Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер
II - бап. Уллы жипек жолын тиклеў бойынша Европа Аўқамының алып барған жумыслары
Download 67,06 Kb.
|
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер
- Bu sahifa navigatsiya:
- 2001 жылы 21 февральда Бакуде ТРАСЕКАның Турақлы Секретариатының офиси рәсмий түрде ашылды.
II - бап. Уллы жипек жолын тиклеў бойынша Европа Аўқамының алып барған жумыслары
Европа Аўқамының ТРАСЕКА жойбары ҳәм оның әҳмийети ТРАСЕКА – бул Европадан Батыс-Шығыс бағдары бойынша, Қара теңизди кесип өтип, Кавказ ҳәм Каспий теңизи арқалы Орайлық Азияға шығатуғын бирден бир евроазия транспорт коридоры жойбары болып табылады. Ол халықаралық дүзилмелер, биринши гезекте Европа Аўқамы тәрепинен әдеўир финанс, шөлкемлестириў ҳәм техникалық қоллап куўатлаўға ийе болды. Европа Аўқамының ТРАСЕКА жойбарын ҳәр жылы финанс пенен тәмийинлеўи 9-11 млн евроны қурайды. ТРАСЕКА қатнасыўшылары (Азербайжан, Армения, Болгария, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Молдавия, Румыния, Тажикстан, Түркменстан, Түркия, Өзбекстан, Украйна) өзлериниң геосиясий ҳәм экономикалық мүмкиншиликлерин әмелге асырыўды транспорт-коммуникация тармақларының раўажланыўы менен байланыстырады. «ТРАСЕКА» бағдарын әмелге асырыў дүнья еллерин бир бирине жақынластырыў менен бирге, дүнья еллери арасында экономикалық ҳәм мәдений бирликти ҳәм жер жүзилик тынышлықты тәмийинлеўге хызмет етеди5. ТРАСЕКА бағдарламасына биринши рет 1993 жылы майда Брюсселде 8 мәмлекеттиң: Азербайжан, Армения, Грузия, Казақстан, Қырғызстан, Тажикстан, Түркменистан ҳәм Өзбекстан саўда ҳәм транпорт минстрлеринин қатнасыўында өткизилген конференцияда тийкар салынды. Конференция қатнасыўшылары тәрепинен Брюссель Декларациясы кабыл етилип, ол «ТРАСЕКА»ға техникалық жәрдем бериў бағдарламасын әмелге асырыўға баслама салып берди. Бул бағдарлама Европадан Қара теңиз, Кавказ, Каспий теңизи арқалы Орайлық Азия еллерине шығатуғын транспорт коридорын раўажландырыў ушын Еаропа Аўқамы тәрепинен қәрежет пенен тәмийинленди6. XX әсирдиң 90 жылларына келип Каспий аймағында сиясий жағдайдың өзгериўи нәтийжесинде Азербайжан, Қазакстан ҳәм Түркменстан сыяқлы жаңа суверен мәмлекетлер жүзеге келди. Бул болса Каспий теңизинен транспорт мәқсетлеринде пайдаланыў бойынша Орайлық Азия менен Европа мәмлекетлерин байланыстырыўшы алтернатив жойбарлардың пайда болыўына имканият жаратты. Бундай жағдайда Каспий аймағында жайласқан мәмлекетлерди еки бөлекке ажыратыў мүмкин: тиккелей Каспий бойы мәмлекетлерин өз ишине алады. Каспий бойы мәмлекетлери менен шегаралас ҳәм әҳмийетли транспорт жолларында жайласқан Түркия, Грузия, Армения ҳәм Өзбекстан мәмлекетлери аймағын өз ишине алады. Бул тәрептен Каспий теңизиниң әҳмийети тарийхта бар болған Европаны Шығыс пенен байланыстырған «Уллы жипек жолы»нын бир бөлими сыпатында көзге тасланады7. Европа Аўқамы Орайлық Азия мәмлекетлери менен мүнәсибет орнатыўда стратегиялық қолайлы болған Каспий теңизинен пайдаланыўды мәқсет етип қойған. Буны Европа Аўқамы тәрепинен Каспий бойы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында иске түсирилген ТРАСЕКА (транспорт) бағдарламасы мысалында көриў мүмкин8. 1996-1998 жыллары бағдарламаға Украина, Монголия ҳәм Молдавия қосылды. 2000 жылы мартта Тбилиси қаласында Ҳүкиметлер аралық Комиссияға Болгария, Румыния ҳәм Түркия рәсмий түрде Европа Комиссиясына ТРАСЕКА бағдарламасына қосылыў усынысы менен шықты ҳәм халықаралық транспортта «Европв – Кавказ - Азия» коридорын раўажландырыў бойынша тийкарғы көп тәреплеме келисимниң қатнасыўшыларына айланды. 2009 жылы июльде ТРАСЕКАға Иран ислам Республикасы қосылды. ТРАСЕКА бағдарламасының тийкарғы мәқсетлери болып: - Транссибирь арқа бағдарына алтернатив болған транспорт бөлегин раўажландырыў ушын механизмлер жаратыў; - Қатнасыўшы мәмлекетлердиң сиясий ҳәм экономикалық ғәрезсизлигин қоллап – қуўатлаў ҳәм басқалар; - ТРАСЕКА бөлегин келешекте Европа транспорт тармағына (TEN) қосыў9. ТРАСЕКА жойбарын әмелге асырыў теңиз, темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары жүклерин комплексли раўажландырыўды нәзерде тутады. Ҳәзирги ўақытқа шекем иске түсирилген жоллар тармағының узынлығы 130 мың км. ге жетти, ал жойбарды әмелге асырыўда 31 мәмлекет қатнаспақта. Бүгинги күни Қытай, Орайлық Азия, Қубла Кавказ, Иран ҳәм Туркия темир жоллары бир транспорт системасына айланбақта. 1997 жылы апрельде Европа Аўқамы Тбилисиде конференция шөлкемлестирди. Оның жумысына Қара теңиз Экономикалық Бирге ислесиў шөлкеми ҳәм ТРАСЕКА бағдарламасына киретугын ҒМДА еллери қатнасты. Конференцияда 16 елдиң қатнасыўшылары ТРАСЕКА ҳәм Қара теңиз еллериниң Транс-Европа тармақларына қосылыў тилегин билдирди. Айырым еллер (Болгария, Румыния ҳәм Украина) Серахс келисимине қосылыў нийетин жәрия етти. Бундай келисим Азербайжан, Грузия, Түркменстан ҳәм Өзбекстан арасында дүзилди. Оның мәқсети транспорт тараўында улыўма сиясатты орнатыў болды. 1998 жылы 8 сентябрьде Баку қаласында «ТРАСЕКА – Тарийхый Жипек Жолын Тиклеў» атамасында халықаралық конференция өткизилди. Конференцияда Азербайжан, Болгария, Грузия, Қырғызстан, Молдавия, Румыния, Түркия, Өзбекстан ҳәм Украина Президентлери, ҳүкимет басшылары, транспорт министрликлери ҳәм 32 елден экспертлер, сондай-ақ Европа Комиссиясының ўәкиллери, 12 халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты. Оның ең әҳмийетли жуўмағы соннан ибарат болды, «Европа-Кавказ-Азия» коридорын раўажландырыў ҳәм халықаралық темир жол транспорты, халықаралық кеме саўдасы, халықаралық автомобиль транспорты, бажыхана маселери ҳәм басқалар бойынша келисимлерге қол қойылды.2001 жылы 21 февральда Бакуде ТРАСЕКАның Турақлы Секретариатының офиси рәсмий түрде ашылды.2002 жылы 24-25 апрель күнлери ТРАСЕКАның ҳәр жылы болып өтетуғын конференциясы Өзбекстан Республикасының пайтахты Ташкент каласында болып өтти. Конференцияда Болгария, Румыния ҳәм Түркия ТРАСЕКА бағдарламасының толық тең ҳуқықлы қатнасыўшысы дәрежесин влганлығы ҳақкында хабар қабыл етилди.Европа-Кавказ-Азия (ТРАСЕКА) халықаралық транспорт коридоры транспорт системасына 13 қатнасыўшы елди, сондай-ақ бақлаўшы-еллерди өз ишине алады. Олар Шығыс-Батыс бағдарында халықаралық транспортты буннан былай раўажландырыў идеясы әтирапында бирлескен10. Соңғы жыллары ТРАСЕКАда транспорт тараўында бирге ислесиўди орайластырыўдың ҳакыйкый механизми қәлиплести.
|
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2025
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling