Ҳǝзирги дǝўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халық аралық бирге ислесиўлер


Изертлеў нәтийжелериниң илимий ҳәм әмелий әҳмийети


Download 67.06 Kb.
bet2/8
Sana17.06.2023
Hajmi67.06 Kb.
#1522788
1   2   3   4   5   6   7   8
Bog'liq
Ҳәзирги дәўирде Жипек жолын тиклеў бойынша халықаралық бирге ислесиўлер

Изертлеў нәтийжелериниң илимий ҳәм әмелий әҳмийети. Кең көлемли фактлық мағлыўматларды есапқа алыў, жаңа методологиялық қатнаслар негизинде трансконтинентал жоллардың бойында жайласқан халықлардың үрп-әдетлерин ҳәм дәстүрлерин, миллий қадриятларын үгит нәсият етиўде ҳәм өз-ара алмасыўда Уллы жипек жолының тутқан орнын анықлаў, оны қайта қайта тиклеў менен байланыслы актуал мәселелер ҳәр тәреплеме үйренилди.
Изертлеўдиң мәқсет ҳәм ўазыйпалары. Бул жумыстың тийкарғы мақсети Уллы жипек жолының трансконтинентал жол сыпатында изертлениў тарийхын анализ етиў, Евразия континенти кеңлигинде адамзатты байланыстырыўда орнын ашып бериў, оны қайта тиклеў бойынша илажларда Европа еллери, Орайлық Азия,, соның ишинде Өзбекстаннын қатнасыўын комплексли изертлеў болып табылады.
Изертлеў методлары: Материалларды системаластырыў, комплексли кең көлемли қатнас, тарийхый-салыстырыў анализи ҳәм хронологиялық метод, тарийхыйлық, объективлик принципи ҳәм жаңа Өзбекстан тарийхын жаратыўдың концепциясы.
Курс жумысымыздын курылыс: Курс жумысмыздын колеми 33 беттен ибарат Times New Roman шрифтинда 1.5 интервал аралыгында терилди.
Жумыстын курылыс Кирисиў, Тийкаргы болим , Жуўмақлаў , Пайдаланған әдебиятлар болимлерден ибарат.
I бап. Уллы жипек жолын қайта тиклеў мәселесиниң көтерилиўи ҳәм халық аралық бирге ислесиўлер


1.Уллы жипек жолын қайта тиклеў идеясыың пайда болыўы, оның әҳмийети
Шығыс ҳәм Батыс еллерин әсирлер даўамында бир-бири менен байланыстырып келген Уллы жипек жолы XVI әсирден баслап өзиниң әҳмийетин жойыта баслағаны мәлим. Деген менен XVII – XIX әсирлерде кәрўан жоллары бойынша Орта Азия ханлықлары ҳәм Шығыс еллери арасында саўда байланыслары азы-кем дәўам етип турды.
Патша Россиясының Орта Азияны басып алыўы жипек жолы бойынша Россия-Қытай саўда қатнасықларына әдеўир иркиниш болды.
 жылы Или оазисинин тийкарғы бөлеги Қытайға қайтарып берилгеннен кейин, Қытай-Россия саўдасы және қайтадан раўажлана баслады. Бул байланыслар Октябрь аўдарыспағынан соң иркинишке түсти.2
1920-шы жыллары Шығыс Түркстаннан өтетуғын Рус-Қытай мүнәсибетлериниң тиклениўи Жипек жолында және жанланыў пайда етти. Усы мүнәсибет себепли жергиликли өнимлерге талап күшейе баслады. Нәтийжеде саўда жолында өнерментшилик раўажланып, киши-киши фабрика ҳәм кәрханалар қурылып, ишки базарды раўажландырыўға имканият туўылды. Бай саўдагерлер шийки зат ҳәм жергиликли өнерментшилик товарларын Қытай ҳәм Россияда сатыўды баслады. Тилекке қарсы, бул қайта тикленген саўда байланыслары узаққа созылмады. «Октябрь аўдарыспағы»нан соң бурынғы кеңес ҳәкимиятында жеке меншиктиң жоқ етилиўи менен ески саўда жолының әҳмийети түптен өзгерди. Жаңа пайда болған кеңес ҳәкимияты Батыс Туркстан аймағын өзиниң шийки зат базасына айландырыўға урынды ҳәм буған еристи.3
0 жылларда Шығыс Түркстанда миллий азатлық гүресиниң басланып кетиўи «Жипек жолы»нда және шешиўши сиясий өзгерислерге себеп болды. Соның ишинде зиялылар менен бирге бай саўдагерлердиң қырғынға ушыраўы азғана раўажланыўға жол тутқан саўда қатнасықларын жоққа шығарды. Қытайдан алып келинетуғын чай қысқарғанлығы ушын Орта Азияға чай Ҳиндстаннан алып келине баслады. Түркстан Батыс ҳәм Шығыс Туркстанға бөлингенлиги ҳәм Қытай менен саўданың тоқтатылғанлығы ушын Орта Азия базарлары тек Россияға байланыслы болып қалды. Усы ўақытта Россиядан санаат товарлары алып келинип, шийки зат алып кетилгенлиги ушын Орта Азияда өнерментшилик түскинликке ушырап, халық тийкарынан дийханшылық пенен шуғылланды.  жылы Қытай Халық Республикасы дүзилгеннен кейин совет ҳүкимети менен саўда даўам еткен болса да 0-шы жыллары Совет-Қытай мүнәсибетлериниң жаманласыўы нәтийжесинде қысқарды.
 жылдан баслап Қытайдағы экономикалық реформалар нәтийжесинде 0-ши жыллардың орталарына келип, Түркстаннан өтетуғын әййемги кәрўан жолында және саўда мүәсибетлеринде жанланыў пайда болды.
1990 жыллардан баслап қалиплескен сиясий жағдай әййемги Жипек жолын қайта тиклеў ҳаққында идеяның пайда болыўына шараятлар жаратып берди. Деген менен оның әмелге асырылыўына Орайлық Азияның айырым еллеринде, әсиресе Афганстандағы унасыз факторлар – тийкарынан турақсыз, кескинлескен жағдай тосқынлық етти.
1992 жылы Достық - Алашанькоу шегара өткелиниң пайдаланыўға берилиўи менен Қытай ҳәм Қазахстан темир жоллары бирлестирилди ҳәм жаңа Трансазия темир жол бағдары ушын тийкар болды. Қазахстан аймағы арқалы (Транссибирь менен бирге) ортаазия бағдарында жүклерди тасыўда теңиз транспортына альтернатив бағдар менен тәмийинленди.
 жылы Қазақстан - Қытай темир жол қатнасы басланды. Енди Кашгар-Андижан әййемги кәрўан жолының ашылыўына дәслепки қәдемлер қойылды. Бул жоллар Қытай ушын ғана әҳмийетли болып қалмастан, жас ғәрезсиз Өзбекстанның өз қәддин тиклеп алыўы ушын да әҳмийетке ийе болды. Өйткени бул жол арқалы Өзбекстан өзиниң шийки затлары менен бирге үлкен муғдарда санаат өнимлерин сыртқа шығарыў имканиятына ийе болды. Аўыл хожалығына зәрүрли машиналар, химия санааты өнимлери, тоқымашылық өнимлерин Қытайға жиберип, санаат, азық-аўқат ҳәм тутыныў буйымларына алмастырыў және де кең жолға қойыў имканияты пайда болды.
Орайлық Азияда ғәрезсиз мәмлекетлердиң жүзеге келиўи менен бул әййемги кәрўан жолында экономикалық, социаллық ҳәм мәдений қатнасықлар өз абыройын қайтадан тиклеўге миясар болды. Усы аймақта бир бирине экономикалық жақтан талаптың артып барыўы бул жерлерде миллий санааттың раўажланыўына себеп болып, рухый бирликти жәмлестирип, халықаралық дослықты беккемлеўге хызмет етеди. Әййемги кәрўан жоллары жайласқан Туран жерлериниң раўажланыўы болса, Шығыс пенен Батыс, Арқа менен Қубла ортасындағы дәстүрий дослық қатнасықлардың қайтадан күшейиўи, түркий халықлар мәдениятының өсиўине өз үлеслерин қосыўы шәрт.
Дүньяның төрт тәрепине алып барыўшы жолларға ийе болыў ерте дәўирлерден баслап-ақ мәмлекеттиң раўажланыўының тийкарғы негизи болған. Сонлықтан да XXI әсир басында дүнья жәмәәти өз итибарын ески кәрўан жолларға қаратпақта. Ҳәзирги заман қәнигелери қурғақлықтан өткен «Уллы жипек жолы» ның артықмашлықларын көрсетпекте. Өзбекстан ҳәм оның қатарында басқа Орайлық Азия республикалары ғәрезсизликке ерискеннен соң ертедеги «Уллы жипек жолын» қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў мәселесин ҳәзирги заман глобал мәселелери қатарында ортаға қоймақта.
ХХ әсирдиң ақыры дүнья жүзлик көлемде ҳәм геосиясий әҳмийети жағынан айрықша өзгерислер менен сыпатланады. Дүнья бир пүтин ҳәм бир-бирине байланыслы системаға айланбақта. XXI әсир халық аралық глобалласыў әсири болмақта. Усындай жағдайда Орайлық Азия мәмлекетлериниң интеграциялық процесслерге ҳәм халық аралық бағдарламаларға қатнасыўын кеңейтиў тек ғана тарийхый зәрүрлик болып қалмастан, соның менен бирге турақлылық факторы болып есапланады.
Жәмийеттиң раўажланыўының ең зәрүрли шәртлериниң бири халықлар ҳәм цивилизациялар арасында жетерли хабарларды алмасыў болып есапланады. Мәденияттың жетискенликлери халықлар арасында саўда, жаўлап алыў, көшип-қонысландырыў арқалы тарқаған. Нәтийжеде тарийхый раўажланыўда жаңа өзгерислер жаңа мазмунға ийе болады, жаңа формалар раўажланады.
Бул процессте кәрўан жоллар, соның ишинде әййемги ҳәм орта әсирлерде Қытай, Ҳиндистан, Орта Азия, Орта ҳәм Жақын Шығыс, Жер орта теңизлерин байланыстырған Уллы жипек жолы айрықша роль атқарған.
Уллы жипек жолы эрамыздың басларында пайда болып, 20 әсир даўамында Шығыс ҳәм Батысты байланыстырды, кәрўан жоллар бойлап сиясий, саўда, мәдений қатнасықларды раўажландырды. Грек жылнамашысы Геродот Азов теңизиниң шығыс жағалаўынан Бақтрия, Хорезм ҳәм оннан арман қарай Шығысқа Қытайға барған саўда жолын еслетип өтеди. Әсиресе, Орайлық Азия аймағы кең тармақлы кәрўан жоллардан ибарат болды. Бул үлкени онлағын кәрўан жолы бағдарлары кесип өтти. Мыңлағын жыллар даўамында әҳмийетли этникалық процесслер, мәдениятлардың өз-ара алмасыўы болып өтти, кең көлемли саўда ислери алып барылды, дипломатиялық келисимлер ҳәм әскерий аўқамлар дүзилди. Бул үлкениң халықлары әжайып илим жетискенликлерин, көркем өнер ҳәм мәдениятқа тийисли шығармалар ҳәм өнерментшилик буйымларын тарқатыўда үлкен орын ийелейди. Орайлық Азия халықлары цивилизациясы әййемги дәўирлерден баслап қытай, ҳиндстан, араб, грек цивилизациялары менен қоңсылас болған. Бул жерде дерлик барлық жер жүзлик динлер раўажланған.
Жипек жолының баслы артықмашылықларының бири оған кәрўан жолының бойында жайласқан барлық еллер мәпдар болды. Ол мәмлекетлер арасындағы экономикалық, сиясий ҳәм мәдений қатнасықларды раўажландырды. Усы көз қарастан қарағанда ол халықларды жақынластырды ҳәм мәдениятлар алмасыўында тарийхый миссияны орынлады. Ҳәр бир мәмлекет кәрўан жоллар оның аймағынан өтиўинен мәпдар болды. Уллы жипек жолы әскерий-стратегиялық әҳмийетке ийе болды.
Усы концепция көз қарасынан Уллы жипек жолы дәстүрлерин қайта тиклеў тек Орайлық Азия халықлары ушын ғана емес, ал пүткил дүнья ушын үлкен әҳмийетке ийе.
1970-жылдың ақырында Қытай халық республикасында жүз берген экономикалық реформалардан соң, бул әййемги жолдан пайдаланыў идеясы қайтадан көтерилди.
1990-жылы бурынғы аўқамның басшыларына Японияның Эн-Эйч-Кей корпарациясы усыныс пенен шығып, Уллы жипек жолы бойында жайласқан халықлар ҳаққында фильм алмақшы болды. Олар үш бағдар бойынша жумыс алып барды. Биринши бағдар Өзбекстан ҳәм Тәжикстан шегаралары, Сурхандәрья ҳәм Термез арқалы өтти. Екинши бағдар Андижан, Ферғана, Марғулан, Хамзаабат, Наманган ҳәм Коқан арқалы өтти. Үшинши бағдар Ташкент, Жиззақ, Самарқанд, Қашқадәрья, Бухара, Шафрийкан, Газли, Үргенч, Хийўа, Төрткүл, Беруний, Нөкис, Мойнақ арқалы өтти. Бул япон корпорациясы Орта Азия республикалары  Қырғызстан, Тажикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстан арқалы өткен жипек жолы бойынша материаллар топлады. Оларды бул республикаларда жасайтуғын халықлардың өмири, турмысы, мәденияты яғный ҳәмме турмысы қызықтырды. Олар халықтың үрп-әдетин, дәстүрлерин фильмге түсирип алды.
Буннан соң жипек жолы өткен Орта Азия республикаларына бир неше экспедициялар келди. 188-жылы октябрь-ноябрьде бул республикалар арқалы Америка изертлеўшилери ҳәм алымлары экспедиция шөлкемлестирди. Оларды Орта Азия республикалары халықларының турмысына жипек жолының тәсири қызықтырды.
Уллы жипек жолы адамзаттың тарийхый турмыс процесинде мәденияттан-мәдениятқа ҳәм басқыштан-басқышқа өткенлигиның айқын мысалы болып есапланады. Жипек жолы халықлар тарийхының өзгеше китабы болып, ол халықлардың саўда ҳәм мәдений жақтан бирге ислескенлигин көрсетеди. Ол сондай-ақ халықлардың байланысында бирге ислесиўде ең әжайып усылы саўда, мәденият ҳәм илим жолы екенлигинен гуўалық береди.
Жипек жолының үш мың жыллық тарийхы даналық китабы болып, ол адамзат саўда мәдений жақтан бирге ислескен жағдайда ғана адамзаттың жасайтуғынлығын, жақсылықтың жаманлық үстинен жеңиске ерисетуғынынан гуўалық береди.
Уллы жипек жолының цивилизациялар тарийхында өзгеше орнын есапқа ала отырып ЮНЕСКО халқаралық шөлкеми «Уллы жипек жолы-бирге ислесиў жолы» бағдарламасын қабыл етти. Бағдарламаның тийкарғы идеясы көплеген әсирлер даўамында урыслар менен бирге еллер ҳәм халықлар арасында қарым-қатнасықлар болып өткенлигин, ал бул процессте баслы факторлар Уллы жипек жолы бойынша әмелге асырылған саўда қатнасықлары ҳәм мәдений алмасыўлар екенлигин көрсетиў болып есапланады. Оның орынланыўын ҳәр қыйлы қәнигелерден дүзилген халықаралық топарлар өз қолына алды. Бул бағдарламаның орынланыўында жергиликли ҳәм шет ел дәстүрлерин өз ишине қамтыған естеликлер ҳәм мәдениятқа ийе болған Орайлық Азия республикаларына әҳмийетли орын берилген.
Уллы жипек жолы бойынша бирнеше онлаған илимий семинарлар ҳәм көплеген экспедициялар шөлкемлестирилди. Өткерилген 11 экспедицияның ишинде: «Марко Поло изинен» (187-жыл июнь,август, Стамбул-Пекин), «Теңиз бойынша» (10-жыл 23-октябрь-11-жыл 23-февраль,), «Орайлық Азия республикалары бойынша», Хийўада 11-жылы арнаўлы илимий семинар менен жуўмақланды,»Көшпели мәденият бағдары бойынша экспедиция» (12-жыл июнь-август, Манголия), «Европа жипек жолы» (15-жыл, Стамбул-Лион) ҳәм басқалар.
Уллы жипек жолына бағышланған халықаралық илимий конференциялар ишинде «Орайлық Азияда әййемги ҳәм орта әсирлерде Уллы жипек жолының қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы» (Самарқанд, 1990-жыл октябрь), «Уллы жипек жолы бойындағы мәмлекетлердиң эпослары» (Турку, Финляндия 13-жыл 3-7-июнь), «Уллы жипек жолы бойының тиллери ҳәм жазыўлары» (Кипр, 14-жыл 30-сентябрь-1-октябрь), «Уллы жипек жолын қайта тиклеў: мәдений туризм ҳәм Өзбекстандағы мийрасларды қайта тиклеў» (Бухара, 16-жыл 21-22-февраль) атап өтиўге болады.
Уллы жипек жолы Азия ҳәм Европа халықларының турмысында экономикалық ҳәм сиясий жақтан үлкен әҳмийетке ийе болды. Ол Шығыс ҳәм Батыс арасында өзине тән көпир ўазыйпасын атқарып, соның нәтийжесинде халықлардың саўда ҳәм мәдений байланыслары ҳәм бир бирин байытыў болып өтти. Бул соны дәлиллейди халықлар арасында қарым қатнасықтың ең жақсы усылы саўда, мәденият ҳәм илим жолы болып есапланады. Сонлықтан да ҳәзирги дәўирде XXI әсирдиң басында Уллы жипек жолы дәстүрлерин тиклеў процесси актуаль мәселелердиң бирине айланды. Айрықша атап өтиў зәрүр, бизиң республикамыз бул процесстиң әмелге асыўында әҳмийетли қәдемлер ислемекте, Өзбекстан Бирлескен Милетлер Шөлкеминиң «Бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы саўданы кеңейтиў» бағдарламасын әмелге асырыўда қатнаспақта. Сондай-ақ теңиз портларына шығыўды тәмийинлейтуғын ҳәм Уллы жипек жолын тиклеўге мүмкиншилик беретуғын транспорт коридорларын дүзиў мәселеси ортаға қойылмақта.



Download 67.06 Kb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling