кеңислиги арқалы әмелге асырылып атырған «Уллы жипек жолы» бағдарының питкерилиўи менен елимиз арқалы Орта Азияны Европа менен байланыстыратуғын транспорт артериясына негиз салынады. Бул елимиздиң сиясий, социал-экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўына, шет еллер менен байлданыслардың күшейиўине кең мүмкиншиликлер жаратып береди.
Уллы жипек жолында туризмди раўажландырыў кеўил аўдаралық орынларды қорғаўда, тарийхый архитектуралық естеликлерди реконструкция етиўде, экологиялық жағдайды жақсылаўда жәрдем бериўи тийис.
«Бир мәкан, бир жол» басламасында мәмлекетимиз белсене қатнасып келмекте. «Бир мәкан - бир жол» көлеминде жойбардың әмелге асырылыўы көплеген факторлар менен байланыслы. Оның мәмлекетимизде нәтийжели әмелге асырылыўындагы факторлар төмендегилерден ибарат:
Бириншиден, Қытайдан қарыз ҳәм технология алып атырған мәмлекетлерден айрықша итибар менен жумыс алып барыў талап етиледи. Өзбекстан ушын Бир мәкан – бир жол жойбары мәпдарлы болыўы ушын алынып атырған карыз ҳәм инфраструктура жойбарлары қай дәрежеде пайдалы болыўы мүмкин екенлигин орынлы баҳалай билиў талап етиледи.
Екиншиден, админстративлик реформалар қәншелли әмелге асырылыўына қарамастан, СССРдан қалған мийрас – коррупцияласқан ески системаны реформа ислемей турып алынған қарыз қәрежетлерини өзлестирилип, бир бөлими талан-тараж етилип, басқа бөлими нәтийжесиз жумсалып кетиўи анық. Өйткени мәмлекет мүлкине болған бундай мүнәсибет алдыңғы дүзимде «жаксы» қәлиплескен болып, оннан кутылмасақ алға илгерилей алмаймыз.

Download 67.06 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling