15-тема. Халықты социаллық ҚОРҒАЎ системасы


Жалпы миллий өнимиn > жалпы миллий өнимх (5.1)


Download 0.79 Mb.
bet106/198
Sana14.02.2023
Hajmi0.79 Mb.
#1198487
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   198
Bog'liq
Miynet

Жалпы миллий өнимиn > жалпы миллий өнимх (5.1)
Солай етип, жумыссызлықтың тәбийий дәрежеси - бул «нормал» дәўирдеги норматив инфляция ҳәм турақлы өсиў темплери менен анықланған дәреже. Соның ушын, жумыссызлықтың тәбийий дәрежесиниң тәрийпи – бир қанша қурамалы жумыс, себеби бул көрсеткишти есаплап шығыў ушын «нормал ислеўши экономика» моделин жаратыў керек болады.
Пикиримизше, ҳәзирги күнде гәп тәбийий жумыссызлық ҳаққында емес, бәлким оның социаллық дәрежеси, яғный кадрлар көнимсизлиги ҳәм жумыс излеў даўамлылығын да, жумысшы күши демографиялық дүзилиси ҳәм мийнет базарындағы жетиспеўшилик дәрежесин (жумыссызлықтың бос орынлар муғдарына салыстырып) ҳәм социаллық жетиспеўшиликти (танглик) де есапқа алатуғын дәрежеси ҳаққында барыўы керек. Жумыссызлықтың тәбийий дәрежесине қандай анықлама берилмесин, экономика ушын ҳақыйқый машқала массалық «теңсалмақласпаған» ямаса «мәжбүрий» - дәўирлик жумыссызлық есапланады.
XMШ стандартларына қарай, жумыссыз халыққа белгили жасқа жеткен, есабат дәўири даўамында жумыссыз болып, дәрҳәл жумысқа шығыўға таяр болып турған ҳәм активлик пенен жумыс излеп атырған адамлар киритиледи. Солай етип, базар экономикасына өтип атырған мәмлекетлерде жумыссыз статусына ийе болмақшы болған адам төмендеги критерияларға сәйкес келиўи керек:



Жумыссызлық статусы критериялары



5.1-сүўрет. Жумыссызлық статусы критериялары
1. Олар жумыс пенен бәнтлик хызмети мекемелеринде жумыс излеўши сыпатында дизимге алыныўы керек. Өзбекстан шараятында көплеген адамлар ҳақыйқаттан да усындай жумыссызлық статусынан пайдаланбайды.
2. Жумыссыз деп есапланыў ушын адам активлик пенен жумыс излеўи (әдетте, жумыс пенен бәнтлик хызметине мүрәжет етиўден алдын бир-төрт ҳәпте алдын) керек болады. Бизиң реал турмысымызда- буны жумыс пенен бәнтлик хызмети регион орайларының хызметкерлери дизимге алған – усындай регионлар да бар, жумыссызлық бойынша берилетуғын напақа ислеп турған кәрханалардағы орташа мийнет ҳақысынан жоқары, бул әсиресе, ислемей турған кәрханалар ушын сәйкес болып, ҳуждансыз жумыссызлар активлик пенен жумыс излемейди, тек ғана оны излеп атырған есапланады, олар көбинесе дизимге алынбаған дәраматларға да ийе.
3. Жумыссызлар статусы ҳәм жумыссызлық бойынша напақа алыў ҳуқықы тек ғана алдын ислеген адамларға бериледи. Әдетте, даўагер алдыңғы 12 айдан нызамда дизимге алынған үш ай даўамында жумысқа ийе болыўы керек. Бул шәрт социаллық жақтан өзин толық ақлаған болыўы мүмкин емес, себеби егер төрт ай даўамында толық емес жумыс күни ислеген болса, жумыссызлық бойынша напақа алыў ҳуқықына ийе болады, егер еки ай даўамында толық жумыс күни ислеген болса, ол напақа алыў ҳуқықына ийе болмайды. Көплеген батыс мәмлекетлеринде бул шәрт жумыссызлық бойынша напақа алыўшылар санын кемейтиўге күшли тәсир етти.
4. Жумыссызлық ықтыярлы түрде басланбаўы керек. Бул жағдай адамларға өзин жуўапкершиликсиз тутыўға, айрықша себеплерсиз босаўға жол қоймайды, деп есапланады. Бирақ, жумыстан өз ықтыяры менен кетиўи ҳәм жумыстан босаў ортасындағы шегара ҳәмийше анық бола бермейди, себеби адамлардың бир бөлими кәрханадан мәжбүрий кеткенлиги бойынша дизимге алыныўын қәлемейди.
5. Жумыссыз адам өзи ушын жумыс пенен бәнтлик хызмети «сәйкес келеди» деп есаплаған жумысқа жайласыў усынысынан бас тартпаўы керек. «Сәйкес келиўши жумыс» критерияларының объективлиги ҳаққында мәселе жүзеге келеди.
6. Жумыссызлар басқа дәрамат дереклерине ийе болмаўы керек.
7. Жумыссыз адам белгили айлар даўамында жумыссызлық бойынша напақа алып турады, соннан кейин напақаның муғдары кемейтириледи ямаса оны төлеў тоқтатылады.
Жумыссызлық дәрежеси – мийнет базарының ҳәзирги ўақыттағы аўҳалы ҳаққында ҳәм онда белгили ўақыт даўамында жүз берген өзгерислер ҳаққында түсиник беретуғын тийкарғы көрсеткиш есапланады. Дәўирдиң басындағы (ямаса ақыры) аўҳалға қарай тийисли сәнеде жумыссызлық статусына ийе болған адамлар санының (It) усы сәнедеги экономикалық актив халық санына Fat қатнасы сыпатында анықланады.

Download 0.79 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   102   103   104   105   106   107   108   109   ...   198




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©fayllar.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling