Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер
«Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы» бағдарламасының қабыл етилиўи ҳәм оның әҳмийети
Download 67.06 Kb.
|
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер
2.2.«Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы» бағдарламасының қабыл етилиўи ҳәм оның әҳмийети
1988 жылы ЮНЕСКО 10 жылға арналған "Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы кең көлемли изертлеў» жойбарын мақуллады. Бул жойбар әййемги бағдарлар, Шығыс ҳәм Батыс арасында мәдений байланыслардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы, Евразия континентинде жасайтуғын миллетлер арасында мүнәсибетлердиң жақсыланыўы тарийхын кең көлемли ҳәм толық үйрениўге бағашланған12. ЮНЕСКОның «Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы» бағдарламасын әмелге асырыўы илимий изертлеўлерди тезлетти ҳәм XX әсирдиң соңғы шереги – XXI әсирдиң басында Уллы жипек жолын изертлеўшилердиң халықаралық бирге ислесиўине баслама салып берди. «Уллы жипек жолы – бирге ислесиў жолы» бағдарламасының биринши басқышында экспедициялар барысында, тийкарынан, материалларды топлаў ҳәм мағлыўматларды қайта ислеў (1994 жылға шекем) ислери алып барылған болса, екинши басқышында Жипек жолының тарийхый-мәдений мийрасларын изертлеў ҳәм сақлаў бойынша ЮНЕСКОның айқын жойбарларын турмысқа енгизиўге бағдарланған әмелий жумыслар басланды. Бул басқыш тиллер, жазба дереклер, археологиялық естеликлер, Жипек жолының кәрўан сарайларын үйрениўге бойынша кең көлемли хызметлер менен көзге тасланады. Айырым комплексли халықаралық археологиялық экспедициялар шөлкемлестрилди, естеликлерди қорғаў ҳәм реставрация етиў, ашық аспан астында музейлер дүзиў, умытылған өнерментшиликти (керамика, тоқымашылық, самарқанд қағазы ҳ.б.) қайта тиклеў бойынша жумыслар басланды. Жипек жолы өткен мәмлекетлерде тарийхый-мәдений туризмге, фольклор топарларын ҳәм ансамбллерди раўажландырыўға үлкен итибар бериле баслады13. 3000-жыллықтың басында адамзат бирге ислесиўдиң жаңа жолларын излеў зәрүрлигин аңлай баслады. Уллы жипек жолын қайта тиклеў ҳәм изертлеў бағдарламасы көлеминде бир топар алымлар Қытайда болып қайтты (2000-жыл). Бул хызмет сапары барысында «Жипек жолы ҳаққында ҳақыйқатлық» хүжжетли фильм түсирилди. Оған Сиань, Ланьчжоу, Дуньхуан, Урумич, Тарфан, Кашгар қалаларындағы изертлеўлер материал ретинде хызмет етти. 2001 жылы бундай зкспедициялар Уллы жипек жолы бойларында жайласқан Орта Азия қалалары бойынша өткерилди. Уллы жипек жолы көплеген әсирлер даўамында ҳәр қыйлы халықлардың жақынласыўына, идеялар ҳәм билимлер алмасыўына, тиллер ҳәм мәдениятлардың бир-бирин байытыўына хызмет етти. Әлбетте сол алыс дәўирлерде сиясий жәнжеллер болып турды, урыслар келип шықты, бирақ Уллы жипек бәрқулла қайта тикленди. Бирге ислесиўге ҳәм жоқары абадан турмысқа умтылыў сиясий ҳәм диний қарама-қарсылықлардан бәрқулла жоқары турды. Сонлықтан келешектеги халықлардың өз-ара қарым-қатнасықлары ҳәм бирге ислесиў моделин дүзгенде бул исенимли мысалды пайдаланыў зәрүр. Уллы жипек жолының тарийхы-бул Шығыс ҳәм Батыс халықлары арасында кең түрде мәдений алмасыўлар ҳәм пайдалы қарым-қатнасықлардың тарийхы. Ол тек тығыз бирге ислесиў ҳәм мәдений байланыслар тынышлықтың ҳәм пүткил адамзаттың келешек раўажланыўының тийкары болып табылады. XXI әсир басында Орайлық Азияға сиясий қызығыўшылық күшеймекте. Үлке энергетикалық ҳәм басқа тәбийғый байлықлар менен тәмийинленген, өндиристиң жоқары пәт пенен раўажланыўы ҳәм экспорт потенциалының жоқарылығы, демографиялық турақлылығы избе-из өсип бармақта. Сонлықтан Орайлық Азия үлкеси АҚШ, Европа Аўқамы, Россия, Қытай, Қубла Шыгыс Азия ҳәм Ислам дүньясының итибарында болып, ҳәр қыйлы сиясий мәплер соқлығыспақта. Бир тәрептен Европаға ҳәм екинши тәрептен Япония ҳәм Қубла Кореяға барып тақалатуғын Уллы жипек жолы өзиниң экономикалық потенциалына тең болған раўажланыўды тәмийинлейтуғын халықаралық жойбар есапланады. Экспертлердиң есаплаўынша, улыўма ишки жалпы өним бул мәмлекетлерде адам басына 20 мың АҚШ долларын қурайды. Батыс ҳәм Шығыс арасында жайласқан Уллы жипек жолының орайлық бөлимин қураўшы бес Орайлық Азияның ғәрезсиз мәмлекетлери ҳәм Қубла Кавказ халқының турмыс дәрежеси Қубла Корея, Япония ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери турмыс дәрежесинен дерлик 10 есе төмен. Батыс ҳәм Шығысты байланыстырыўшы трансконтинентал автомобил жолының қайта тиклениўи келешекте Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ халқы, Қубла Корея, Япония ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлери халықларының турмыс абаданлығы арасындағы парықларды жоғалтады, халықаралық саўда-сатық, мәдений байланыслар және де раўажланады, өз-ара интеграциялық тең салмақты тәмийинлейди. Уллы жипек жолының қайта тиклениўи тек ғана Орайлық Азия, Кавказ еллери, Россия, Европа Аўқамы мәмлекетлери ушын ғана емес, ал дүньяның барлық еллериниң мәплерине жуўап береди. Сонлықтан да жер жүзлик жәмәәтшилик тәрепинен онын тиклениўи ҳәм раўажланыўы ушын кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. XX әсир ақырында Уллы жипек жолын тиклеў жумыслары ис жүзинде әмелге асырыла баслады. Евразия континенти еллерин ҳәм ҳәр қыйлы үлкелерди байланыстырыўға бағдарланған транспорт системалары қурылды ҳәм реконструкция исленди. ТРАСЕКА жойбарын әмелге асырыў теңиз, темир жоллар ҳәм автомобиль жоллары жүклерин комплексли раўажландырыўды нәзерде тутады. Ҳәзирги ўақытқа шекем иске түсирилген жоллар тармағының узынлығы 130 мың км. ге жетти, ал жойбарды әмелге асырыўда 31 мәмлекет қатнаспақта. Бүгинги күни Қытай, Орайлық Азия, Қубла Кавказ, Иран ҳәм Туркия темир жоллары бир транспорт системасына айланбақта14.. «Шығыс-Батыс» ҳәм «Арқа-Қубла» коридорларыў қурыў жолы менен ҳәзирги заман транзит евразия транспорт тармағының қәлиплескени ҳаққында айтыўға болады. Ис жүзинде Транссибир магистралы менен бирге, оған қарағанда 2 мың км. қубла тәрептен өтетуғын трансевразия бағдары қурылды. Трансазия магистралын (Пекин-Алмаата-Ташкент – Тегеран-Стамбул ҳәм оннан арман қарай Европаға) қурыў ҳақыйқатқа айланбақта. Автомобиль жоллары, аэропортлар реконструкция исленбекте, газ өткизгишлер реконструкция етилмекте ҳәм ол, әлбетте, экономиканың раўажланыўына ҳәм Жипек жолы еллеринде социаллық қарама-қарсылықтын төменлеўине қолайлы шараятлар жаратып береди. Дүньялық теңиз жолларына қарай автомобиль ҳәм темир жоллар курыў жойбарларын әмелге асырыў мүмкиншилиги, теңиз терминалларына шығыў мәқсетинде Орайлық Азияның транспорт коммуникацияларын раўажландырыў экономикалық мәселеден шешиўши геосиясий машқалаға айланбақта. Бул машқаланың шешилиўине тек үлкемиздиң еллери ғана емес, ал ис жүзинде барлық дүньялық державалар мәпдар болмақта. «Уллы жипек жолы» бағдарламасының жуўмақлаўшы конференциясы 17-жылы Парижде болып өтти. Сондай-ақ бул жерде Азия халықларының ҳәр қыйлы әсирлердеги мәдений жетискенликлерин көрсеткен көргизбе болып өтти. 18-жылы ноябрьде Ташкентте ЮНЕСКОның атқарыў кеңесиниң 155-сессиясын жуўмақлаўшы мәжлиси болып өтти. Өзбекистан республикасы Президенти И.А.Каримов тарийхый еслеўди қайта тиклеўди қоллап қуўатлағаны ушын ЮНЕСКО басшыларына миннетдаршылық билдирди ҳәм бунда былай деп атап өтти. «ЮНЕСКОның «Уллы жипек жолықарым-қатнасықлар жолы» бағдарламасының жуўмағы Самарқандта Орайлық Азияны изертлеў халықаралық институтының дүзилиўине алып келди, ол Орайлық Азияның цивилизациялар тарийхын үйрениўге өз үлесин қосыўы тийис...». Уллы жипек жолы бағдарлары бойынша саяхат етиў бул үлкеде жасайтуғын халықлар дөреткен бийбаҳа мийраслар менен байланыста болыў мүмкиншилигин инам етеди. Уллы жипек жолының әпсаналы трансконтиненталь саўда магистраллары бағдарлары - бир неше мәрте елдиң аймақлары менен кесилискен. Ҳәзирге шекем Уллы жипек жолы бойынша Европа ҳәм Азияны бирлестиретуғын бирден бир туристлик бағдарды қалиплестириў әмелге асырылмаған. Көплеген еллер өзиниң аймағындағы бағдарларды ҳәм тарийхый орынларды қайта тиклеўге ҳәрекет етпекте. Уллы жипек жолының раўажланыўында Туркия үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзир ол Уллы жипек жолын раўажландырыў бойынша бир қанша бағдарламаларда: магистралды пайда етиўде, сондай-ақ Уллы жипек жолы бойынша бағдарларды ислеп шығыўда қатнаспақта. Өзбекстанда саўда ҳәм мәденият раўажланған Орта Азия орайы болған әмир Темур империясы дәўирине тийисли реликвиялар жақсы сакланып келмекте. Ҳәзирги Өзбекстан қалалары, соның ишинде Самарқанд, Бухара, Хийўа, Шахрисабз ҳәм Ташкент Батыстың коз қарасында шығыстың гөззаллығы ҳәм жасырылған сыры сыпатында қаралып келинбекте15. Бүгинги күни Қытайда туризм бойынша министрлик, басқа да көплеген туристлик ҳәм транспортлық шөлкемлер Уллы жипек жолы бойынша бир неше тарийхый-туристлик бағдарларды қайта тикледи. Қытайда туристлик объектлерди, бағдарларды ҳәм инфрадүзилмелерди қайта тиклеўге үлкен итибар берилмекте, өйткени бул Уллы жипек жолының басланған жери болып табылады16. Соңғы он жыллықларда Дүнья жүзилик туристлик шөлкеми Уллы жипек жолы бағдарлары бойынша туризмди усыныўда ҳәм раўажландырыўда көп мийнет иследи. Халықаралық форумлар, ярмаркалар ҳәм конференциялар шөлкемлестирилди, онда туризм индустриясының көплеген ўәкиллери қатнасты, баспада материаллар жәрияланды. Бул тараўда маркетинг стратегиясына үлкен итибар берилди. Әййемги жипек жолын қайта тиклеўге қызыққан барлық еллер ҳәм жеке инсанларды бирлестириў ушын 1994 жылы Дүнья жүзилик туристлик шөлкеми ЮНЕСКО менен биргеликте Өзбекстанда биринши «Уллы жипек жолы» халықаралық мажилисин шақырды. Конференцияның жумысында қатнасқан барлық он тоғыз мәмлекет «Самарқанд – Уллы жипек жолы бойынша туризм» декларация жойбарын қабыл етти. Бул жойбар көплеген еллер ҳәм халықаралық шөлкемлер тәрепинен қоллап қуўатланды. Ҳәзирги ўақытта туризм индустриясы ҳақыйқатында үлкен потенциалға ийе ҳәм ол көплеген басқа тараўлардың келешек раўажланыўы ушын өз үлесин қоспақта. Туризм басқа бағдарларға қарағанда экономикалық кризислерге жүдә шыдамлы. Оның тийкарында адамлардың қоршаған орталық ҳаққында көбирек билиўге умтылыўшылығы жатады. Уллы жипек жолы туристлик өним ретинде өзгешеликлерге ийе, бул оны басқа әпиўайы бағдарлардан ажыратып турады. Мәселен, классикалық тур бир мәмлекетке саяхатты назерде тутады. Уллы жипек жолы бойынша тур транснациональ бағдар болып, саяхатшыларға бир неше мәмлекетлерге барыў, сондай-ақ әййемги мәденият ҳәм заманагөй турмыс пенен танысыў, классикалық экскурцияға қарағанда көбирек мағлыўмат ҳәм тәсирлер алыў мүмкиншилигин береди. Download 67.06 Kb. Do'stlaringiz bilan baham: |
ma'muriyatiga murojaat qiling