15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы
- сүўрет. Жумыссызларды жумыс пенен бәнтлик хызметине мүрәжет етиўге мәжбүр ететуғын факторлар
Download 0.79 Mb.
|
Miynet
- Bu sahifa navigatsiya:
- 5.4. Жумыссызлық дәрежеси ҳәм оның тийкарғы көрсеткишлери Жумыссызлық дәрежеси
5.5 - сүўрет. Жумыссызларды жумыс пенен бәнтлик хызметине мүрәжет етиўге мәжбүр ететуғын факторлар
Бул факторлардың барлығы мәмлекеттеги ҳақыйқый жумыссызлықты азайтыў тәрепине хызмет етеди. Екинши тәрептен, көбинесе жумыс пенен бәнтлик хызметинде жумыс пенен гүманлы бәнт болмағанлар (реал, бирақ рәсмий емес ислейтуғынлар), ҳәр қандай мағлыўматларды алыўда «актив» болғанлар дизимнен өтеди. Солай етип, жумыссызлық статусын анықлаўда дизимге алыў процесине жантасыў туўры нәтийжелер бермейди. Жумыссызлықты баҳалаўдың басқа усылларын, мәселен, таңлап тексериў ямаса эксперт жуўмақлары тийкарында баҳалаў усылын ислеп шығыў керек. Жумыссызлық дәрежесин баҳалаўдың айтып өтилген кемшиликлерге қарамай, Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық рәсмий көрсеткишлерден пайдаланыў бар болған бирден-бир, тийкарғысы жумыста қоллаў мүмкин болған көрсеткишлер. Бирақ, бул методика Халық-аралық Мийнет Шөлкеми методикасына толық жуўап бермеседе, бундай көрсеткишлер жергиликли өзгешеликлерди есапқа алады ҳәм жумыссызлық машқаласының актуаллық дәрежеси ҳәмде оның динамикасы ҳаққында бир неше түсиник береди. 5.4. Жумыссызлық дәрежеси ҳәм оның тийкарғы көрсеткишлери Жумыссызлық дәрежеси – мийнет базарының ҳәзирги ўақыттағы аўҳалы ҳаққында ҳәм онда белгили ўақыт даўамында жүз берген өзгерислер ҳаққында түсиник беретуғын тийкарғы көрсеткиш болып есапланады. Мийнет потенциалынан пайдаланыўдың социаллық-экономикалық нәтийжелилигиниң асыўы көбирек жумыссызлық дәрежесине байланыслы болып, бул сырт ел ҳәм жергиликли экономикалық әдебиятларда түрли түсиник берилген. Мәселен, япон статистикасында жумыссызлық дәрежесиниң (I) еки усыл әмел етеди: Басқаша көз-қараста болса жумыссызлық нормасы жумыссызлар санын (Jnоr) мийнетке жарамлы халық санына салыстырмалы (А) бөлиў арқалы анықланады: Биринши көз-қараслардың тийкарғы кемшилиги сонда, жумыссызлық нормасының бөлиниўшиси сыпатында барлық жумысшы күшиниң муғдары емес, бәлким жумыс пенен бәнт ислеўшилер саны таңланған. Басқаша көз-қарасларда болса жумыссызлық нормасын характерлеўде мийнетке жарамлы халық саны туўры емес пайдаланылған. Себеби мийнетке жарамлы халықтың барлығы жумыс орынларында талапқа ийе бола бермейди. Бизиңше, жумыссызлық дәрежесин жумыссызлар санын экономикалық актив халық санына бөлиў арқалы анықлаў лазым: Белгили, әмелиятта структуралық факторлардың тәсирин дәўирли факторлардың тәсиринен ажыратыў қыйын болады, соның ушын илим пайдаланатуғын тәрийплер (фрикцион, структуралық, дәўирли жумыссызлық ҳәм жумыссызлықтың басқа түрлери) бир қанша шәртли түске ийе болады. Сондай болса да, бул тәрийплер пайдалы тәризде қолланылыўы мүмкин, мәселен, олардан мийнет базарына тәсир ететуғын узақ мүддетли ҳәм қысқа мүддетли факторларды анықлаў ушын пайдаланса болады. Жумыссызлықты санлы баҳалаў әҳмийетке ийе. Жумыссызлық дәрежеси – мийнет базарының ҳәзирги ўақыттағы аўҳалы ҳаққында ҳәм онда белгили ўақыт даўамында жүз берген өзгерислер ҳаққында түсиник беретуғын тийкарғы көрсеткиш. Download 0.79 Mb. Do'stlaringiz bilan baham: |
Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling
ma'muriyatiga murojaat qiling