V-бап. ЖУМЫССЫЗЛЫҚ: СЕБЕПЛЕРИ, ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ ҲӘМ КЕМЕЙТИЎ ЖОЛЛАРЫ
5.1.Жумыссызлық ҳаққында улыўма түсиник
Жумыссызлық ҳәм оның менен байланыслы машқалалар мийнет базарындағы социаллық мийнет қатнасықларының тийкарғы мазмунын қурайды. Жумыссызлық машқаласын үйрениўден тийкарғы мақсет халықтың жумыс пенен бәнтлигин жақсылаў арқалы өндиристи кеңейтиў ҳәм халық турмыс дәрежесин жәнеде жақсылаўға байланыслы илажлар ислеп шығыўдан ибарат. Жәмийеттеги жумыссызлық дәрежесин пәсейтиў ушын қосымша жумыс орынларын жаратыў, оларды жумысқа түсириў халықтың тәбийий өсиўден арқада қалмаўы керек.
Экономикалық көз-қарастан жумыссызлық дегенде – мийнет күшиниң жумыс орны менен тәмийинленбегенлиги ҳәм нәтийжеде, оның қандайда бир нызамлы дәрамат дерегине ийе болмаўының анық жағдайы түсиниледи. Әдетте, дүнья жүзи мәмлекетлери жумыссызлық түсинигин БМШ, Халық аралық Мийнет Шөлкеми (XMШ), Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў жәмийети талапларына қарай ислеп шығады.
Халық аралық шөлкемлердиң берген тәрийпине муўапық «жумыссыз шахслар» дегенде – жумысқа ийе болмаған, ислеўге таяр ҳәм жумыс излеп атырған пуқаралар түсиниледи. Мине усы тийкарғы шәртлерге әмел еткен ҳалда, түрли мәмлекетлерде пуқараны жумыссыз шахс деп есаплаў ушын қосымша шәртлер талап етиледи.
Өзбекстан Республикасының «Халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық жумыссыз шахс деп, мийнетке қәбилетли (он алты жастан баслап пенсия менен тәмийинлениў ҳуқықын алғанға шекем), жумысқа ҳәм мийнет ҳақыға (мийнет дәраматына) ийе болмаған, жумыс излеўши шахс сыпатында жергиликли мийнет органында дизимге алынған, мийнет етиўге, кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаўдан өтиўге, маманлығын асырыўға таяр мийнетке қәбилетли шахслар есапланады.10
Жумыссыз шахс деп есапланыў ушын төмендеги төрт шәрт бар болыўы керек:
Биринши шәрт – пуқара мийнетке қәбилетли болыўы ҳәм әмелдеги нызам ҳүжжетлерине муўапық пенсия тәмийнаты ҳуқықына ийе болмаўы керек. Ҳуқықый жақтан мийнет етиў қәбилетиниң төмен дәрежеси, Мийнет кодексиниң 77-статьясына муўапық 16 жас деп белгиленген.11
Do'stlaringiz bilan baham: |