15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Download 0.79 Mb.
bet105/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   198
Bog'liq
Miynet

Екинши шәрт – пуқара жумысқа ҳәм мийнет ҳақыға (мийнет дәраматына) ийе болмаўы керек.
Үшинши шәрт – пуқара ислеўге таяр болыўы керек. Пуқараның ислеўге таяр екенлигин, оның жергиликли мийнет органына жумыс излеп рәсмий мүрәжет етиўи, белгиленген мүддетлерде мийнет органында қайтадан дизимнен өтип турыўы ҳәм мийнет органлары тәрепинен усынылған мақул жумысты қабыл етиў жағдайлары тастыйықлайды.
Төртинши шәрт – пуқара барлық тийисли ҳүжжетлерди усынған ҳалда жергиликли мийнет органында жумыс излеўши шахс сыпатында дизимнен өтиўи керек.
Анықламаға қарай, жумыссызлық – бул ислеўди қәлейтуғын мийнетке жарамлы халықтың жумыс пенен бәнт болмаған муғдары болып есапланады.
Сырт ел экономистлери, ҳәтте классиклер ҳәм неоклассиклер де жумыссызлықтың бар болыўын улыўма ҳеш қашан жоққа шығармаған. Буннан тысқары, олар базар экономикасының раўажланыўы дәўирлик характерге ийе болғанлығы ушын да оны базар экономикасы ушын әҳмийетли деп есаплаған: раўажланыў дәўиринде фирмалар мийнет базарынан өзлерине зәрүр болған, кризис дәўиринде шығарып тасланған жумысшы күшин тез табады. Бирақ илим-техниканың раўажланыўына тийкарланған өндиристиң ҳәзирги дәрежеси «мийнеттиң резервтеги бундай армиясын» экономика ушын кем нәтийжелиге айландырады – фирмаларға әпиўайы жумысшы күши емес, бәлким белгиленген сападағы, белгиленген маманлықтағы мийнет керек.
Америкалық экономист Артур Оукен тәбийий емес ямаса дәўирлик жумыссызлықтың унамсыз тәсирине ийе екенлигин математикалық ҳалда дәлийллеп берди. А.Оукен нызамына қарай жумыссызлықтың тәбийий дәрежеси 1%ке асқанда жалпы миллий өним 2,5%ке кемейеди ямаса 2,5% жалпы миллий өним жоқ болады. Демек, сәйкес түрде олардың қатнасы 1:2,5 ке тең. Усы қатнасқа тийкарланып, жоқ етилген жалпы миллий өнимниң абсолют мәнисин анықлаў мүмкин.
Жумыссызлықтың көбейиўи экономиканың өсиў темплерин пәсейтиреди. Соның ушын да потенциал көлемдеги жалпы миллий өним (жалпы миллий өним) ҳақыйқаттағы жалпы миллий өним (жалпы миллий өним)нен үлкен болады, яғный:

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   101   102   103   104   105   106   107   108   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling