15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


-сүўрет. Кәрханалардың өз ҳәрекетин тоқталыўына ямаса банкрот етиўге мәжбүр ететуғын машқалалар дүзилиси


Download 0.79 Mb.
bet109/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   198
Bog'liq
Miynet

5.3-сүўрет. Кәрханалардың өз ҳәрекетин тоқталыўына ямаса банкрот етиўге мәжбүр ететуғын машқалалар дүзилиси


Өз жумыс орнын жоғалтқан ҳәм жумыссызға айланған пуқаралар мийнет базарында жумысшы күши сыпатында көриниўи ҳәм өз мийнетлерин усыныс етиўи Республикада жумысшы күши усынысының оған болған талаптан асып кетиўине алып келеди. Нәтийжеде бул базар қурамалы көринис алып усыныстың қанаатландырылмаўы жүзеге келеди. Бул жағдайлар “рәсмий емес мийнет базары” ҳәм “рәсмий емес тармақта жумыс пенен бәнтлик” түсиниклериниң пайда болыўына себеп болады. Себеби, жумыстан босатылған ҳәм жумыс орнын жоғалтып қойғанлардың көпшилик бөлими қәнигесиз хызметкерлер болып, олар базар экономикасы шараятында жумыс бериўши талабына жуўап бере алмайтуғын еди. Ислеўди қәлеўши қәнигесиз жумысшылар ўақтыншалық ҳәм бир мәртелик жумысларды орынлаў мақсетинде рәсмий емес мийнет базары (мәрдикар базары)н шөлкемлестириўди ҳәм бул базар арқалы ғана өзлерин жумыс пенен тәмийинлеп, мийнет дәраматларына ийе болды. Соның менен бирге аз ғана болсада капиталға ийе болған халық рәсмий емес тәризде исбилерменлик ҳәрекети(базар ҳәм базар әтирапы регионларда алып сатарлық, хызмет көрсетиў, үй цехлары) ямаса жеке жәрдемши хожалығы менен шуғылланыўы арқалы дәрамат таба баслады. Буннан тысқары жоқары муғдардағы мийнет ҳақыға ийе болыў мақсетинде айырым пуқаралар сырт ел мәмлекетлерине жол алады. Бул жағдайлар рәсмий емес тармақта жумыс пенен бәнтликти жүзеге келтирди. Рәсмий емес жумыс пенен бәнтлик болса, пул қаржыларының банктен тысқары айланбасы ҳәмде жасырын экономиканың жүзеге келиўине тәсир етиўши тийкарғы фактор болып есапланады.
Экономиканың рәсмий емес тармағында жумыс пенен бәнт болған халық үлесинде анық емес, ўақтыншалық ҳәм бир мәртелик жумысларды орынлап атырған пуқаралар үлеси жоқары болып, олар тийкарынан басқалардың хожалықларына жәрдемлесиў, үй жумысларын орынлаў, өнимлерди жыйнап-териў ҳәм айырыў (таңлап алыў), үй-жай қурыў ҳәм ремонтлаў, өнимлерди жеткерип бериў, жүклерди тасыў ҳәм түсириў, үй қапталы ҳәм майданларын тазалаў сыяқлы жумысларды әмелге асырады.
Республикада жумыссызлықтың жүзеге келиўи оның салыстырмалы жоқары дәрежеде сақланып турыўы ҳәм халықтың жумыс пенен бәнтлигинде экономиканың рәсмий емес тармағы үлесиниң артып барыўына себеп болған тийкарғы машқалалардан бири сыпатында мәмлекетте жумысшы күшине талап ҳәм усыныстың сапа ҳәм сан жағынан сәйкес келмеўин келтириў мүмкин. Себеби, бүгинги күнде жумыссыз халықтың үлкен бөлегин қәнигесиз хызметкерлер ҳәм мийнет базарына биринши мәрте шығып атырған жаслар қурамақта. Экономика тармақларында жумысшы күшине болған талапты қәнигели ҳәм жумыс тәжирийбесине ийе болған кадрларға болған мүтәжлик қурамақта.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   105   106   107   108   109   110   111   112   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling